Усы жылдың 11-сентябрь күни 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши участкалық сайлаў комиссияларының қурамын тастыйықлаў мәселеси көрип шығылды ҳәм сайлаўды өткериў бойынша календарьлық жобаға муўапық әмелге асырылатуғын жумыслар додаланды.

Мәжилиске округлик сайлаў комиссиясының ағзалары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм баспасөз орайы хызметкерлери қатнасты.

Илажды 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы Улықбек Жалменов басқарып барды.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 23-статьясына муўапық, участкалық сайлаў комиссиясы округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўға кеминде қырқ күн қалғанында бес-он тоғыз адамлық ағзадан, соның ишинде, баслық, баслық орынбасары ҳәм хаткерден ибарат қурамда дүзиледи. Участкалық сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанлар пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен усыныс етилип, усы талабанлар халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслериниң сессияларында додаланады және тийисли округлик сайлаў комиссиясына тастыйықлаў ушын усыныс етиледи.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши участкалық сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанлар халық депутатлары Нөкис қалалық ҳәм барлық районлық Кеңеслериниң тийисли сессияларында додаланып, тастыйықлаў ушын 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясына усыныс етилди.

Мәжилисте халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери тәрепинен участкалық сайлаў комиссиялары ағзалығына усыныс етилген талабанлар 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының тийисли қарары менен тастыйықланды.

Мәжилис күн тәртибине муўапық, участкалық сайлаў комиссиялары қурамы, жайласқан мәнзили ҳәм олардың телефон номерлери көрсетилген мағлыўматларды жергиликли баспасөзде жәриялаў, сондай-ақ, тийисли қарарды Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясына жибериў бойынша көрсетпелер берилди.

 

Журналистлер ушын брифинг өткерилди

Бүгин, яғный 11-сентябрь күни 1-Қарақалпақстан сайлаў округиниң Баспасөз орайында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер ушын брифинг өткерилди.

Брифингде 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы У.Жалменов ҳәм округлик сайлаў комиссиясы баспасөз орайының баслығы Қ.Байниязов усы жылдың 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлықлар барысы, участкалық сайлаў комиссияларының ўазыйпалары ҳәм әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша мағлыўматлар берди.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 656 сайлаў участкасының баслығы ҳәм олардың 8 мың 386 ағзасы тастыйықланды. Комиссия ағзалығына тастыйықланғанлардың 4 мың 458 и (53,16 проценти) алдынғы сайлаў процесслеринде қатнасқан тәжирийбели хызметкерлер болып есапланады. 3 мың 928 и (46,84 проценти) болса, биринши мәрте усындай процесслерде қатнаспақта.

Участкалық сайлаў комиссиясы ағзаларының 5 мың 893 и (70,27 проценти) жоқары мағлыўматлы, 2 192 си (26,14 проценти) орта мағлыўматқа ийе қәнигелер болып табылады. Сайлаў участкаларының ағзалары тийкарынан ҳуқықтаныўшы, шыпакер, педагог, экономист, инженер, журналист ҳәм сол сыяқлы басқа тараў ўәкиллери саналады. Усы сиясий процесслерде 21 жастан 30 жасқа шекемги болған 1 мың 453 (17,33 процент) жас участкалық сайлаў комиссиясы ағзалығына тастыйықланған. Комиссия ағзаларының 3 мың 750 и (44,72 проценти) ҳаял-қызлардан ибарат.

Брифингде журналистлердиң сиясий процесслерди сәўлелендириўге байланыслы сораўларға толық жуўап берилди ҳәм сайлаўға таярлық процесслерин белсенди сәўлелендириў усыныс етилди.

1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы.