Халықаралық валюта қорының ўәкиллери Өзбекстанның әмелдеги салық системасын үйренди ҳәм оның нәтийжелери бойынша ҚҚС, дәрамат салығы, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм акциз салығы бойынша салық сиясатын жетилистириўге байланыслы усынысларды берди.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги басшылығы ҳәм Халықаралық валюта қоры (ХВҚ) ўәкиллери арасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда ХВҚның Фискаль мәселелер департаменти салық сиясаты бойынша үлкен экономист Гиртен Мишелс басшылығындағы 2024-2027-жылларға мөлшерленген салық реформасын режелестириў бойынша ХВҚ миссиясының экспертлери презентация өткерди.

Бул миссия шеңберинде ХВҚ экспертлери Өзбекстанның әмелдеги салық системасын үйренди ҳәм оның нәтийжелери бойынша қосымша қун салығы, дәрамат салығы, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм акциз салығы бойынша салық сиясатын жетилистириўге байланыслы усынысларды берди.

Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер бул тараўдағы реформаларды әмелге асырыў бойынша келешектеги бирге ислесиў режелерин додалады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги