Президент Шавкат Мирзиёев 13-сентябрь күни хирургия хызметин трансформациялаўға байланыслы презентация менен танысты.

Мәмлекетимизде жылына орташа 750 мың хирургиялық операция исленеди. Жәҳән медицинасының жетискенликлери үйренилип, зәрүр шараятлар жаратылып атырғаны нәтийжесинде республикалық орайларда исленетуғын операциялардың түри 350 ге, ўәлаятлық орайларда  130 ға, районлық емлеўханаларда  60 қа жетти. 32 емлеўханада заманагөй эндоваскулярлық хирургия бөлимлери шөлкемлестирилген.

Академик В.Ваҳидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий медицина орайы бул бағдардағы тийкарғы мәкеме болып есапланады. Аймақларда оның 14 филиалы жумыс ислемекте.

Презентацияда усы орайдың медициналық-илимий потенциалы, аймақларда өткерилген тексериўлердиң нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы мүнәсибети менен қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада районлық ҳәм қалалық медицина бирлеспелери негизинде 35 районлараралық биргеликтеги жарақатланыўлар ҳәм  өткир қан-тамыр кеселликлер орайлары  шөлкемлестирилиўи белгиленген еди. Сол мақсетте  быйылғы жылы 26-июльде мәмлекетимиз басшысының «Халыққа көрсетилип атырған медициналық жәрдемниң сапасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бүгинги күнде бул орайлар басқышпа-басқыш шөлкемлестирилмекте. Олардың ҳәр бири 50 орынға ийе болады. Заманагөй үскенелетуғын  бул орайлар жоқары технологиялық хирургиялық операцияларды районлардың өзинде ислеў имканиятын береди.

Презентацияда бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар Сырдәрья ўәлаяты Ақалтын районындағы емлеўхана мысалында көрип шығылды. Ол Ақалтын, Сардоба ҳәм Мирзаобод районларының халқына хызмет корсетеди. Президентимиздиң қарарына муўапық, орай жақында 1 миллион долларлық  әсбап-үскенелер менен тәмийинленеди. Ҳәзирги ўақытта телемедициналық байланыслар шөлкемлестирилип, шыпакерлердың маманлығы арттырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы районлараралық орайларда исленетуғын хирургиялық операциялардың түрин  79 ға, ўәлаят дәрежесинде  168 ге жеткериў мүмкин екенлигин атап өтип, оның ушын зәрүр шараят жаратыў  бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

Бүгинги ең керекли бағдарлардан бири – органлардың трансплантациясы. Кейинги жылларда бул тараўға айрықша итибар қаратылып, ҳуқықый-шөлкемлестириўшилик тийкарлар жаратылмақта. Атап айтқанда, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайында кардиохирургиялық, тарнсплантология ҳәм нейро-қан-тамыр хирургиясы бөлимлери ушын жаңа иамарат қурылмақта.

Елимизде  500 наўқас баўыр, 1 мың  500 адам бүйрек трансплантациясы әмелиятына мүтәж екенлигин билдирмекте. Хирургиялық  бөлимлериниң үскенелениўи талап дәрежесинде емес екенлиги, тәжирийбели қәнигелердиң жетиспеўшилиги, иммуногенетикалық тексериўлер лабораториясы жоқ екенлиги тараўдың раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетпекте.

Сонлықтан Республикалық хирургиялық илимий-әмелий медицина орайын трансплантологияға бағдарлап, иммуногенетикалық лаборатория ҳәм симуляциялық орай шөлкемлестириў, Наманган, Самарқанд ҳәм Хорезм ўәлаятларында бүйрек трансплантациясын жолға қойыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы  алдынғы технологиялар тийкарында диагноз қойыў, операция ислеў ҳәм емлеў бойынша қәнигелер таярлаў, сырт еллердеги жетекши мәкемелерге тәжирийбе арттырыўға жибериў зәрүр екенлигин атап өтти.

Қаржы министрлигине бул мақсетлер ушын зәрүр қаржы ажыратыў, тарнсплантолог хирургларға мийнет ҳақысын дифференцияластырылған түрде төлеў системасын енгизиў ўазыйпасы қойылды.

 

ӨзА