Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Россия Федерациясы Федерал мәжилиси Федерал Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко менен телефон арқалы сөйлести.

Федерация Кеңесиниң Баслығы мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, көп миллетли Өзбекстан халқының абаданлығы ҳәм раўажланыўы жолындағы жумысына табыслар тиледи.

Өзбекстан-Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды. Еллеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў бойынша биргеликтеги жойбарларды алға қойыўға хызмет етип атырған белсене парламентлераралық алмасыўлардың жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Парламентлераралық аўқам ҳәм ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы шеңбериндеги тығыз ҳәм конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириў зәрүр екени атап өтилди.

 

ӨзА