Тақыятас районында быйыл  жәми 155 гектар майданға мийўели бағ ҳәм 45 гектар жерге жүзим плантацияларын егиў жумыслары режелестирилген.

Аўыл хожалығында хызметлер көрсетиў агентлиги Тақыятас районлық  бөлими тәрепинен фермер хожалықларға мийўели бағлар ҳәм жүзим  атызларын жаратыў бойынша нәл жеткерип бериў ҳәм егиўде әмелий жәрдемлер көрсетилмекте.

Райондағы «Сарайкөл» АПЖ аймағында жайласқан «Сәрдар кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 5 гектар жер майданға дамский (келин бармақ) сортындағы жүзим нәллери егилмекте. Сондай-ақ, жәмийет тәрепинен Түркия мәмлекетинен алып келинген  алмурт нәллеринен интенсив бағлар жаратылмақта.


Қарақалпақстан хабар агентлиги