Coca-Сola – The Coca-cola Company тәрепинен ислеп шығарылған газленген алкоголсиз ишимлик.

Coca-Сola 2005-2015-жылларда Interbrand халықаралық излениўлер агентлиги рейтингинде дүньядағы ең қымбат брендлерден бири сыпатында тән алынған.

Ишимлик рәсмий түрде Куба ҳәм Арқа Кореядан (KXDR) тысқары дүньядағы барлық мәмлекетлерде сатылады. Базы бир статистикалық мағлыўматларға қарағанда, дүньяның 94 проценти Coca-Cola бренди ҳаққында кеминде бир мәрте еситкен. Coca-Сola ишимлиги 1886-жылы 8-майда Атлантада (Жоржия, АҚШ) фармацевт, Америка Конфедерациясы армиясының офицери Жон Стит Пембертон тәрепинен ойлап табылған

1894-жылдан баслап Coca-Cola шийшелерде сатыла баслады.

1902-жылы 120 мың долларлық товар айланысы менен Coca-Cola АҚШтағы ең белгили ишимликке айланды.

Инглис фантаст жазыўшысы Х.Г. Уеллстиң «Toxno-Benge» романы Coca-Colaның жаратылыўы, реклама етилиўи ҳәм тарқатылыўына бағышланған шығарма болып есапланады.

2012-жылы март айында Coca-Cola ҳәм Pepsi карамель реңлерин ислеп шығарыўда Калифорнияның жаңа стандартларына жуўап беретуғын өзгерислерди дағазалады.

2019-жылда Coca-Cola компаниясы жаңа ләззет-ванилин менен тоқ сары реңди дағазалады.

2021-жылы 10-февральда компания 2020-жылға байланыслы материаллық есабатларды усынды:

Оның дәраматы 11 процентке азайып, 33 миллиард долларды қурайды ҳәм ҳәр бир акция ушын дәрамат 8 процентке азайып, 1,95 долларға түсти.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 2-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги