Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 5-6-август күнлери Түркменстандағы «Аваза» миллий туристлик зонасында болып өтетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасады.

Түркменстан Президентиниң басшылығында болып өтетуғын илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон да қатнасады.

Мәмлекет басшылары 2019-жыл ноябрь айында Ташкент қаласында болып өткен Мәсләҳәт ушырасыўында ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыў нәтийжелерин көрип шығады.

Күн тәртибине регионда турақлы ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў, саўданы раўажландырыў, энергетика тараўында шериклик ушын қолайлы шараятлар жаратыў, транспорт-коммуникация тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў, пандемияға қарсы гүресиў бағдарындағы ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм басқа мәселелер де киргизилген.

Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеўинде дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм жәрдем қатнасықларын және де беккемлеўге қаратылған бир қатар басламаларды алға қойыўы, узақ мүддетли улыўмалық мәплерге тийкарланған регионаллық бирге ислесиўдиң жаңа перспективалы бағдарларын билдириўи күтилмекте.

Саммит жуўмағында әҳмийетли көп тәреплеме ҳүжжетлер, соның ишинде, мәмлекет басшыларының Биргеликтеги билдириўи қабыл етиледи.

Өзбекстан Республикасы Президенти Орайлық Азия мәмлекетлериниң басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткериўи де режелестирилген.

Мәсләҳәт ушырасыўының бағдарламасы шеңберинде Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызларының пикирлесиўи ҳәм регионның Экономикалық форумы, миллий өнимлер көргизбеси, миллий тағамлар фестивалы және көркем өнер ғайраткерлериниң салтанатлы концерти өткерилиўи мөлшерленген.

Мәсләҳәт ушырасыўларын өткериў басламасы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2017-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында алға қойылған еди.

Мәмлекет басшыларының биринши саммити 2018-жылы март айында Қазақстанның пайтахты Нур-Султанда, екиншиси болса 2019-жылы ноябрь айында Ташкент қаласында болып өтти.

 

ӨзА