Суўық күнлер жақынласқанда үйди жылытыў мақсетинде кондиционерди жаққаннан соң ханада ҳаўаның ығаллығы 10-20 процентке төменлейди ҳәм бул жағдай мурыннан қан кетиўине алып келиўи мүмкин. Бул ҳаққында россиялы медицина илимлери докторы, офтальмолог Сергей Хомяковтың «РИА Новости»ға берген интервьюсинде мәлим етти.

«Көз қызарады, онда басқа зат бардай сезиледи, көзди жумғанда аўырыў сезиледи. Қабақларда қышыў ҳәм азанғы ўақытлары көз қабығында жабысқақ суйықлық пайда болыўы бақланады»,-деди Хомяков.

Шыпакердиң қосымша етиўинше, бундай жағдай мурын силекей қабатында пайда болып, дем алыў қыйынласыўы мурыннан қан кетиўине себеп болады.

«Силекей перделер қурғап қалмаўы ушын хананың ишки температурасын нормалластырыў керек». Оның ушын ең қолайлы температура нольден жоқары 21 дәреже ҳәм салыстырмалы ығаллық 50 проценттен төмен болыўы усыныс етиледи. Бул, әсиресе, үйде жас балалар болғанда әҳмийетли»,-деп ескерткен Хомяков.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги