Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 28-июль күни майыплығы болған, ата-ана қарамағынан айырылған ҳәм жетим балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў және социаллық напақаларды жетилистириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимизде социаллық қорғаўға мүтәж балаларды тәрбиялаў ҳәм қоллап-қуўатлаўдың бир неше структуралары жолға қойылған. 13 Балалар үйинде 560, 16 Меҳрийбанлық үйи ҳәм 4 Балалар қалашасында 1 мың 823, 86 арнаўлы мектеп-интернатта 21 мың ул-қызлар тәрбияланбақта. Буннан тысқары,79 мың балалар әмеңгерлик, қәўендерлик ҳәм шаңарақ патронаты қарамағына алынған.

Мәжилисте усы мәкемелердеги жаслардың тәлим-тәрбиясы, жай ҳәм жумыс пенен тәмийинлениў дәрежеси талланды.

Кейинги он жылда Меҳрийбанлық үйлери ҳәм Балалар қалашалары питкериўшилериниң  51 процентине турақ жай ажыратылған.  Меҳрийбанлық үйлеринен шыққан жигит-қызлардың 64 проценти жумыс пенен тәмийинленген. Тәлим-тәрбия сапасы да жоқары емес.

Мәмлекетимиз басшысы Меҳрийбанлық үйлериндеги бдалаларды шаңараққа жақын орталықта тәрбиялаў, билимли ҳәм мәнаўиятлы, ўатансүйиўши инсанлар етип камалға келтириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Усы мақсетте бул бойынша жаңа системаның енгизилетуғыны белгиленди. Оған муўапық, 16 Меҳрийбанлық үйи ҳәм 4 Балалар қалашаларындағы жаслардың тәлим-тәрбиясына Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы жуўапкер болады. Оның ушын сәркарда орынбасары лаўазымы енгизилип, өз алдына басқарма шөлкемлестириледи.

Меҳрийбанлық үйлериндеги балаларға сабақ бериў, оларды мәлимлеме технологиялары, шет тиллер, кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў, спорт пенен шуғылланыўын шөлкемлестириў бойынша жаңа методикалар ислеп шығылады. 14 жастан жоқары ул-қызларды ең талап жоқары кәсиплерге үйретиў жолға қойылады.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Туризм ҳәм спорт министрлигине ҳәр бир Меҳрийбанлық үйи ҳәм Балалар қалашасына жоқары оқыў орны және спорт мектелерин бириктириў ўазыйпасы қойылды. Олар тәрепинен пән ҳәм спорт дөгереклери шөлкемлестириледи, оған тартылған устазларға үстеме төленеди.

Буннан тысқары, шараяты аўыр болған Меҳрийбанлық үйлери Президент Администрациясы, Министрлер Кабинети ҳәм ўәлаят ҳәкимликлери тәрепинен аталыққа алынады.

Ҳәзирги күнде Меҳрийбанлық үйлери тәрбияланыўшыларының 17 проценти шын жетимлер, қалған 83 проценти болса ата-анасы ямаса жақын туўысқанлары ўаз кешкен балалар болып есапланады. Ондай шаңарақларға материаллық жәрдем бериў арқалы айырым балаларды өз шаңарағының қушағына қайтарыў мүмкин екенлиги айтылды.

Әмеңгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларында 79 мың бала дизимде турады, соннан 35 мыңы перзентликке алынған. Бирақ, олар менен шуғылланыў ушын районлық ҳәм қалалық халық билимлендириў бөлимлеринде бир хызметкер бириктирилген.

Оның жетерли емес екенлиги атап өтилип, ҳәр бир район ҳәм қала ҳәкимлигинде Әмеңгерлик, қәўендерлик ҳәм патронат жумыслары бөлими шөлкемлестирилетуғыны және оларға 4 штат ажыратылатуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, Миллий гвардия, мектепке шекемги билимлендириў, халық билимлендириўи, мәҳәлле ҳәм сектор ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар дүзиледи. Оларға әмеңгерлик, қәўендерлик ҳәм патронатқа алынған балалардың жағдайы, шаңарақлық шараятынан ҳәр ҳәптеде хабар алыў жүкленеди.

