16-17-сентябрь күнлери Президент Шавкат Мирзиёев Тәжикстан пайтахты Душанбе қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасады.

Бул ҳаққында Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов бүгинги брифингте мәлим етти.

Бизге белгили, өткен жылы пандемия себепли ШБШ саммити онлайн форматта өткерилген еди. Бул рет мәмлекет басшылары тиккелей жыйналмақта. Итибарлысы, ШБШның бул саммити Шөлкем структурасының 20 жыллығының белгиленип атырған бир ўақытқа туўра келмекте.

Саммиттиң биринши күни, 16-сентябрьде мәмлекетимиз басшысы Шөлкемге басшылық етип атырған Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Россия Президенти Владимир Путин ҳәм Пакистан Бас министри Имрон Хон менен, 17-сентябрь күни болса Иран Президенти Иброҳим Раисий менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.

17-сентябрь күни мәмлекет басшыларының мәжилиси өткериледи. Саммит жуўмағында ШБШға басшылық Тәжикстаннан Өзбекстанға өтеди.

– Көплеген сырт елли экспертлердиң пикиринше, Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен соңғы бес жылда алып барылып атырған кең көлемли жумыслар есапқа алынса, Өзбекстанның ШБШға басшылығы қәўипсизлик ҳәм жүзеге келиўи мүмкин болған қәўип-қәтерлердиң алдын алыў көзқарасынан айрықша әҳмийетке ийе болады.

Мәмлекетимиздиң басшылығы оғада нәтийжели болады, Шөлкемниң жумысын буннан былай да жанландырады, деп исеним билдирмекте.

Сол күни жаңа форматтағы «Шанхай бирге ислесиў шөлкеми – Коллективлик қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеми»ниң ушырасыўы болып өтеди. Онда тәреплер Аўғанстандағы жағдайды додалады, – деди Шерзод Асадов.

Президент баспасөз хаткериниң атап өтиўинше, буннан тысқары ҳәпте даўамында Президентимиз жанында социаллық-экономикалық тараўларға байланыслы презентациялардың өткерилетуғыны да режелестирилген.

 

ӨзА