Ҳәр қандай жәмийетти қүдиретли, миллетти уллы ететуғын күш бул – илим-билим, тәлим ҳәм тәрбия. Бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған жаңаланыўлар, соның ишинде жоқары билимлендириў тараўындағы дәслепки реформалар, ең әўеле, жаслардың жоқары билим менен камтып алыныўын және де кеңейтиў, билимли ҳәм уқыплы, жәҳән стандартына сай қәнигелерди таярлаў, жоқары оқыў орынларының жағдайын ҳәр тәреплеме жақсылаў, профессор-оқытыўшыларды экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаўға қаратылмақта.
Жаңаланып атырған Өзбекстанда илим-билимге итибар жоқары шоққыға шығып атырғаны тосыннан емес, әлбетте. Себеби, заманагөй турмысты илим-билим ҳәм тәлимниң раўажланыўысыз көз алдымызға келтириў қыйын. Жер жүзиниң раўажланған жетекши мәмлекетлеринде де билимлендириўди раўажландырыў мәселеси биринши дәрежели ўазыйпа сыпатында белгиленбекте. Өйткени, бүгинги күнде ҳәр қандай елдиң келешеги усы тараўда қолға киргизилген жетискенликлери менен байланыслы болып қалмақта.
Әлбетте, Өзбекстанда билимлендириў тараўын түп-тийкарынан жаңалаў, оны халықаралық стандартларға интеграцияластырыў, сондай-ақ, мийнет базары талабына жуўап беретуғын жоқары тәжирийбеге ийе қәнигели кадрлар таярлаў бойынша турмысқа енгизилип атырған реформалар айрықша итибарға ылайық. Лекин соған қарамастан, сапа бағдарында өзгерислер елеберин кеўилдегидей сезилмей атыр. Билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, оқыў ислерин базар талаппларынан келип шығып шөлкемлестириў мәселеси жоқары оқыў орынлары итибарынан шетте қалмаўы керек.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жылдың 16-июнь күни жоқары билимлендириӯ системасындағы баслы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисиниң өткерилгенлиги бул бағдардағы жумыслардың қаншелли әҳмийетли екенлигин тастыйықлайды. Онда жоқары оқыў орынларында оқытыў ҳәм басқарыў процесслерин толық санластырыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Жоқары билимлендириў мәкемелери ректорлары алдына үлкен ўазыйпа қойып, Президентимиз былай деген еди: «Мен ректорды ең үлкен реформатор, пидайы, деп билемен. Егер ол жасларды билимли етип тәрбиялай алса, бизге басқа ҳеш нәрсе керек емес. Сапа менен шуғылланбаған, «студент ушын мен не бере аламан», деген сораўға жуўабы болмаған ректордың келешеги жоқ».
Тийкарынан, видеоселектор мәжилисинде жокары билимлендириў системасындағы басшыларға барлық күш ҳәм ресурсларды 4 әҳмийетли ўазыйпаға қаратыў бойынша көрсетпелер берилди. Бул ўазыйпалардан келип шығып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Кеңеси, факультетлердиң деканлары, кафедралар басшылары, профессор-оқытыўшылар қатнасында, видеоселекторда атап өтилген мәселелерди ҳәр тәреплеме додалап, алдымызға жүдә үлкен режелерди белгилеп алдық.
Бириншиден, Университет Кеңесиниң басқарыў ролин күшейтиў ҳәм кафедралардың ўәкилликлерин кеңейтиў бойынша 2022-жылдан баслап өзин-өзи қаржыландырыўға өтиўин есапқа алып, университет билимлендириў системасының тийкарғы буўыны бул – кафедралар болыўы тийис екенлиги, ҳәрекеттеги кафедралардың барлық бағдарлар бойынша жумысы сын көзқарастан үйренип шығылмақта. Ҳәр бир кафедраның қурамлық дүзилиси, әсиресе, кафедра басшыларының компетентлигине кеўил бөлинбекте. Басқа бағдарлардағы жумыслары барысында илимий-изертлеў жумысларын күшейтиў, заманагөй д талаплары негизинде шөлкемлестириў, нәтийжеде илимий жумыслар есабынан келип түсетуғын қәрежетлерди 2021-жылдың акырына шекем 10 миллиард сумға жеткериў ўазыйпасын өз алдымызға ўазыйпа сыпатында белгилеп алдық.
Екиншиден, билимлендириў процесин базар талапларына бейимлестирип, өндирис пенен бирлигин тәмийинлеў, студенттиң өз үстинде ислеўи ушын имканият ҳәм қолайлықларды жаратыў. Жоқары билимлендириў мәкемелери алдына, студентти оқыўға қабыл етиўден алдын оларды қай жерге жумысқа жибериўин, буның ушын жумыс бериўшилер менен 10 жыллық шәртнамаға ийе болыўы кереклиги ўазыйпасы қойылды. Бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын ең дәслеп студентлердиң әмелиятлары, олардың бағдарламалары, әмелият объектлери менен дүзилетуғын бирге ислесиў шәртнамаларын қайта көрип шығыўды көрсетпекте. Оқыў бағдарламаларында әмелиятқа ажыратылған көлемин арттырыў бағдарында олардың мазмунында студенттиң ертеңги күни жумыс пенен тәмийинлениўин нәзерде тутыўшы, университет ҳәм өндирис кәрханалары ушын теңдей мәп келтиретуғын механизмлер болыўы талап етилмекте. Биз усындай кәрханалар менен узақ мүддетли шәртнамаларды дүзиўде ең дәслеп усы мәселелердиң шешимин нәзерде тутыўымыз керек. Буның ушын кафедралар белгили бир тараў бойынша аймақта ҳақыйқый локомотив сыпатында өзин көрсете алыўы, кафедраларда шебер методистлер жумыс ислеӯи шәрт. Бизиң алдымызға қойған ўазыйпаларымыз әне усылардан ибарат.
Үшиншиден, жоқары оқыў орынларының илимий күшин арттырыў, илим-билим ҳәм инновацияны раўажландырыў ўазыйпасы бағдарында университет оқыў процеси ҳәм илимий-изертлеў ислери бойынша ҳәрекеттеги кафедралардың ҳәр бири кеминде 2 абырайлы шет ел жоқары оқыў орынларының кафедралары менен бирге ислесиў бойынша байланыс орнатыў бағдарында жумыс алып бармақта. Ҳәр жылы кафедралардан кеминде 1 оқытыўшыны шет елге қәнигелигин арттырыўға жибериў бойынша усыныслар берилди. Кафедраларда халық аралық базалардан мағлыўмат алыў, Scoрus, WebofScience, Elsevier, Springer базаларынан пайдаланыў бойынша жумыслар исленбекте.
Төртиншиден, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер ушын қағазпазлықты азайтыў, тараўды санластырыў арқалы бюрократия ҳәм коррупцияны кескин қысқартыў ўазыйпасынан келип шығып, тараўды санластырыў ислери қайта көрип шығылмақта. Илимий жумысларды плагиатқа тексериў менен шуғылланатуғын фирмалардан бири менен шәртнама дүзиў бағдарында жумыслар басланды.
Университетте оқыў, илимий, мәдений-ағартыўшылық тараўларында алып барылып атырған жумысларды социаллық тармақларда кеңнен жарытыў бойынша жаңа ўазыйпалар қойылды. Бүгинги күни алып барылып атырған жумысларды социаллық тармақларда кеңнен жарытыў бойынша жоқары оқыў орнының веб-сайтына университеттиң журналистика кафедрасынан тәжирийбели профессор-окытыўшылар жуўапкер етип бириктирилди. Университет профессор-оқытыўшыларынан ибарат топар шөлкемлестирилип, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў олардың социаллық тармақларда жаӊаша усылда креатив пикир-усыныслары менен қатнасыўлары жолға қойылды.
