Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының усы жыл  19-июльдеги арнаўлы қарары тийкарында жоқары оқыў орынларында шәртнама тийкарында билим алып атырған ата-анасынан ямаса олардың биринен айрылған социаллық қорғаўға мүтәж қызлар ҳәм бағыўшысынан айрылған жалғыз баслы ҳаял-қызларға  бир жыллық шәртнама төлемлери төлеп берилиўи белгиленди.

Қарарда атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында кем тәмийинленген шаңарақларды, социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар қайырқомлық ислери әмелге асырылмақта. Әсиресе, ҳаял-қызлардың машқалаларын сапластырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў, олдарды социаллық қоллап-қуўатлаўда мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў мәселелерине бағышланып усы жыл 26-апрель күни болып өткен  видеоселектор  мәжилисинде ата-анасынан ямаса олардың биринен айрылған социаллық қорғаўға мүтәж қызлар ҳәм бағыўшысынан айрылған жалғыз баслы ҳаял-қызлардың базалық төлем контракт муғдарын төлеп бериў ўазыйпасы белгилеп берилген еди.

Усы тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, қала ҳәм районлардан жоқары оқыў орынларында шәртнама тийкарында билим алып атырған 100 студент- ата-анасынан ямаса олардың биринен айрылған социаллық қорғаўға мүтәж қызлар ҳәм бағыўшысынан айрылған жалғыз баслы ҳаял-қызларға 2021/2022-оқыў жылы ушын бир жыллық шәртнама төлемлери төлеп бериледи. Буның ушын зәрүр болған 640 миллион сумнан зыят қаржы ажыратылып, шәртнама төлемлериниң толық төлеп берилиўин тәмийинлеў және ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўын қадағалаў бойынша тийисли министрлик ҳәм жоқары оқыў орынларына ўазыйпалар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги