Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 13-июльдеги қарары менен Өзбекстан мусылманлары басқармасының 2021-жылы Қурбан Ҳайытының биринши күни 20-июль сәнесине туўра келиўи ҳаққындағы қабыл еткен қарары инабатқа алынып, 20-июль күни елимизде Қурбан ҳайыты байрамы етип белгиленди. Қарар менен 2021-жыл 21-22-июль күнлери де демалыс күнлери сыпатында белгиленди.
Сонлықтан, биз бул байрам бойынша кеңирек түсиник алыў мақсетинде Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммед» жомъе мешити имам найыбы (орынбасары) Айбек Жолаўшиевтан қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.
– Қурбан ҳайыты – бул не? Қашан белгилениўи керек?
– Ислам дининде мусылманлардың ең үлкен еки байрамы бар болып, бириншиси Рамазан ҳайыты, екиншиси Қурбан ҳайыты болып есапланады.
Рамазан ҳайыты-оразадан кейин ертеңине белгиленетуғын болса, Қурбан ҳайыты- ҳижрий есаптағы 12-айдың ең ақырғы айы Зулҳижжа айының 10-11-12-сәнелерине туўра келип, усы үш күн ишинде Ҳаж сапары әмелге асырылады. Ҳажға барғанлар усы күнлери шәртли рәўиште қурбанлық етиўи тийис есапланады.
– Байрамды белгилеў қағыйдалары қандай?
– Ислам дининиң талапларына бола, Қурбан ҳайыты мазалы тағамлар таярланып, шадлық ҳәм ойын-күлки тәризинде байрамланыўы тийис. Сонлықтан, бул күнде бир-биреўди байрам менен қутлықлаў, жақын ағайинлерди зыярат етиў, саўғалар бериў, жетим-жесир, бағыўшысын жоғалтқанларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериў лазым.
Усы күнлер ишинде қойымшылықларға барыў ямаса өткен жақынларды еслеп аза тутыў керек емес. Сондай-ақ, Қурбан ҳайыты күнлери ораза тутыўға болмайды ҳәм оның саўабы қабыл етилмейди. Себеби, бундай ис сүннетимиз қағыйдаларына муўапық емес.
Қурбан ҳайыты басланған күни ерте таң намазынан соң, жәмәәт жыйналған түрде (жеке түрде оқылмайды) Ҳайыт намазы оқылады. Жума намазы парыз болған инсанларға ҳайыт намазын оқыў ўәжиб болады. Усы намаздан соң ғана қурбанлық сойыўды баслаў мүмкин.
Бирақ, быйылғы жылда пандемия шараятын есапқа алған ҳалда Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар кеңеси қурбан ҳайыты намазын бийкар етип, оның орнына үйде Зуҳа намазын оқыў бойынша пәтўа жәриялады. Сондай екен, байрам күни жақынларды зыярат қылғанда да карантин талапларына толық әмел етиўимиз керек.
Ҳайыттың үшинши күни қуяш батқаннан соң қурбанлық етиўге болмайды.
Соны да еслетип өтиў керек, ҳайыт күни шелпек писириў ҳәм оны тарқатыў шәриятымызда дурыс емес.
Ислам тарийхы дәреклерине қарағанда, бир күни Ибраҳим алайиҳиссалам түс көрип, онда баласы Исмайылды қурбанлық етип атырғанын көреди.
Бул ҳаққында Ибраҳим әлейиҳиссалам баласы Исмайыл алайҳиссаламға айтқанда ол –бундай түс көрген болсаңыз Аллаҳ тааланың қәлеўи усындай шығар. Егер сондай болса, мен оған таярман-деп келисим береди. Буннан соң Ибраҳым әлейҳиссалам баласын қурбанлық етиў орнына алып келип, қурбанлыққа шалмақшы болғанда Аллаҳ таала көрген түсин тастыйықлағанын айтып, оның орнына аспаннан қошқарды жибереди. Усы жол арқалы Аллаҳ таала Ибраҳим әлейҳиссаламды сынап көрмекши болған екен. Сонлықтан, қурбанлық күни көбинесе қошқар яки қойды қурбанлыққа сойыў тәртиби енгизилген.
– Кимлер қурбанлық етсе дурыс болады?
– Динимизде қурбанлық етиў шәрт болған инсанлар көрсетилген болып, оларға қойылатуғын талаплар төмендегише етип белгиленген. Яғный:
-мусылман болыўы
-бәлағат жасына жеткен болыўы
-ақыл-еси пүтин болыўы
-ҳүр болыўы (яғный, қул болмаўы)
-муқим болыўы (мүсәпир ямаса өз елинен жырақта жүрген болмаўы)
Закат нысабына ийе болған мусылманлар-яғный, өзиниң күнделикли иқтыяж буйымларынан аўысық мал-мүлкке ийе инсанлар шәртли түрде қурбанлық етиўи лазым. (Бул 85 грамм салмақтағы алтын. Өзбекстан мусылманлары басқармасы 2021-жылғы зәкат муғдарын 27 млн. 200 мың сум етип белгиледи)
Бул муғдардағы қәрежетке ийе болмаған шахслар қурбанлық етиўи шәрт емес. Егер, бундай шахс қурбанлық етиўди қәлесе, қурбанлық етиўи мүмкин.
- Қандай жәниўарлар қурбанлық етиледи?
– Қурбанлық етилиўи лазым болған жәниўарларға шарўа маллары – қой, ешки, қара мал, түйе киреди. Бунда:
-қой ҳәм ешки 1 жасқа толған болыўы
-қара мал 2 жасқа толған болыўы
-түйе 5 жасқа толған болыўы керек.
-Егерде усы жәниўарлардан тек ғана қой 6 айлық болып, турпаты ҳәм салмағы жағынан 1 жастағы қойға туўра келсе қурбанлық етиўге болады.
Бунда қой ҳәм ешки 1 адам тәрепинен, ал түйе ҳәм қара малды 7 адамға шекем биригип қурбанлық етсе болады. Биригип қурбанлық етилген жәниўардың сом гөши (гелле, бас-сыйрақ, қарын буған кирмейди.) теңдей бөлистирилиўи лазым.
Сондай-ақ, биригип қурбанлық етип атырған адамлардан бири тек ғана гөш ушын қосылған ямаса мусылман болмаса қурбанлық қабыл болмайды.
- Қурбанлық тарқатыў тәртиби қандай?
– Уламаларымыз: «әпиўайы жағдайларда қурбанлықтың гөшин үшке бөлип, бир бөлегин жегени, екинши бөлегин кәмбағалларға бергени, үшинши бөлегин сақлап қойған жақсы», – дейди.
Ал, мүтәжлер көбейгенде олардың ғамын қылыў зәрүр болады.
Усы тәризде үшке бөлинген гөшти тарқатыў ямаса үйге шақырып ас писирип қонақ шақырыў мүмкин.
Әлбетте, ҳәр бир мөмин-мусылман қурбанлықты өз қолы менен сойыўы абзал, егер бул қолынан келмесе өзгелер жәрдеминде орынласа болады. Бунда сойған кисиге қурбанлық гөшинен «қол ҳақы» (халық тилинде «қол үзлик») бериўге болмайды. Оның орнына басқаша түрде разы етсе болады.
Ал, қурбанлықты тарқатыў ўақтында қассапқа қурбанлық есабынан гөш бериў мүмкин.
Ә.Жиемуратов сәўбетлести,
Қарақалпақстан хабар агентлиги