Президент Шавкат Мирзиёев 9-сентябрь күни Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының Х съездинде қатнасты.

Онда усы жылы 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыў ушын партиядан талабан көрсетиў мәселеси додаланды.

Әнжуман қатнасыўшылары бул сайлаў әҳмийетли сиясий ўақыя екени, Президентликке билим ҳәм үлкен тәжирийбеге ийе, ерк-ықрарлы ҳәм исенимли, жетекши шахс талабанды алға қойыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Партия электоратының пикирлерин есапқа алған ҳалда, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының съезди Өзбекстан Республикасы Президентлигине пүткил ис-ҳәрекетин халқымыз абаданлығына бағышлап киятырған, бүгинги қыйын дәўирде мәмлекетимизди раўажландырыўға уқыплы болған, өзиниң инсаныйлық пазыйлетлери ҳәм басшылық қәбилети менен ўатанласларымыздың ҳүрмети менен меҳирине ерискен Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң кандидатурасын көрсетиў ҳаққында қарар қабыл етти.

Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына талабан Шавкат Мирзиёев өзиниң сайлаўалды бағдарламасының тийкарғы бағдарлары ҳаққында баянат жасады.

Шығып сөйлегенлер талабанның көп жыллық басшылық тәжирийбесине ийе екенин, мәмлекетимизди раўажландырыў ҳәм халқымыздың абаданлығын арттырыў жолында үлкен хәзметлер ислегенин атап өтти.

Соңғы бес жылда Шавкат Мирзиёевтиң басламасы ҳәм ис-ҳәрекетлери менен тарийхый әҳмийетке ийе ҳәкимшилик, ҳуқықый ҳәм экономикалық реформалар әмелге асырылды. Халық ҳәкимияты беккемленип, мәмлекетлик уйымлардың есап бериўи тәмийинленди.

Усы дәўирде мәмлекетимиз экономикасы 24 процентке, санаат 34 процент, экспорт көлеми 1,5 есеге, сырт ел инвестицияларының көлеми болса 3 есеге артты. Жалпы ишки өнимимиз 60 миллиард долларға жетти. Орташа мийнет ҳақы 2,2 есеге көбейди.

Партия электоратының салмақлы бөлеги болған исбилерменлер ушын және де кеңнен имканиятлар жаратылды. Аймақларды раўажландырыў, санаат ҳәм хызметлердиң көлемин кеңейтиў илажлары көрилди.

Булардың барлығы, соңғы нәтийжеде, жүз мыңлаған жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, халқымыз абаданлығының артыўына хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Инсан мәпи реформалардың баслы мақсетине айланды. Социаллық бағдарланған бағдарламалар әмелге асырылды. Илим, тәлим-тәрбия, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер, ғалаба хабар қураллары, спорт тараўларын раўажландырыўға да үлкен итибар қаратылғаны атап өтилди.

Бундай жаңаланыў ҳәм раўажланыўды табыслы даўам еттириў ушын Шавкат Мирзиёевти Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайлаў ең дурыс жол екени ҳаққында исенимли пикир билдирди.

Съездде көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

ӨзА