Атап айтқанда, Жаңа Өзбекстанның жоқары билимлендириў тараўындағы жаӊаланыўлары профессор-оқытыўшылар көзқарасынан додаланып, студент жасларға турмыслық мысаллар арқалы тәсиршең тәризде жеткерип берилмекте.
Ҳәзирги күни университет QMU.UZ веб сайтының 11 мыңға жақын ағзасы бар болса, студент-жаслар, олардың ата-аналары менен университет ректорының тиккелей сөйлесиўин жолға қойыў мақсетинде телеграмм каналлары ҳәм социаллық тармақлары турақлы түрде хызмет көрсетип келмекте.
Әсиресе, университетимиздиң шет ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликтеги жаңа бағдарлары, университетимиздеги соңғы реформалар, Президентимиз жаратып берген имканиятлардан дурыс пайдаланып атырған жасларымыздың жетискенликлери ҳақкында толық мағлыўматлар берилмекте.
Университетимизде жаңа оқыў жылынан баслап “Медиа орай” шөлкемлестириўди режелестирип отырмыз. Бул орайға тийкарынан қәбилетли студент-жасларды қамтыў нәзерде тутылған. Университетимизде жаңа оқыў жылынан баслап республика ҳәм аймақлар дәрежесинде әмелге асырылып атырған реформаларды халыққа үгит-нәсиятлаў, ғалаба хабар қуралларында жәрияланған жалған ҳәм қәлбеки хабарларға оператив мүнәсибет билдириў мақсетинде “Реформалар – халық ушын” атамасындағы үгит-нәсият жойбарын иске түсириў мақсетинде кафедра басшылары ҳәм билимли студентлерден ибарат топар шөлкемлестириў жумыслары режелестирилди.
Журтбасшымыз тәрепинен жоқары билимлендириў системасы басшылары алдына қойылған талаплар ҳәм көрсетпелерди орынлаў ушын жоқары оқыў мәкемелери академиялық ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў бойынша өз бетинше қарар қабыл етиў ўәкиллигиниң берилиўи мәселе шешимине қаратылған ең дурыс жол есапланады. Себеби, буннан кейин, оқыў режеси ҳәм әдебиятлар, пән бағдармаларын таярлаў, профессор-оқытыўшылардың оқыў жүклемеси және билимлендириў формаларын белгилеўди оқыў орны басқарыў кеӊесиниң өзи шешеди.
Жоқары билимлендириӯ мәкемелерниң илимий потенциалы мәселесине айрықша итибар қаратылар екен, бул бағдарда келеси жылдан докторантураға квоталар санын еки есеге көбейтиўди, оннан кейинги жылларда ҳәр жылы 50 процентке арттырып барыў белгиленбекте. Буның ушын ҳәр жылы бюджеттен қосымша 100 миллиард сум, ҳәр бир тармақ өз тараўына тийисли жоқары оқыў орынларына докторантлар квоталары ушын және 10 миллиард сумнан ажыратыўы мәмлекетимиз илимин буннан былай да раўажландырыўға қаратылған исенимли қәдем болды.
Жуўмақлап айтатуғын болсақ, жоқары билимлендириӯ мәмлекеттиң ертеңги келешегин белгилеп беретуғын, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын раўажландырыўда шешиўши ӯазыйпаны орынлайтуғын әҳмийетли фактор есапланады. Жәмийетте жоқары мағлыўматқа ийе, тәжирийбели қәнигелер қанша көп болса, раўажланыў сонша тез ҳәм нәтийжели болады. Билимлендириўдиң сапасы жақсыланса, ҳәр бир тараўда өзгерис, раўажланыў көзге тасланады.
А. РЕЙМОВ,
Бердақ атындағы Қарақалпақ
университетиниң ректоры.
Қарақалпақстан хабар агентлиги