Бүгин, 4-август күни саат 13:29 да Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасына Қараөзек районы «Қараөзек» станциясында турған вагонлардың биринде өрт жүз берип атырғаны ҳаққында хабар келип түскен.

Хабар тийкарында 3 өрт-қутқарыў экипажы саат 14:30 да ўақыя орнына жетип барған. Өрт саат 14:40 қоршап алынып, 14:58 де толық өширилген.

Атап өтиў орынлы, өрт өшириў бөлиминен өрт жүз берген орынға шекемги аралық шама менен 45 километрди қурайды.

Мәлим болыўынша, өрт Қоңырат жолы машина станциясына қараслы жумысшылар жатақханасы сыпатында пайдаланыўға мөлшерленген, басқа қурамдағы вагонлардан бөлек турған вагонда жүз берген.

Ўақыя ақыбетинде қайтыс болған ҳәм жәбирленгенлер жоқ.

Ҳәзирги ўақытта өрттиң келип шығыў себеби ҳәм материаллық зыян муғдары анықланбақта.

Усы жағдай бойынша дәслепки тергеў алды сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.