Қарақалпақстан Республикасында экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм қоршаған орталықты, тәбийғый ҳәм биологиялық ресурсларды қорғаў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылып,  2021-жылдың бәҳәр айларында Арал теңизиниң қурыған ултанында 458,4 мың гектардан аслам майданда «жасыл қапламалар» қорғаў тоғайзарлықларын пайда етиў жумыслары әмелге асырылған.

2020-2021-жылларда Нөкис қаласы әтирапындағы 10 километрлик аралықта жергиликли түрдеги тереклер егилген.

2020-жылғы гүз ҳәм 2021-жылғы бәҳәр айларында республикамыз аймағында жәми 17,3 миллион саяманлы, мийўели ҳәм путақлы ағаш нәллерин егиў белгиленген болып, усы күнге шекем 17,7 миллион етип реже 102,7 процентке артығы менен орынланған.

Биз усы комитет баслығының биринши орынбасары М.Жоллыбеков пенен сәўбетлесип, қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Әтирапымыздың жасыл түрге бөленип турыўы, ҳаўаның тазалығы, көклемзарластырыў жумыслары менен тығыз байланыслы, комитет тәрепинен усы бағдарда қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

 

– Ҳәзирги ўақытта республикамызда 1 миллион 914 терек хатлаўдан өткерилип, мағлыўматлар базасына киргизилген. Оларды тәрбиялаў, қорғаў жумыслары ҳаўаның тазалығын сақлаў ушын үлкен әҳмийетке ийе, әлбетте. Бул ушын комитет тәрепинен барлық мүмкиншиликлерден пайдаланыўға ҳәрекет етилмекте.

Сондай жумыслардың бири сыпатында, Шымбай районы «Гүжимли» АПЖ аймағындағы 8 дана 100 жастан асқан гүжим тереклериниң тәбият естелиги, деп жәрияланыўы бойынша район ҳәкиминиң арнаўлы қарары менен мәмлекетлик қорғаўға алынғанлығын атап өтиўимизге болады.

Тоғай хожалығы тәрепинен 2020-жылғы гүз ҳәм 2021-жылғы бәҳәр айларында аймақларды көклемзарластырыў ушын, жәми 2 миллион 596 мың нәл жеткерип берилген. Соннан суўдың жетиспеўшилиги ҳәм ҳаўа райының кескин ысып кетиўиниң нәтийжесинде, егилген нәллердиң 12,5 проценти қуўрап қалған. Районлардағы абаданластырыў басқармаларына қуўрап қалған нәллердиң орнына жаңа нәллерди егиў бойынша усыныслар берилди.

Өсимликлерди тәрбиялаў, сақлаў орынларының саны 2020-жылда 205 гектар еди. 2021-жылда жаңадан 52 гектар майданда усындай орынлар  шөлкемлестириледи. Ҳәзирги ўақытта республикамызда жабайы ҳайўанларды көбейтип, тәрбиялаў орынлары майданын кеңейтиў мақсетинде, Министрлер Кабинетиниң «Судочье-Ақбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасын шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағын шөлкемлестириў ҳаққындағы қарарлары негизинде, жабайы ҳайўанларды көбейтиў, тәрбиялаў орынларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

– Ҳаўаны, топырақты патаслаў көбинесе айырым усындай шығындылар көп шығатуғын кәрханалар себепли келип шығатуғынлығы ҳәммеге белгили. Қоршаған орталықты қорғаў бойынша мониторинг жумысларының нәтийжелери қандай?

  • Комитет тәрепинен тийисли тәртипте жәми 44 кәрханада, соннан атмосфера ҳаўасын қорғаў бойынша 17, суў ресурсларын қорғаў бойынша 12, топырақты патасландырыўшы 15 кәрханада экологиялық қадағалаў илажлары өткерилди.

Усы кәрханалардың 325 дәрегинен алынған 721 үлги бойынша өткерилген 2636 анализдиң нәтийжесинде, 18 кәрхананың 69 дәрегинде шығындылардың муғдары белгиленген нормадан артық болғанлығы анықланды. Бул бойынша тийисли жумыслар әмелге асырылмақта.

  • Қарақалпақстанда атмосфераның, ҳаўаның патасланыўында өзгерислер бар ма? Оны қорғаў бойынша қандай илажлар әмелге асырылмақта?
  • «Қарақалпақгидромет» орайының мағлыўматларына қарағанда, быйылғы биринши ярым жыллықта өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда кескин өзгерислер бақланбаған.

2020-жыл даўамында ҳәм 2021-жылдың биринши ярым жыллығында 1707 дана автотранспорттың экологиялық жақтан таза газ жанылғысына өткерилиўи ҳәм басқа да илажлар нәтийжесинде атмосфераға шығарылған тасландылардың муғдарын 79 тоннаға шекем азайтыўға ерисилди.

«Өзнефтьгаз»ге қараслы Тулей, Қоңырат, Қарақалпақ, Ақшолақ газ қубырлары басқармалары, «Өзхимиясанааты»на қараслы Қоңырат сода заводы тәрепинен ҳаўаға шығарылатуғын турақлы дәреклерин шаң-газ тутқышлар менен үскенелеў жумыслары алып барылмақта.

