Президент Шавкат Мирзиёев 10-сентябрь күни XVI Паралимпия ойынларында қатнасқан спортшылар ҳәм тренерлер менен ушырасты.

Илажда Миллий паралимпия комитети ҳәм спорт федерацияларының басшылары, паралимпияшылардың ата-аналары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери де қатнасты.

Ҳәммемизге белгили, бул жарыс 24-августтан 5-сентябрьге шекем Япония пайтахты Токио қаласында болып өтти. Оған жасларымыз 8 спорт түри бойынша 55 жолламаны қолға киргизген еди. Бул усы ўақытқа шекем елимиз спортындағы ең жоқары көрсеткиш болып табылады.

Паралимпияшыларымыз уллы мәртлик ҳәм шеберлик көрсетип, 8 алтын, 5 гүмис ҳәм 6 бронза медалына ийе болды. Және бир итибарлы тәрепи, усы  19 медальдың 11 ин спортшы қызларымыз қолға киргизди.

Улыўма есапта мәмлекетимиздиң сайланды командасы 160 тан аслам мәмлекетлер арасында он алтыншы, Азия континенти және Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамында төртинши, Орайлық Азияда болса биринши орынды ийеледи.

Мәресимде Президентимиз ҳәммени спортшыларымыздың, мине, усы үлкен жеңиси менен қутлықлады.

Мәмлекетимиз басшысы жарыста жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшыларды атпа-ат атап, олардың тренерлери ҳәм ата-аналарына миннетдаршылық билдирди.

– Сизлер ерискен жетискенликлер тынымсыз физикалық шынығыўлар менен бирге, күшли руўхый таярлық, беккем ерк-ықрар ҳәм пәк нийет нәтийжеси, – деди Шавкат Мирзиёев. – Уллы ойшыл бабамыз Ҳәким Термизий айтқанындай, «Инсан бир нәрсени жойытса, қайғырмаўы керек. Тек ғана нийетти жойытса, қайғырыўы керек. Себеби, ҳәр қандай ийгиликли ис пәк нийет пенен әмелге асады».

Елимизде спортшыларды таярлаў ҳәм хошаметлеўге үлкен итибар қаратылмақта. Олимпиада қатарында Паралимпия ойынларына да пуқта таярлық ушын барлық шараятлар жаратылды. Онда жеңимпаз сыйлы орын ийелери болған спортшыларымызға автомашиналар ҳәм пайтахтымыздан квартиралар ажыратылды. Президент пәрманына муўапық, барлық қатнасыўшылар ҳәм олардың теренерлери ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.

Мәмлекетимиз басшысы ерисилген нәтийжелерди беккемлеп, және де көбирек жетискенликлерди қолға киргизиў ушын 2024-жылы Парижде болып өтетуғын Паралимпия ойынларына ҳәзирден-ақ анық система тийкарында таярлық көриў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Физикалық имканияты шекленген пуқараларды спортқа кеңнен тартып, паралимпия ҳәрекетин раўажландырыў, қәбилетлилерди сайлап алып, тәрбиялаў, сырт елден тәжирийбели қәнигелер ҳәм тренерлерди тартыў бойынша көрсетпелер берилди.

Спорт билимлендириўи дәргайларында паралимпия бойынша бөлимлер шөлкемлестирилип, қосымша квота ажыратылатуғыны, арнаўлы оқыў бағдарламалары ҳәм методиканың енгизилетуғыны айтылды.

Келеси оқыў жылынан баслап, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети жанында Паралимпия спорт түрлери бойынша қәнигелерди таярлаў институтын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Паралимпияшылардың саламатлығын беккемлеў, физикалық ҳәм руўхый таярлығын арттырыў мақсетинде оларды Республикалық спорт медицинасы илимий-әмелий орайына бириктириў, дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул бағдарды қысқы спорт түрлери бойынша да раўажландырыў, «Амирсой» таў-лыжасы спорт комлекси және «Хумо-Арена» муз сарайының базаларында паралимпияшылар ушын шараят жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Миллий паралимпия комитети қурамында «Мәртлик мектеби»н шөлкемлестириў усынысын билдирди.

– Тилекке қарсы, Ҳәзирги ўақытта жаслар арасында өмирде азғана тосқынлық ямаса қыйыншылыққа ушыраса, өзин жойытып, үмитсизликке түсип қалатуғын, жаман жолларға кирип кетеуғын жигит-қызлар да жоқ емес. Сизлер жаслар менен ушырасып, өз өмириңиз, машақатлы жолыңыз, қыйыншылықларды қандай жеңип атырғаныңыз ҳаққында айтып берсеңиз, олар әлбетте, сизлерге ереди, – деди Президент.

Паралимпияшылардың өмирин, жетискенлик ҳәм табысларын кеңнен үгит-нәсиятлаў зәрүр екенлиги де айтып өтилди.

– Олар тәғдир сынақларына мәртлерше шыдам берип, сабырлылық ҳәм шүкиршилик руўхы менен, өмирде өзиниң орнын таўып жасап атырғанының өзи үлкен мәртлик ҳәм қаҳарманлық үлгиси. Бундай инсанлардың үлгили өмир жолы ҳәм жумысы ҳаққында ҳалқымыз, әсиресе, жасларымыз қаншелли көп хабардар болса, олардан үлги алып жасаса, бул жәмийетимиздеги руўхый орталықты және де саламатландырыўға хызмет етеди, – деп атап өтти. мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан Республикасы Презмидентиниң пәрманына муўапық, Токио қаласында болып өткен XVI жазғы Паралимпия ойынларында жоқары нәтийжелерге ерискен спортшы ҳәм тренерлерден бир топары ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Илажда, мине, усы уллы сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.

Спортшы ҳәм тренерлер, ата-аналар шығып сөйлеп, мәмлекетимиз тәрепинен көрсетилип атырған жоқары итибар ҳәм хошамет ушын миннетдаршылық билдирди.