Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында Россия Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, Өзбекстан халқына тынышлық, абаданлық ҳәм даўамлы раўажланыў тиледи.

Өзбекстан-Россия жетекшилери стратегиялық бирге ислесиў ҳәм аўқамласлық қатнасықларының әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Жоқары дәрежедеги илажлар режеси додаланды.

Еллеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жедел пәтлер менен раўажланып атырғаны, бәринен бурын, өз-ара товар алмасыў турақлы артып баратырғаны, экономика тармақларында биргеликтеги кооперация жойбарлары ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларының табыслы әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өзбекстанда коронавирусқа қарсы вакциналар ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги қуўатлықларды тез пурсатта иске қосыў зәрүр екени атап өтилди.

Жетекшилер регион күн тәртиби, соның ишинде Аўғанстан бойынша жүзеге келип атырған жағдай ҳаққында пикир алысты.

 

ӨзА