Усы жыл 24-октябрь күни өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына байланыслы орынларда бир қатар илажлар өткерилмекте.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен «Сайлаў ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Илажда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси атқарыў комитети аппарат хызметкерлери, Жоқарғы Кеңес депутатлары, Жаслар парламентиниң ағзалары, сайлаўда биринши мәрте қатнасатуғын жаслар, партияның «Жаслар қанаты» жанында шөлкемлестирилген «Көмек» үгит-нәсият топарының ағзалары қатнасты.

Ушырасыўда елимизде улыўма тән алынған халықаралық ҳуқықый нормаларға толық жуўап беретуғын миллий сайлаў нызамшылығымыз жаратылғаны, жаслар жәмийетимиздиң барлық тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларға өзлериниң тиккелей қатнасы бар екенлигин сезинген ҳалда, сайлаў кампаниясына үлкен сиясий ўақыя сыпатында қараўы кереклиги айрықша атап өтилди.

Сайлаў ҳәм онда қатнасыўдың әҳмийети, сайлаўшының ҳуқықлары, Президент сайлаўының әҳмийети, Сайлаў кодекси, сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалардың мазмун-мәниси ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги