Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жоқары оқыў орынларында жаңа оқыў жылы дәстүрий (офлайн) тәризде басланатуғынлығын мәлим етти.

«Рәсмий түрде жоқары оқыў орынларында «2021-2022-оқыў жылы 6-сентябрьден бакалавриат ҳәм магистратура басқышы студентлери ушын дәстүрий (офлайн) тәризде басланады», – деп жазды министрлик мәлимлеме хызмети.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.