Президент Шавкат Мирзиёев 2-август күни Ташкент қаласында ыссылық тәмийнаты системасын модернизациялаў жойбарының презентациясы менен танысты.

Ыссылық тәмийнаты турмыстың сапасын тәмийинлейтуғын факторлардан бири болып есапланады. Мәмлекетимизде бул системаны жетилистириў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Жәҳән банки менен биргеликте Әндижан, Бухара, Самарқанд, Шыршық қалаларындағы орайласқан ыссылық тәмийнатының тармақлары реконструкцияланбақта. Усы жылдан баслап, Нөкис, Әндижан, Бухара, Жиззақ, Қарши, Наўайы, Наманган, Самарқанд, Термиз, Гүлистан, Үргенш, Ферғана, Шыршық ҳәм Ангрен қалаларында көп қабатлы турақ жайларға хызмет көрсетиў басқарыў-сервис компанияларына өткерилмекте.

Ташкент халықтың саны жағынан да, ыссылық тармақларының көлеми бойынша да мәмлекетимиздиң ең үлкен қаласы болып есапланады. Бул жерде 9 мың 165 көп қабатлы турақ жай, 3 мың 475 социаллық объект орайласқан ыссылық тәмийнатына жалғанған. Бирақ магистраль ҳәм тарқатыў тармақларының 72 проценти, орайлық қазанханалардың ҳәммеси, жергиликли қазанханалардың 90 проценти гөнерген.

Бул қәрежетлердиң ҳәдден тыс артып, хызмет сапасының төменлеўине себеп болмақта. Мәселен, өткен жылы ыссылық энергиясының шығыны 44 процентти, пул менен есаплағанда, 630 миллиард сумды қураған. Бул ушын 460 миллион куб метр тәбийғый газ, 55 миллион куб метр ишимлик суўы, 154 миллион киловатт электр энергиясы артықша жумсалған.

Нәтийжеде «Тошиссиққуввати» мәмлекетлик унитар кәрханасының кредиторлық қарыздарлығы жоқарылығынша қалмақта. Хызмет сапасының төмен екенлиги халықтың қатаң наразылықларына себеп болмақта.

Сол себепли 2019-жыл 2-декабрьде «Ташкент қаласының ыссылық тәмийнаты системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында» Президент қарары қабыл етилип, системада базар принциплери ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди.

Өткен дәўирде бул бағдарда жойбар концепциясы таярланып, усыныслар алыў ушын таңлаў жәрияланды. Азия раўажланыў банкиниң жуўмағына бола, Францияның «Veolia» компаниясының жойбары ең нәтийжели деп табылды. Бул компания Польша, Чехия, Румыния, Литва, Германиядағы қалаларда ыссылық системасын басқарыў тәжирийбесине ийе.

Усы күнлерде Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен компания арасында жеке меншик шериклик шәртнамасына қол қойылыўы күтилмекте.

Жойбарға бола, «Veolia» компаниясы тәрепинен 315 миллион евро, жойбар дәўиринде алынатуғын дәрамат есабынан 1 миллиард 80 миллион евро қаратылыўы нәзерде тутылған.

Усы қаржылардың есабынан 181 ыссылық қазанханасының модернизацияланыўы, 28 мың ыссылық пунктиниң орнатылыўы, 841 километр тармақ реконструкцияланып, 576 километр тармақты жаңадан қурылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, 391 арнаўлы автомашина ҳәм басқа да үскенелер сатып алынады. Халықаралық дәрежедеги техникалық аудит ҳәм биллинг системасы енгизиледи.

Презентацияда, бәринен бурын, ыссылық тәмийнаты хызметлерин жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестириў методологиясын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Президентимиз усыныс етип атырған жойбарды Ташкент қаласындағы массивлердиң биринде үлги сыпатында енгизип, нәтийжелилигин тәжирийбеден өткериў, ҳәр тәреплеме терең ойлап, қарар қабыл етиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Басқарыўға бериўден алдын «Тошиссиққуввати» мәмлекетлик унитар кәрханасына тийисли мүлк ҳәм имаратлар хатлаўдан, көп қабатлы турақ жайлардың ыссылық тәмийнатының системалары техникалық ҳәм энергетикалық аудиттен өткерилетуғыны белгиленди.

Жойбарды әмелге асырыў ушын Ыссылық системасын раўажландырыў қорын шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди. Жойбар шеңберинде алынған сап пайданың 10 процентинен артқан бөлеги усы қорға өткерип барылады.

Арнаўлы техника, үскене ҳәм материалларды мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызамға тийкарланып ашық тендер арқалы, оптимал баҳаларда сатып алыў керек екенлиги атап өтилди.

«Veolia» компаниясы менен бирге жергиликли қәнигелердиң маманлығын арттырыўды жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

 

ӨзА