Ҳәр бир мәмлекеттиң айдын келешегиниң тәмийинлениўи, оның дүнья еллери арасындағы абырайының артыўы ҳәм ҳәр тәреплеме қүдиретли болыўы – сол мәмлекеттеги жасларға болған итибар ҳәм билимлендириў системасының нәтийжелилиги, таярланып атырған кадрлардың сапасына тиккелей байланыслы. Усы көзқарастан алып қарағанда, бизиң елимизде жасларға қаратылып атырған айрықша итибар әсиресе, билимлендириў тараўында жүргизилип атырған реформалар өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетпекте.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, соңғы жыллары билимлендириў тараўын жетилистириўде раўажланған мәмлекетлер тәжирийбеси турмысымызға кеңнен енгизилмекте. Соңғы үш жылда филиалымыз бенен дүньяның бир қатар жетекши жокары оқыў орынларының бирге ислесиўи жолға қойылған болып, М.Аўезов атындағы Қубла-Қазақстан мәмлекетлик университети, М.Дулати атындағы Тараз мәмлекетлик университети, Россия Федерациясының З.Исмагилов атындағы Уфа мәмлекетлик көркем өнер институты, сондай-ақ, Россияның Д.Хворостовский атындағы Сибир мәмлекетлик көркем өнер институтлары менен академиялық тәжирийбе алмасыў бойынша шәртнамаларға қол қойылды. Өз ара бирге ислесиў шәртнамаларына тийкарланып филиал студентлерине сабақ ҳәм мастер класс өтиў ушын шет елли 3 профессор-оқытыўшы оқыў процесине тартылған болса, филиалдың 2 профессор-оқытыўшысы Қазақстан Республикасының М.Аўезов атындағы Қубла-Қазақстан мәмлекетлик университети студентлерине шеберлик сабақларын өтип қайтты. Сондай-ақ, бир қатар студент-жасларымыз ҒМДА мәмлекетлери ҳәм шет еллерде өткерилген халықаралық таңлаўларда мүнәсип қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Елимизде жаслардың заман талабына сай илим-билим алыўы, оларды кәсипке бағдарлаў, руўхый дүньясын байытыў, оларға мүнәсип шараятлар жаратыў тийкарғы ўазыйпалардан саналады. Сонлықтан бул бағдардағы жумысларды жетилистириўде Президентимиз тәрепинен бес әҳмийетли баслама алға қойылды. Бул ийгиликли басламаларда жаслар арасында китапкумарлық мәдениятын арттырыў, оларды көркем өнер ҳәм спортқа кеңнен тартыў, компьютер технологияларынан нәтийжели пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў баслы бағдар етип белгиленген. Мине усы бес баслама тийкарында филиалда дөгереклер шөлкемлестирилип, жаслар арасында түрли таңлаў ҳәм илажлар өткерилип келинбекте.

Жоқарыда атап өтилген ибратлы ислердиң барлығы мәмлекетимиздиң айдын келешегин тәмийинлеўде, жасларымыздың ҳеш кимнен кем болмай, заман менен тең қәдем таслап киятырған жетик, маман қәнигелер болып жетилисиўине тийкар болады деп исенемиз.

Аманжол АЯПОВ,

Өзбекстан мəмлекетлик көркем өнер ҳəм мəденият институты

Нөкис филиалы директоры, филология илимлери кандидаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги