Усы жыл 25-апрель күни Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги, IT PARK ҳәм  Sirius IT Academy  қатнасыўында республикамызда биринши мәрте “Digital Forum Karakalpakstan 2024” форумы болып өтти.

Илажға IT, инновация, исбилерменлик, оқыў орайлары, стартап жойбарлар ўәкиллери ҳәм қәбилетли жаслар мирәт етилди. Соныӊ менен бирге, Нөкис қаласындағы барлық улыўма билим бериў мектеплериниӊ 9-10-11-класс оқыўшылары, кәсиплик билимлендириў мәкемелериниӊ питкериўшилери қатнасты.

Форумда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллардағы ѳзгерислер менен жаңаланыўлар барлық тараўларды жедел санластырыў кереклигин кѳрсетпекте. Солай екен, санлы технологиялар–барлық тараўды раўажландырыў драйвери болып, елимиздиң раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейди. Сонлықтан да, соңғы жыллары елимизде барлық тараўды санластырыўға ҳәм бул процесске жасларды кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, жаслардың билимлерин арттырыў мақсетинде IT академия ҳәм IT парклер шѳлкемлестирилип, IT парк резидентлерине бир қатар салық жеңилликлери берилмекте. Оқыў курсларын питкерген, сондай-ақ, майыплығы болған жасларды жумысқа алған экспорт етиўши кәрханаларға субсидиялар ажыратылмақта. IT компаниялары аймақлардағы бос турған имаратларға бир жыл мүддетке бийпул орналастырылмақта. Қәбилетли программистлер жеңилликлер тийкарында компьютер ҳәм зәрүрли техникалар менен тәмийинленбекте. 50 ден артық IT қәнигесин жумысқа алған компанияның бир жыллық мийнет ҳақы қәрежетиниң 15 проценти қаплап берилмекте. Экспортшы кәрханаларға сырттан эксперт тартыў, халықаралық конференцияларда қатнасыў қәрежетлериниң 50 проценти тѳлеп берилмекте.

Бул бағдарда Қарақалпақстанда да бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Буған мысал ретинде Нөкис қаласында 16 қабатлы IT парк имаратының қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында турғанлығын атап өтсек болады. Қала ҳәм районлардағы аралықтан хызмет кѳрсетиў орайлары компьютер техникалары ҳәм мебельлер менен тәмийинленген ҳалда пайдаланыўға тапсырылмақта. Алыс аймақтағы жасларды IT тараўына қызықтырыў мақсетинде қала ҳәм районларда басқышпа-басқыш “IT қала” жойбарын әмелге асырыў белгилеп алынған.

Қуўанышлы тәрепи, бул тараўға жасларымыздың қызығыўшылығы жылдан-жылға артып бармақта. Әсиресе, бүгинги күнде дүньяның абырайлы IT компанияларында бир қатар қарақалпақстанлы жаслардың жумыс ислеп атырғаны ҳәммемизди қуўандырады. Әлбетте, булардың барлығы,  Президентимиздиң жасларға деген айрықша итибары ҳәм ғамхорлығының, елимизде жасларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине кѳтерилгениниң әмелий кѳриниси болып табылады.

Илаж даўамында Нөкис қаласындағы барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес оқыў орынлары көргизбелери шөлкемлестирилди. Соныӊ менен бирге, презентация етилген өнимлерди ҳәм хызметлерди турмысқа енгизиў арқалы алынған дәрамат туўралы толық мағлыўмат берилди. Исбилерменлик субъектлери ҳәм болажақ исбилерменлер, илимий ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыўға, IT жойбарларға қызығыўшы жаслардан ибарат топарлар шөлкемлестирилди.

Өткерилген форум жаслардыӊ санлы технологиялар, инновациялық жойбарларға қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў, әмелиятқа енгизиў барысындағы реформалар ҳәм умтылысларды жаӊа басқышқа алып шығыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниӊ шолыўшысы