Елимиздиң арқа дәрзаўасы есапланған «Даўыт ата» шегара бажыхана посты мәмлекетимиздиң қоңсылас  Қазақстан Республикасы ҳәм ол арқалы дүнья еллери менен саўда-байланысларда айрықша әҳмийетке ийе орынлардың биринен есапланады.

Пүткил дүнья жүзин тәшўишке салып атырған пандемия шараятына қарамастан усы пост арқалы сыртқа саўда жүклерин өз мәнзиллерине жеткериўши жүк автомашиналарының ҳәрекети тоқтаўсыз даўам етпекте.

Карантин қағыйдаларына әмел етиў бойынша барлық шараятлар жаратылған бул постта бажыхана хызметкерлериниң 24 саатлық ис режиминде сергек турып, елимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў, заманагөй қадағалаў қуралларын қолланған ҳалда бажыхана тексериўин нәтийжели ҳәм тез пурсатларда әмелге асырыў жолға қойылған.

Усы жылдың биринши ярымында «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы жәми 50276 автотранспорт қуралы кириў, шығыў ҳәм транзит жөнелислерде ҳәрекетленген. Соннан 46174 (улыўма ҳәрекетленген автотранспорт қуралларының 91 процентти) жүк автотранспорт қуралы болып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда (32318) олардың ҳәрекети 42,8 процентке көбейген.

Посттың бир күнлик автотранспорт қуралларын өткериўшеңлик мүмкиншилиги орташа 260-300 ге туўра келеди. Ҳәр бир автотранспорт қуралының бажыхана постынан кириўинен баслап, шегера, фитосанитария, карантин ҳәм бажыхана қадағалаўы және рәсмийлестирилиўи ушын орташа есапта 1-1,5 саат ўақыт сарпланбақта.

Усы жылдың басынан берли пост арқалы жүк автотранспорт қуралларында 108 миллион 863 мың АҚШ долларындағы 287 мың 713 тонна товар кириў жөнелисинде, 752 миллион 342 мың АҚШ долларындағы 329 мың 599 тонна салмақтағы сыртқы саўда жүклери шығыў жөнелисинде алып өтилген.

Усы көрсеткишлерден  «Даўыт ата» шегара бажыхана постының тек елимиздиң сыртқы саўда байланыслары емес, бәлким қоңсы ҳәм үшинши мәмлекетлердиң сыртқы саўда товарлары ушын да әҳмийетли стратегиялық әҳмийетке ийе екенлигин көриўимизге болады.

«Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы нызамсыз ҳәрекетленип атырған товар материаллық байлықлар, қадаған етилген нәшебентлик затлар, психотроп қуралларының республикамызға кирип келиўи ҳәм мәдений байлықлар, сондай-ақ, алып шығып кетилиўи шекленген ямаса қадаған етилген товар-материаллық байлықлардың нызамсыз алып шығылыўының алдын алыў бағдарында пост хызметкерлери тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте. Усының нәтийжесинде быйылғы жылдың өткен 6 айы даўамында 58  бажыхана нызам бузылыў жағдайы анықланған болып, улыўма баҳасы 1 миллиард 498 миллион сумға тең товар-материаллық байлық айғақлы дәлийл сыпатында белгиленген тәртипте тоқтатылып қалынды.

 

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы