Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 23-июль күни халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын жаңаша шөлкемлестириў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Ҳәммемизге белгили, Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына кирискеннен баслап бир пикирди атап өткен еди: халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек.

Бул ўатан сүйиўшилик принцип мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдары етип белгиленди. Көп өтпей, 2016-жыл 28-декабрьде физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиў бойынша Президент пәрманы қабыл етилди. Бул пәрманға муўапық шөлкемлестирилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары ҳәм виртуал қабыллаўханасы пуқаралар менен жуўапкер уйымларды байланыстырыўшы системаға айланды.

Орынларда барлық дәрежедеги басшылар менен жанлы сөйлесиўлер ҳәм көшпели қабыллаўлардың жолға қойылғаны адамларда машқалаларын шешиў мүмкин екенлигине үлкен үмит ҳәм исеним оятты. Мәмлекетлик уйымлар төменги системаға түсип, халықтың мүтәжликлери ҳәм талаплары тийкарында ислеўди баслады.

Халық қабыллаўханалары арқалы ҳәм көшпели қабыллаўларда көтерилген әҳмийетли машқалаларды таллаў көплеген реформаларға да себеп болды. Мәселен, 4 жыл алдын валюта алмасыў, прописка, пенсия ҳәм напақаларды нақ пулда алыў мәселелери бойынша ҳәр айда орташа 100 мың мүрәжат түскен. Бул тараўларда қолайлылық жаратылып, машқалалардың системалы шешилгени себепли оларға байланыслы мүрәжатлар пүткиллей тоқтаған.

Ямаса Өзбекстан пуқаралығын алыў процедураларының жеңиллестирилгени шарапаты менен 100 мыңға шамалас шаңарақтың машқалаларына шешим табылды.

Суд-тергеў уйымларына әдиллик ҳәм ашық-айдынлық кирип баратырғаны нәтийжесинде адамлардың жыллап шешилмеген 250 мың шағымы унамлы жуўмақ тапқан.

Мәжилисте халық мүрәжатлары менен ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы министрликлер ҳәм аймақлар кесиминде додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы адамларды мүрәжат етиўге мәжбүр етип атырған машқалаларды мәҳәллениң өзинде сапластырыў керек екенлигин атап өтти.

Оның ушын ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери бир ҳәптеде еки күнди пуқараларды қабыллаўға ажыратыўы, сондай-ақ, ҳәкимлерде күнлик қабыллаў жолға қойылатуғыны белгиленди.

-Ҳәр бир ҳәкимниң кабинети «халық қабыллаўханасы» болады. Мүрәжатларды көрип, нелерге итибар қаратыў бойынша ҳәр бир басшының стратегиясы болыўы керек,-деди Президент.

Халық тиккелей күни-түни мүрәжат етиўи ушын ҳәкимлердиң виртуал қабыллаўханасы ҳәм социаллық тармақларда өз алдына бетлерин шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Усы жылдың 6 айында Халық қабыллаўханаларына бәнтлик ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша келип түскен 100 мың мүрәжатты толық ҳәкимлик күши менен шешиў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

Мысалы ушын, Пастдарғом районында шөлкемлестирилген Мәҳәлле кесиминде ислеў орайы 117 мәҳәлледе хатлаў өткерип, 4 мың жумыссыз пуқараларды анықлаған. Кәсип ҳәм исбилерменликке оқытыў, бизнес жойбарларын таярлаў, кредит ҳәм субсидия алыўға жәрдемлесиў арқалы олардың 3 мыңнан артығы бәнт етилген.

Усындай басламаларды басқа аймақларда да енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ең көп мүрәжатлар электр энергиясы ҳәм газ тәмийнаты, бәнтлик, турақ жай, жер, медициналық хызмет ҳәм халық билимлендириў мәселелери бойынша болып атырғаны атап өтилип, оларды шешиў илажлары көрип шығылды.

Мысалы ушын, медицина тараўындағы мүрәжатлардың дерлик ярымын ордер тәртибиниң орнына ашық-айдынлық системасы жолға қойылса, кеминде 10 мың шағымның азаятуғыны айтып өтилди.

Енди мүрәжатлардың барлығы бирден-бир электрон базада жәмленип, Халық қабыллаўханалары ҳәр шеректе мәмлекетлик уйымлардың ашық рейтингин қәлиплестириўи белгиленди. Барлық министрликлер ҳәм уйымлар, ҳәкимлерде мүрәжатларды дизимге алыў, оларды көрип шығыў ҳәм нәтийжесин қадағалаў бойынша Бирден-бир онлайн платформа жаратылады. Ол арқалы мониторинг жүргизилип, ҳәр айда Сенатқа ҳәм Ҳүкиметке аналитикалық мағлыўмат киргизиледи және сын көзқарастан додалап барылады.

Сондай-ақ, халық мүрәжатларында көтерилип атырған мәселелерди шешиў бойынша министрлик, уйым ҳәм аймақ басшыларының есабатын Сенатта ҳәр шеректе, жергиликли ҳәкимликлердиң есабатын болса жергиликли Кеңеслерде ҳәр айда тыңлап барыў әмелияты жолға қойылады.

Мәжилисте жуўапкерлер халық мүрәжатлары бойынша жаңаша системада ислесиў бойынша өз пикир ҳәм режелерин билдирди.

 

ӨзА