Президент Шавкат Мирзиёев 6-сентябрь күни фармацевтика тармағында әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги жойбарлар менен танысты.

Елимизде фармацевтика бойынша үлкен имканиятлар бола турып, оннан толық пайдаланылмайтуғын еди. Кейинги жыллары бул тармақ «драйвер»лерден бири сыпатында белгиленип, избе-из раўажландылырып келинбекте.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 3-майдағы пәрманына муўапық, Нөкис, Зомин, Косонсай, Сырдәрья, Байсын, Бостанлық ҳәм Паркентте фармацевтикаға қәнигелескен еркин экономикалық зоналар шөлкемлсетирилген еди. Сол жылы 7-ноябрьдеги пәрманға бола, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги дүзилди. Дәрилик өсимликлерди жетистириў, оларды қайта ислеў, инвестициялар тартып, бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў ушын кең шараятлар жаратылды.

Булардың нәтийжесинде соңғы бес жылда 71 жаңа кәрхана шөлкемлестирилип,  2 мың 500 ден артық түрдеги дәри қураллары, 241 түрдеги медициналық буйымлар ҳәм 78 түрдеги медициналық техника ислеп шығарыў жолға қойылды. Фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў көлеми дерлик 2 есе артты.

Бирақ бул нәтийжелер еле жетерли емес. Ҳәзирги күнде жергиликли кәрханалар ишки базар талабын натурал көлемде 55 процентке тәмийнлемекте.

Келеси бес жылда тармақта өндирис көлемин 3 есе арттырыў, ишки базарды тәмийинлеў дәрежесин натурал көлемде 80 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылған. Усы мақсетте 2022-2026-жылларға мөлшерленген перспективалы жойбарлар ислеп шығылған.

Презентацияда мине усы жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда, жәми 1,25 миллиард долларлық 104 инвестициялық жойбар режелестирилген. Олардың нәтийжесинде 376 миллион долларлық импорттың орнын басыўшы өнимлер таярланып, 84 миллион долларлық экспорт қуўатлылығының жаратылыўы есап-санақ етилген. Ең әҳмийетлиси, 9 мыңға шамалас адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Президентимиз бул жойбарлардың социаллық ҳәм экономикалық әҳмийетин атап өтип, оларды жеделлестириў бойынша тапсырмалар берди.

Презентацияда жергиликли дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз аймағында 750 түрдеги дәрилик шөплер өседи. Олардан пайдаланып, дүнья базарында талап жоқары болған тәбийғый өнимлер ислеп шығарыў ушын барлық шараят жаратып берилмекте. Соның ишинде, Өзбекстан Президентиниң 2020-жыл 10-апрельдеги қарары менен жабайы ҳалда өсетуғын дәрилик өсимликлерди қорғаў, мәдений ҳалда жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша қосымша илажлар белгиленди, турақлы аймақлар дәрилик өсимликлер жетистириўге қәнигелестирилди. Бул бағдарда 19 кәрхана иске қосылды.

Бирақ 750 түрдеги дәрилик өсимликлерден тек ғана 70 и жергиликли кәрханалар тәрепинен белсене пайдаланылмақта.

Президентимиз еимиздеги дәрилик өсимликлерди терең қайта ислеў арқалы экспортты 15 миллион долларға жеткериў ҳәм 5 мыңнан аслам халықты жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге бул бағдардағы кластерлердиң жумысын жолға қойып, өндиристи кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Онда, дәрилик өсимликлерди жетистириў ушын жер майданларын ажыратыў, туқымгершиликти раўажландырыў, агрономларды таярлаў, дәрилик өсимликлерди қайта ислеў және тутыныў базарларын жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратыў тапсырылды.

Тараўдағы және бир ири жойбар – «Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластери болып табылады. Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 28-январьдағы қарарына муўапық шөлкемлестирилген бул заманагөй орай Ташкент ўәлаятының Зангиата районында қурылмақта. Атап айтқанда, фармацевтика  университети, фармакопея орайы, илимий-изертлеў орайы, экспертиза орайы, лабораториялар, виварий ҳәм илимий-тәжирийбе өндирислик имараты қурылмақта.

Сондай-ақ, бул жерде 140 миллион долларлық 7 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў режелестирилген.

Презентацияда биофармацевтикалық дәри қуралларын өзлестириў перспективалары додаланды.

Елимиздеги кәрханаларда 3 мыңнан артық атамадағы дәри қураллары ислеп шығарылып атырған болса да, олар тийкарынан бир компенетли, қурамалы болмаған дәри қураллары болып есапланады.

Соның ушын Президентимиз онкологиялық, гормонал, қан препаратлары, вакциналар сыяқлы инновациялық биотехнологиялық дәри қуралларын ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша көрсетпелер берди.

Денсаўлықты сақлаў системасында мәмлекетлик сатып алыўлар арқалы жергиликли фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды хошаметлеў, халықаралық стандартлар тийкарында таярланып атырған өнимлерди сертификатластырыўды әпиўайыластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Илимий ҳәм өндирислик кәрханалар кооперациясын раўажландырыў, заманагөй билимлерге ийе маман қәнигелер таярлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Тараўды раўажландырыў бойынша айрықша бағдарлама таярлаў ўазыйпасы қойылды.

 

ӨзА