Тәжикстан пайтахты Душанбе қаласында 17-сентябрь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң юбилей мәжилиси болып өтти.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Рахмонның басшылығында өткен мәжилисте ШБШға ағза мәмлекетлердиң жетекшилери – Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Ҳиндстан Республикасының Бас министри Нарендра Моди, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым Жомарт-Тоқаев, Қытай Халық Республикасының баслығы Си Цзиньпин, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имрон Хон ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин қатнасты.

Шөлкем жанындағы бақлаўшы мәмлекетлерден Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Иран Рсепубликасы Президенти Ибраҳим Раисий ҳәм Монғолия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух, ҳүрметли мийман сыпатында Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухамедов қатнасты.

Сондай-ақ, илажда Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми,  Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Коллективлик қәўипсизлик ҳаққындағы шәртнама шөлкеми, Евразия экономикалық аўқамы, Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес ҳәм Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми атқарыў уйымларының басшылары қатнасты.

Саммиттиң күн тәртибине муўапық, ШБШның өткен 20 жылдағы жумысының тийкарғы жуўмақлары және көп қырлы бирге ислесиўдиң перспективадағы әҳмийетли ўазыйпалары додаланды. Глобал ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгинги халықаралық қатнасықларда Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң роли артып атырғанын атап өтти.

– Өткен дәўирде ШБШ халықаралық сиясаттың әҳмийетли субъектине айланды, абырайлы халықаралық структуралардың қатарында мүнәсип орын ийеледи. «Шанхай руўхы» принциплери тийкарында регионаллық шериклик беккемленип бармақта. Жаңа қәўип-қәтерлерге гүресиў бағдарындағы улыўма потенциал артып бармақта, экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўимиз кеңеймекте – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы қатнасыўшылардың итибарын ШБШ күн тәртибинде турған әҳмийетли мәселелерге қаратты және оларды шешиў бойынша анық усынысларды алға қойды.

– Бүгин ҳәммемиз дүньяда ҳәм регионда кескинлик артып атырғанының гүўасы болып турыппыз. Пандемияның унамсыз ақыбетлери сақланып қалмақта. Булардың ҳәммеси бизден шөлкемимиз шеңберинде және де бирлесиўимизди ҳәм бир-биримизди қоллап-қуўатлаўымызды талап етпекте, – деди Президентимиз.

Өзбекстан жетекшиси улыўма қәўип-қәтерлер ҳәм қарама-қарсылықларға өз ўақтында ҳәм биргеликте жуўап қайтарыў, регионаллық экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, ШБШ мәканында дослықты беккемлеў ҳәм мәдений гуманитарлық қатнасықларды кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Аўғанстанда пайда болып атырған жағдайдан қәўетер де екенлиги билдирилди. Мәмлекеттиң жаңа ҳәкимияты менен байланысты раўажландырыўдың анық принциплери усыныс етилди. Мәмлекетлик басқарыўда Аўған жәмийетиниң барлық қатламынан сиясий ўәкиллер болыўы, инсан, атап айтқанда, ҳаял-қызлар және миллий азшылықлардың ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етилиўи усылардың қатарына киреди.

Бул бағдардағы ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм Аўғанстандағы жағдайды сиясий жол менен шешиў мәселелерин кеңнен додалаў мақсетинде Президентимиз бақлаўшы мәмлекетлер ҳәм сөйлесиў бойынша шериклерди тартқан ҳалда «ШБШ-Аўғанстан» форматында жоқары дәрежедеги ушырасыўларды турақлы өткериў усынысын билдирди. Биринши усындай ушырасыўды Ташкентте өткериў мүмкин екенлиги атап өтилди.

2021-2022-жылларда ШБШға Өзбекстан Республикасы басшылық ететуғынын инабатқа алып, мәмлекетимиз басшысы шөлкемниң келеси дәўирдеги тийкарғы бағдарлары ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.

ШБШ шеңберинде көп қырлы шерикликти және де кеңейтиў мақсетинде шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында Узақ мүддетли жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнаманы әмелге асырыў бойынша 2023-2027-жылларға мөлшерленген комплексли бағдарламаны таярлаў ҳәм қабыл етиў усынысы билдирилди.

