Өзбекстан Републикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жәмийетимизде түрли миллет ўәкиллери арасындағы өз-ара аўызбиршилик, кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт орталығын сақлаў, миллий мәдениятлар, үрп-әдет ҳәм дәстүрлердиң өзине тәнлигин сақлаў және раўажландырыўға қосқан мүнәсип үлеси, сырт мәмлекетлер менен еки тәреплеме пайдалы қатнасықлар ҳәм мәдений-ағартыўшылық байланысларды жаңа басқышқа көтериў, мәмлекетимиздиң тынышлық сүйер ҳәм ўатансүйиўши сиясатын халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиялаў бағдарындағы үлкен хызметлери, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумыслары және жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Айтжанов Узақбай Ечанович – Қарақалпақстан дийқаншылық илимий-изертлеў институты ғаўаша селекциясы ҳәм туқымгершилиги бөлими баслығы

Жалменов Улыкбек Абилаевич – Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқам шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы

I дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен

Ким Лидия Романовна – Нөкис қаласындағы «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаяллар интернат үйиниң директоры

II дәрежели «Саломатлик» ордени менен

Жугинисова Жанар Есеновна – Қоңырат районы медицина бирлеспесиниң Жаслық емлеў профилактика мәкемесиниң мийирбийкеси

«Шуҳрат» медалы менен

Аметова Дәригүль Барлықбаевна – Мойнақ районындағы «Тик өзек» аўыл пуқаралар жыйыны баслығының шаңарақ, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, социаллық мәселелер бойынша орынбасары

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 30-июль