ӨзР Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң хабар бериўинше, 2021-2022-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларына студентлердиң оқыўын көшириў бойынша арзалар төмендеги электрон системалар арқалы дизимге алынбақта.

 

Республикамыздағы бир жоқары оқыў орнынан басқа жоқары оқыў орнына ямаса бир жоқары оқыў орны шеңберинде – transfer.edu.uz;

Сырт еллердеги ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларынан – transfer.dtm.uz.

 

Мәмлекетлик тест орайының хабар бериўинше, сырт еллерден оқыўын көшириў бойынша өтиў баллары 25-июльға шекем Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және қурамында жоқары оқыў орынлары болған министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен белгиленеди, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларында жәрияланады.

Бунда студентлердиң оқыўын көшириўди сырт еллерде жумыс алып барып атырған жоқары оқыў орынларынан Өзбекстан Республикасындағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының сәйкес ҳәм түрлес болмаған тәлим бағдарларына көшириўге рухсат берилмейди.

Еслетип өтемиз, 2021-2022-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларына студентлердиң оқыўын көшириў бойынша арзалар 15-июльдан 5-август күнлери аралығында қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.