«Қарақалпақцемент» ЖШЖ қоспа кәрханасында турақлы дәреклерди шаң-газ тутқышлар менен үскенелеў, реконструкциялаў жумыслары толық орынланғаннан кейин әмелге асырыў режелестирилген. Усы илажлар толық әмелге асырылғаннан кейин атмосфера ҳаўасына шығатуғын тасландылардың муғдары 2019-жылға салыстырғанда үш есеге азайтыўға ерисиледи.

  • Суў, жер ресурсларын ҳәм жер асты байлықларын қорғаў қалай алып барылмақта?
  • Усы мақсетте комитет тәрепинен Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 24-октябрьде тастыйықланған «Қоршаған орталыққа жоқары ҳәм жүдә қәўипли тәсир етиўши санаат кәрханаларында заманагөй ақаба суў тазалаў қурылмаларын орнатыў ҳәм барларын модернизациялаў бағдарламасы»ның орынланыўы муўапықластырылмақта.

Ҳәзирги ўақытта республикамыздағы усындай кәрханалардың бири «Orient Techology» ЖШЖдан алынған мағлыўматларға қарағанда, «Энергия прогресс металл» кәрханасы тәрепинен локал тазалаў қурылмаларын орнатыў ушын жойбар ҳүжжетлери таярланбақта. Кәрхананың хром фильтр, насос, қум тутқыш үскенелери алмастырылған. Бул жумыслар ушын 30 миллион сумлық қаржы жумсалған.

Хожели районындағы “EKOLINE  ROOT” ЖШЖда локал тазалаў қурылмаларын модернизациялаў усы жылдың үшинши шерегинде әмелге асырылыўы режелестирилген. Бул илажларды әмелге асырыў ушын 105 миллион сум жумсалыўы режелестирилмекте.

Шымбай районындағы “LАNEXTRAKT“ ЖШЖда ислеп турған ақаба суў тазалаў қурылмаларында ҳәм үскенелеринде ақаба суўларды тазалаўшы 70 фильтр-пресса, 5 ультра мембрана фильтр, 107 метрлик канализация қубырлары алмастырылып, ақаба суў тындырғышларында коррозияға қарсы оңлаў жумыслары алып барылды.

Келип түскен 2505 мүрәжаттан 2390 мүрәжатқа унамлы жуўап берилди. 94 мүрәжат көрип шығылмақта.

Усылар менен бир қатарда, Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасы аймағындағы суў объектлериниң суўды қорғаў ҳәм санитариялық-қорғаў зоналарын белгилеў тәртиби бойынша Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Аралбойы дельта басқармасы ҳәм «Ўздаверлойиҳа» институты менен Нөкис қаласы, Нөкис, Хожели районларының аймақларында Әмиўдәрьяның суўын қорғаў зоналарын белгилеў бойынша карталарын сызыў ҳәм паспортларын ислеп шығыў жумыслары алып барылмақта.

– Шығындылар, соннан турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары менен байланыслы жумысларды жетилистириў бойынша нелер исленбекте?

– Ҳәзирги ўақытта санитар-тазалаў хызметлери менен пуқаралар жыйынларын қамтып алыў 91 процентке жеткерилди. Санитар-тазалаў хызметлерине қамтылыўы талап етилетуғын 2486 шөлкемниң 1283и менен шәртнамалар дүзилди. Көрсетилген хызметлердиң нәтийжесинде быйыл 6 айда 9 миллиард 986,9 миллион сум, соннан «Таза аймақ» МУК тәрепинен 7 миллиард 487 миллион, жеке кәрханалар тәрепинен 2 миллиард 498 миллион сум өндирип алынды.

Бүгинги күнде шығындыларды топлаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлерин шөлкемлестириўде жеке сектордың үлеси 14,4 процентке, шығындыларды жыйнаўшы шақапшалардың саны 624ке, шығындыларды топлаўшы контейнерлердиң саны 782ге жеткерилди.

Халыққа санитар-тазалаў хызметлерин көрсетиўде быйыл 30-июнь ҳалатына 71113 тонна қатты турмыслық шығындылар ҳәм 9021 тонна суйық шығындылар шығарылып полигонларға жайластырылды.

«Таза аймақ» МУКтың районлық филиалларының 17 полигонында 62,3 гектарлық, «Мыңбай Нөкис» ЖШЖ полигонының 18 гектарлық, жәми 80 гектарлық майданында рекультивация жумыслары алып барылды.

Қатты турмыслық шығындыларды қайта ислеў тараўында жумыс ислеп турған 5 кәрхана ҳәм екинши дәрежели шийки зат өнимлерин қабыллаўшы 9 шақапша тәрепинен быйыл 7131 тонна полиэтилен, пластмасса, қағаз, текстиль, шийше, металл, техникалық май, резина, қурылыс, ағаш өнимлерин қайта ислеў 10 процентти қурамақта.

Санаат шығындыларын жайластырыў полигонларының улыўма майданы 138 гектар болып, есап бериў дәўиринде 15 мың 905 тонна шығынды жайластырылды.

Усы жылдың алты айы даўамында Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 28-январьдағы «Қурылыс шығындылары менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тәртибин және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 242 кәрхана ҳәм шөлкемлер менен 217 миллион 550 мың сумлық шәртнамалар дүзилди.

Сондай-ақ, үйрениўлердиң нәтийжесинде орынларда нызамсыз түрде жумыс ислеп турған 15 шақапша анықланып, 7 шақапшаның жумысы талапларға муўапықластырылды.

 

Ә.Жиемуратов сәўбетлести,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы