Президент Шавкат Мирзиёев  20-сентябрь күни билимлендириў, мәденият ҳәм медицина тараўларындағы қурылыс жойбарларының презентациясы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысының быйылғы жыл 23-июньдеги қарарына муўапық «Жаңа Өзбекстан» университетине тийкар салынған еди. Қарарда университет ушын заманагөй оқыў кампусы қурылыўы белгиленген.

Усы мақсетте түркиялы инженерлер менен биргеликте жойбар ислеп шығылған.

Илажда усы жойбардың тийкарғы тәреплери, болажақ имаратта жаратылатуғын шараятлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Презентацияда жаңа китапхана жойбары да көрип шығылды. Бул мәнаўият үйи Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий бағы аймағында қурылады. Оның сыртқы көриниси елимиздеги әййемги естеликлерге үнлес тәризде жойбарластырылған.  Үлкен китап фондын сақлаў, оқыў, мәдений дем алыў, түрли илажлар өткериўге менен байланыслы барлық мәселелер инабатқа алынған.

Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 14-май күни Республикалық онкология ҳәм радиология медицина орайына барып, шараятларды көзден өткерген еди. Бул орай ушын жаңа имарат қурыў ўазыйпасы қойылып, Ташкент медицина академиясы клиникасы аймағынан жер ажыратылды.

Сырт ел медицина мәкемелериниң алдынғы тәжирийбеси, шыпакер ҳәм наўқаслар ушын барлық шараятлар есапқа алынып, жойбар ислеп шығылды.

Жаңа имарат  10 қабат болып, биринши қабатта мәсләҳәт поликлиникасы ҳәм қабыллаў бөлими жайласады. Жоқарғы қабатларда  650 станционарлық ҳәм  100 амбулаторлық орынға ийе емлеў бөлимлери болады. Сондай-ақ, бул жерде Ташкент медицина академиясы, Ташкент врачлар қәнигелигин арттырыў институты  кафедралары, магистратура, ординатура ушын да шараятлар жаратылады.

Имараттың 3 қабатлы жер асты бөлегинде радиология ҳәм нур терапия бөлимлери, заманагөй компьютер томографиясы, магнит резонанс томографиясы, санлы рентген үскенелери ҳәм басқа да заманагөй диагностика бөлимлери жайластырылады.

Мәмлекетимиз басшысы қурылысларды халықаралық стандартлар тийкарында, сапалы әмелге асырыў, имаратларға хызмет көрсететуғын техникалық хызметкерлерди ҳәзирги ўақыттан баслап таярлап барыў бойынша көрсетпелер берди.

 

ӨзА