Әмеңгерлик, қәўендерлик ҳәм патронатқа алынған балалар 18 жасқа толғанға шекем олар ушын жергиликли бюджеттен 1 миллион 200 мың сум, майыплығы болғанларға болса республикалық бюджеттен 2 миллион 500 мың сум төленеди. Майыплығы болған балаларды өзиниң қарамағына алған шаңарақларға олардың тәрбияланыў дәўирин мийнет стажына қосып есаплаў тәртиби енгизиледи.

Быйыл 1-сентябрьден баслап напақа муғдары шаңарақтағы балалар санынан келип шығып белгиленеди. Онда балалардың жасы 14 жастан 18 жасқа шекем, төлеў мүддети 6 айдан 12 айға шекем создырылады.

Буннан тысқары, «темир дәптер»ге кирген шаңарақлардың перзентлери, сондай-ақ, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм майыплығы болған балаларға мектепке барыўы ушын 500 мың сумнан бериледи.

Әмеңгерлик, қәўендерлик ҳәм патронатқа алынғанлар да жоқары оқыў орынларына кириўде Меҳрийбанлық үйлериниң питкериўшилери ушын ажыратылған қосымша квотадан пайдаланады.

Президентимиз Меҳрийбанлық үйлериниң питкериўшилерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды және де кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Соның ишинде, 18 жасқа толған, турақ жайға мүтәж жетим балаларға жаңадан қурылған турақ жайлар бийпул ажыратылады. Оның ушын усы жылы бюджеттен 120 миллиард сум қаратылады.

Және бир жаңалық жетим ямаса ата-ана қарамағынан айрылған қәбилетли студентлердиң стипендиясы 50 процентке арттырылады. Сондай-ақ, ондай студентлерге пенсия төлеў мүддети әмелдеги 18 жастан 23 жасқа шекем создырылады. Оларға зәрүр әдебиятлар сатып алыўы ушын ҳәр жылы бир мәрте 1 миллион 200 мың сум субсидия бериледи.

Мәжилисте майыплығы болған балаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм емлеў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетимиз басшысы бундай балаларды зәрүр медициналық қурал ҳәм арбашалар менен тәмийинлеў, хирургиялық операциялар өткериў, имплантант ҳәм протез орнатыў ушын қосымша қаржы ажыратыўға көрсетпе берди.

Сондай-ақ, қәнигелескен мектеплерге ири кәрханалар ҳәм кластерлерди бириктирип, шараятларды жақсылаў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Жас өспиримлер менен ислесиў комиссияларының орнына Балалар мәселелери бойынша миллий комиссия шөлкемлестирилетуғыны, аймақлық комиссияларға болса ўәлаят ҳәкимлери басшылық ететуғыны белгиленди.

– Ата-ана меҳринен айрылған ҳәм майыплығы бар балаларды қоллап-қуўатлаў, оларды жәмийеттиң белсенди ағзалары сыпатында тәрбиялаў барлығымыздан айрықша итибар ҳәм әмелий ҳәрекетлерди талап етеди. Ҳеш бир бала «мен жетиммен ямаса майыппан» деп өкинбеўи, мәмлекетимиздиң ҳәм жәмийетимиздиң меҳринен шетте қалмаўы керек. Оларды заманагөй кәсип-өнерлерге оқытыў, барлық шараятларды жаратып бериў тек ғана ўазыйпа емес, ал муқаддес миннет болып есапланады. Мәселеге усы жақтан қатнаста болсақ, жумысымызда әлбетте нәтийже болады. Перзентлеримизге ислеген ҳәр бир жақсылығымыз он жақсылық болып қайтады, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте жуўапкерлер, педагоглар ҳәм жаслар додаланған мәселелер бойынша өз пикирлерин билдирди.

 

ӨзА