Қарақалпақстан Республикасы тоғай хожалығы тоғай фондының жер майданы  6 миллион 602 мың 575,9 гектар болып, соннан тоғай менен қапланған майдан 1 миллион 111 мың 562,7 гектарды қурайды.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 25-ноябрьдеги «Республика аймағында тоғайзарлықлар, сондай-ақ, Арал теңизи ҳәм Аралбойы аймақларында «жасыл қапламалар» пайда етиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, республикамызда жәми 375 мың гектарлық майданда тоғайзарлықлар жаратыў белгиленген. Сондай-ақ, тоғай хожалығына тоғай араларына егин егиў, ондағы пайдалы өсимликлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша да бир қатар тапсырмалар жүкленген.

Биз Қарақалпақстан Республикасы тоғай хожалығы комитети баслығының орынбасары Ернияз Акимниязов пенен сәўбетлесип, бул бойынша қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

  • Тийкарғы ўазыйпа тоғайзарлықлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм оның жер майданын кеңейтип, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў болып есапланады. Қарарда көрсетилген тапсырмалар қалай орынланбақта?

– Қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2020-жылдың гүз, қыс ҳәм 2021-жылдың бәҳәр айларында Арал теңизиниң қурыған ултанында жәми 458426 гектар майданда фитомелиорация жумыслары алып барылды.

Атап айтқанда, туқымнан 340860 гектарда, соннан, самолёт жәрдеминде 300080 гектарда, техника жәрдеминде 40780 гектарда ҳәм 3000 гектарда шарўа маллары ушын жайлаўлар және 12653 гектарда нәлден мәдений тоғайзарлықлар пайда етиў ушын егиў жумыслары әмелге асырылды.

Белгиленген режеге муўапық, 5600 гектар жер майданда тәбийғый ҳәм мәдений тоғайзарлықларда зыянкеслер ҳәм кеселликлерге қарсы гүресиў жумыслар алып барылды. Соның ишинде, 4050 гектарлық жерде механикалық усылда (қус уяларын қурыў, ҳәклеў жумыслары, шырмаўықлар) ҳәм биологиялық усылда гүресиў жумыслары алып барылды.

Бул жумыслар нәтийжели даўам етип, 6 ай даўамында республикамыздағы тоғай хожалықлары тәрепинен 724899 килограмм туқым таярланды. Таярланған туқымлар белгиленген орынларда егилип тоғайлықлар пайда етиў ҳәм нәлханалар шөлкемлестириў ушын жумсалды. Жәми 205 гектарлық майданда, соннан, туқымнан 169 гектарлық майданда ҳәм қәлемше менен нәлшелерден 36 гектарлық майданда нәлханалар шөлкемлестирилди.

– Тоғайзарлықлардан өнимли пайдаланыў ушын және қандай имканиятларды иске қосып атырсыз? Тоғай араларына пайдалы аўыл хожалығы егинлерин егиў шөлкемлестирилип атыр ма?

– Дурыс. Бул ҳаққында ҳүкиметимиз басшылары тәрепинен өткерилген видеоселектор мәжилислеринде де бир қатар пикир-усыныслар ҳәм тапсырмалар берилген еди.

Сонлықтан, республикамыздағы тоғай хожалықларының қосымша имканиятларынан пайдаланыў мақсетинде бир қатар жумыслар исленди.

Атап айтқанда, тоғайлықлардың араларындағы 376,45 гектарлық майданда аўыл хожалығы егинлери егилди. Соннан, 262,9 гектар майданға дәнли, 5 гектар майданға баўбақша, 15,8 гектар майданға палыз, 25,65 гектар майданға майлы ҳәм 62,75 гектар майданға от-жем егинлери егилди. Буннан тысқары 279,3 гектарлық майданда дәрилик егинлердиң плантациялары шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары (ПҚ-4850-санлы) ҳәм тастыйықланған мәнзилли бағдарламаға тийкарланып, 2021-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша суўғарылатуғын аўыл хожалығына тийисли атызлардың шетлериндеги 250 гектарлық майданда қорғаныў терекзарлары пайда етилди.

– Арал теңизиниң қурыған ултанында тоғайзарлықлар пайда етиў бойынша 2020-жылға шекем қандай нәтийжелерге ерисилген еди?

– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 15-февральдағы «Арал теңизиниң суўы қурыған майданларында жасыл қапламалы қорғаныўшы тоғайзарлық жаратыўды жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2018-жылдың гүз, қыс ҳәм 2019-жылдың бәҳәр айларында 1125 мың гектар майданда қарық (борозда) тартыў жумыслары алып барылды.

Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында жәми 460 мың 872 гектар майданда фитомелиорация жумыслары алып барылды. Атап айтқанда, туқымнан 445587 гектарда, соннан, самолёт жәрдеминде 326150 гектарда, техника жәрдеминде 119437 гектарда ҳәм нәлден 15285 гектар майданда мәдений ағашлар егилди.

Усы жумысларды әмелге асырыў ушын жәми 1532 тонна шөл өсимликлериниң туқымлары таярланды. Бул жумысларға 1400 ден аслам адам қатнасты. Сондай-ақ, 500  техника, соннан 2 (АН-2) самолёт тартылды.

Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 24-декабрьдеги «Арал теңизиниң суўы қурыған майданларында жасыл қапламалы қорғаныўшы тоғайзарлықлар жаратыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша 2019-жылдың гүз, қыс ҳәм 2020-жылдың бәҳәр айларында Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында жәми 706401 гектар майданда фитомелиорация жумыслары алып барылды. Атап айтқанда, туқымнан 663100 гектарда, соннан самолёт жәрдеминде 496933 гектарда, техника жәрдеминде 116170 гектарда ҳәм 3014 гектарда шарўа малары ушын жайлаўлар және нәлден 40284 гектарда мәдений нәллер егилди.

Усы жумысларды әмелге асырыў ушын 2796833 килограмм шөл өсимликлериниң туқымлары терилди.

Жоқарыда атап өтилген жумыслар 2500 ден аслам адамның, сондай-ақ, 500 техника, соннан 4 (АН-2) самолёттың қатнасыўында әмелге асырылды.

 

Ә.Жиемуратов сәўбетлести,

Қарақалпақстан хабар агентлиги