Нөкис қаласындағы 23-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де жаңа оқыў жылына бағышланған салтанатлы кеше болып өтти.

-Мектебимизге 2021-2022-оқыў жылында 108 оқыўшы биринши классқа қабыл етилмекте,-дейди мектеп директоры К.Бегжанов.

“Жаңа Өзбекстанда еркин хәм абадан жасайық!” сүрени астында өткерилген билимлер байрамы кешесинде шығып сөйлегенлер, оқыўшыларды жаңа оқыў жылының басланғаны менен қызғын қутлықлап, олардың оқыўында табыслар тиледи.

Мектепке биринши мәрте қәдем таслап атырған 1-класс оқыўшыларына 12 түрдеги оқыў қураллары жәмленген Президент саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

 

Бийбисара Жартыбаева,

ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының 2-басқыш студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги