«Истиқболли авлод» Республика социаллық-информациялық орайы тәрепинен барлық районларда жаслардың нызам менен қадаған етилген ағымларға кирип кетиўиниң алдын алыў, оларға бул ҳаққында толық түсиник бериў, пикир алысыў, бундай ағымларға сын пикирлеўди раўажландырыў мақсетинде «Қәўипсиз келешек» жойбары шеңберинде семинар-тренинглер шөлкемлестирилмекте.

Усы бағдардағы илаж Мойнақ районындағы улыўма билим бериў мектеплериниң жетекши жасларының қатнасыўында өткерилди.

АҚШтың киши грантлар бағдарламасы қәўендерлигинде өткерилген бул тренингте аудитория менен ислесиў, жәмийетшиликке жат болған экстремистлик шөлкемлер, радикал ағымлар ҳәм топарлар ҳаққында мағлыўматлар берилди. Семинардың әмелий бөлиминде қатнасыўшылар темаға байланыслы түсиниклерин топарларға жәмлесип, баннерлерге сәўлелендирип, усындай жағдайлардың алдын алыў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

  • Ҳәр қыйлы экстремистлик шөлкемлердиң тәсирине түсип қалмаў ушын бундай ағымларға жасларда сын пикирлеўди қәлиплестириў үлкен әҳмийетке ийе. Бунда усындай семинарлардың орны айырықша. Себеби, усындай семинарлар жаслардың бир-бири менен пикир алысыў, түсиниклерин беккемлеў, басқалардың да булардан хабардар болыў мүмкиншилигин береди,-дейди семинар қатнасыўшысы Г.Оразғалиева.

 

«Истиқболли авлод» Республика социаллық-информациялық орайы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте бул бағдардағы семинарлар барлық районларда даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги