Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы  сөйлести.

Қазақстан Президенти мәмлекетимиз жетекшисин туўылған күни менен қутлықлап, дос  Өзбекстан халқына абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди және де  кеңейтиў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў, бәринен бурын, оларды жаңа анық жойбарлар ҳәм әмелий бағдарламалар менен байытыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режеси, соның ишинде, август айының басында Түркменстанда Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў мәселелери көрип шығылды.

Орайлық ҳәм Қубла Азия өз-ара байланысын раўажландырыў бойынша Ташкент халықаралық конференциясының табыслы нәтийжелери жоқары баҳаланды, Аўғанстандағы жағдай бойынша пикир алысылды.

 

ӨзА