Өзбекстан Президенти саўда тосқынлықларын сапластырыў, техникалық регламентлерди жақынластырыў, бажыхана тәртип-қағыйдаларын санластырыў және өз-ара базарларға шығыўды жеңиллетиўди нәзерде тутатуғын Регион ишиндеги саўданы раўажландырыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлердиң режесин ислеп шығыў басламасын алға қойды.

Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң бизнес жәмийетлериниң ўәкиллери арасындағы исбилерменлик байланысларын хошаметлеў мәселелерин ҳәр тәреплеме көрип шығыў ушын келеси жылда Өзбекстанда ШБШ Экономикалық форумы ҳәм Санаат жаңалықларының ҳәптелигин өткериў режелестирилмекте.

ШБШ санаат кооперациясы бағдарламасын тез пурсатта қабыл етиў ҳәм ағза мәмлекетлердиң аймағында индустриялық кооперация орайларын шөлкемлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өзбекстан жетекшиси транспорт байланыслылығын раўажландырыў бойынша ШБШ стратегиясының қабыл етилиўи мәмлекетлеримиздиң транзит потенциалын толық иске қосыў және «Шығыс-Батыс» ҳәм «Арқа-Қубла» коридорлары системасының нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

– ШБШ мәканында инфраструктуралық раўажланыў бойынша узақ мүддетли бағдарламаны биргеликте таярлаў басламасын алға қоямыз. Оған энергетика, коммуникациялар, «жасыл» раўажланыў тараўларында трансшегаралық жойбарларды киргизиў мүмкин, – деди Шавкат Мирзиёев.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелериниң әҳмийетин есапқа алып, Өзбекстан Президенти бул бағдарда министрлердиң ушырасыўларын ҳәм экспертлердиң мәсләҳәтлесиўлерин турақлы өткериў механизмин енгизиў усынысын алға қойды.

Регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерди жеделлестириў мақсетинде саммит қатнасыўшыларының итибары ШБШ мәканында ишки ислер ҳәм жәмийетлик  қәўипсизлик министрлериниң ушырасыўларын қайта тиклеў әҳмийетли екенине қаратылды.

Сондай-ақ, Шавкат Мирзиёев кибермәкандағы заманагөй қәўип-қәтерлерге мүнәсип жуўап қайтарыў ушын ШБШның мәлимлеме қәўипсизлиги тараўындағы экспертлер форумын шөлкемлестириў басламасы менен шықты.

– Биз «Халық дипломатиясы»нда биргеликте ерисилген нәтийжелерди унамлы баҳалаймыз, – деп сөзин даўам етти Президентимиз. – Биргеликтеги мәдений, илим-билимлендириў, спорт ҳәм басқа да илажларды жеделлестириў мақсетинде «ШБШ Жақсы нийет елшиси» институтының енгизилиўи тәрепдарымыз.

Буннан тысқары, мәмлекетлердиң туризм тараўындағы бирге ислесиўи ҳаққында ҳүкиметлераралық келисимди таярлаў усынысы билдирилди.

Өзбекстан жетекшиси және бир әҳмийетли тема-жуқпалы кеселликлерди профилактика етиў ҳәм емлеў, ковидтен кейинги реабилитация тараўларындағы бирге ислесиў, вакцинация ҳаққындағы сертификатларды өз-ара тән алыў мәселелерине тоқтап өтти.

Сөзиниң жуўмағында Президентимиз ушырасыў қатнасыўшыларын 2022-жыл сентябрь айында Өзбекстанда өтетуғын ШБШның гезектеги саммитине мирәт етти.

Мәжилис жуўмағында ШБШның 20 жыллығы бойынша Душанбе декларациясы қабыл етилди, шөлкем шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди және де раўажландырыўға қаратылған 30 ҳүжжетке қол қойылды.

Буннан тысқары, ШБШ Бас хаткери лаўазымына Чжан Мин ҳәм Регионаллық антитеррорлық структурасы Атқарыў комитети директорлығына Руслан Мирзаевлардың кандидатуралары тастыйықланды.

Алдын хабар етилгениндей, Өзбекстан Президенти Аўғанстандағы жағдай бойынша өткерилген «Шанхай бирге ислесиў шөлкеми – Коллективлик қәўипсизлик ҳаққындағы шәртнама шөлкеми» форматындағы ушырасыўда да қатнасты.

Усының менен мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстан Республикасына сапары жуўмақланды.

 

ӨзА