Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж 325 шаңараққа 42 миллион сумлық 650 килограмм гөш тарқатылды.

Атап айтқанда, тынышлық, шүкиршилик, мийрим-шәпәәт ҳәм сақаўат белгиси болған теберик әййямда Хожели районынан 50, Нөкис, Тақыятас, Кегейли районларының ҳәр биринен 20 дан, Нөкис қаласынан 215 шаңараққа гөш берилди.

-Елимиз басшысының Өзбекстан халқына Қурбан ҳайыты қутлықлаўында атап өтилгениндей, кейинги жылларда муқаддес динимиз, миллий-диний қәдириятларымызды тиклеў, раўажландырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Исламбек Тажетдинов.-Мақсетимиз инсаният басынан өткерип атырған бүгингидей сынаўлы күнлерде кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларды материаллық және моральлық қоллап-қуўатлаў болып табылады. Қайырқомлық илажлары даўам еттирилип бүгин және усындай хожалықларға 21 миллион сумлық гөш тарқатылады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери