Мәмлекетлик комиссияның 2-санлы протоколына муўапық, спорт жарысларында сыйлы орынларды қолға киргизген спортшы-оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналарының мүрәжатларын есапқа ала отырып, спорт түрлери және паралимпия спорт түрлери бойынша Азия ҳәм республикалық чемпионатларда соңғы үш жылда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси болған спортшы-оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, алдынғысынан өзгеше тәризде, 2021-2022-оқыў жылы қабыллаўында тек ғана «Спорт хызмети (хызмет түрлери бойынша)» ҳәм «Дене мәденияты» бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша оқыўға кириў ушын онлайн дизимнен өткен усы категориядағы абитуриентлерди оқыўға қабыллаў тәртиби белгиленди.

 

Усы тийкарда:

– екинши қәнигелик пәни (улыўма физикалық таярлықты нәзерде тута отырып) ҳәм мәжбүрий үш пәнге – ана тили (өзбек, рус, қарақалпақ ҳәм басқа тиллер), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы бойынша тест сынақларынан азат еткен ҳалда максимал балл бериледи;

– кириў имтиханлары (кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан) нәтийжелерине муўапық, усы категориядағы абитуриентлердиң топлаған баллары тийкарында, олар улыўмалық таңлаўдан тысқары мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында студентликке қабыл етиледи. Бунда кириў имтиханлары (кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан) нәтийжелерине бола, усы категориядағы абитуриентлерди мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында студентликке қабыллаў ушын минимал өтиў балы Мәмлекетлик комиссияның қарарына муўапық белгиленеди;

– «Спорт хызмети» ҳәм «Дене мәденияты» бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша оқыўға кириў ушын онлайн дизимнен өтиў процесинде усы бакалавриат тәлим бағдарларының сыртқы тәлим түрин сайлаған усы категориядағы абитуриентлер кириў имтиханлары (кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан) нәтийжелерине бола тек ғана төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилиўи мүмкин;

– «Дене мәденияты» бакалавриат тәлим бағдары бойынша оқыўға кириў ушын онлайн дизимнен өткен усы категориядағы абитуриентлерге сыйлы орынлар қолға киргизилген спорт түрлериниң өзгешелигинен келип шығып, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң «Спорт хызмети (хызмет түрлери бойынша)» бакалавриат тәлим бағдарының спорт түрлери бойынша дүзилген пән бағдарламалары тийкарында биринши қәнигелик пәни бойынша кириў имтиханлары (кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан) өткериледи;

– сыйлы орынлар қолға киргизилген спорт түрлериниң өзгешелигинен келип шығып, биринши қәнигелик пәни бойынша кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан жоқары оқыў орны профессор-оқытыўшылары, тийисли спорт федерациялары, Туризм ҳәм спорт министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ўәкиллеринен ибарат болған қурамда дүзилетуғын имтихан комиссиясы тәрепинен онлайн видеотрансляция етилетуғын жағдайда белгиленген мүддетлерде өткериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.