Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 14-ноябрьдеги «Өзбекстан жаслар аўқамының белсенди ағзаларына жоқары оқыў орынларына кириўде жеңилликлер бериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Жаслар аўқамы бас сәрдары Гүлайим Ержанбаева мүддетинен бурын тест сынақларысыз жоқары оқыў орынына грант тийкарында оқыўға қабылланып, студент болыў бахтына миясар болды.

Гүлайым Ержанбаева усы жылы Шымбай районындағы 14-санлы улыўма орта  билим бериў мектебин алтын медаль менен табыслы тамамлаған.

-“Камалак” балалар шөлкемине кирип келгенимнен баслап түрли таңлаў, семинар-тренинг ҳәм республикалық көлемде өткерилип киятырған  форумларға белсене қатнасып келмектемен. Атап айтқанда, 2015-жылдан баслап 2017-жылға шекем “Камалак жулдызлары” балалар дөретиўшилик фестивалының Қарақалпақстан Республикасы басқышында жеңимпаз болдым. Сондай-ақ, 2018-жылы “Ең үлгили район (қалалық)” сәрдарлар кеңеси таңлаўының Өзбекстан басқышында “Айдын келешек” топары менен биргеликте жеңимпаз болыўға ерискен болсақ, сәрдарлар кеңеси менен «Хошамет-2018» сыйлықлаў мәресиминде “Жылдың ең белсенди сәрдарлар кеңеси” номинациясы бойынша жеңимпаз болдық. Жақында Жаслар ислери агентлиги тәрепинен дүзилген “Жаслар мәсләҳәтшилери” клубы ағзасы болып, Бухара ўәлаятына координатор болдым,  – дейди Г.Ержанбаева. Әлбетте, бундай жетискенликлерге ерисиўимде ата-анамның,  устазларымның қоллап-қуўатлаўы айырықша болды. Сондай-ақ, маған жақсы тәлим-тәрбия берген устазларым Икрам Абдиқаликов ҳәм Сәрбиназ Жолымбетовалардан шексиз миннетдарман. Олардың берген дурыс жол-жобасы, тәрбиясы арқасында студент болыўға еристим. Енди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында оқып, инглиз тили бойынша билимлеримди жетилистирип, устазларымның исенимин ақламақшыман.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги