Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы  Қарақалпақстан бөлиминде “Өзбекстан диярым, жанымдай мақтанышым” ҳәм «Даӊқлы тарийхтан уллы келешекке қарай» атлы сүўретлеў көркем ɵнери, әдебият ҳәм журналистика бағдары бойынша жас қәлемкешлер арасында ɵткерилген дөретиўшилик таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Мәресимди Орайдың Қарақалпақстан бөлиминиң бас қәнигеси П.Жумамуратов кирис сөз бенен ашып, барлық жеңимпазларды қызғын қутлықлады ҳәм алдағы дөретиўшилик жумысларында табыслар тиледи.

“Өзбекстан диярым, жанымдай мақтанышым” атлы сүўретлеў көркем ɵнери таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында Нөкис қаласындағы қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң 10-класс окыўшысы Д.Кудайбергенов – “Есик алдындағы бала”, “Канал бойы” ҳәм “Тереклер” атамаларындағы сүўретлери менен биринши, Хожели районындағы 41-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Ф.Жуманиязова – “Пейжаз” көриниси менен екинши, Тақыятас районындағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Н.Жолдасбаева – “Регистан” темасындағы сүўрети менен үшинши орынға ылайық деп табылды.

Буннан кейин “Даӊқлы тарийхтан уллы келешекке қарай” дөретиўшилик таңлаўдың жеңимпазлары да анықланды. Поэзия бағдары бойынша Нөкис районындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы   Базарбай Жолдасбаев биринши, Бердақ атындағы ҚМУ 1-курс студенти Меҳрибан Қартбаева екинши, Елликқала районындағы 61-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Отабек Ражапбаев сыйлы үшинши орынды ийеледи.

Проза  бағдарында “Ең жақсы гүрриң” номинациясы бойынша, Бердақ атындағы ҚМУ 1-курс студенти Азиза Умирбаева биринши, Кегейли районындағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Бийбижамал Дилимбетова екинши, Тақыятас районындағы 16-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Дилдара Дарпьябаева үшинши орын жеңимпазлары болды.

“Ең жақсы көркем-публицистикалық шығарма” номинациясы бойынша, Бердақ атындағы ҚМУ 1-курс студенти Абдирашид Смайлов биринши, Нөкис қаласындағы 24-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы Алия Шегабаева екинши, Елликқала районындағы 61-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Гаўҳарай Умирбекова үшинши орынға мүнәсип деп табылды.

Сондай-ақ, Қоңырат районындағы 36-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10- класс оқыўшысы Гулруҳ Махсетова ҳәм Мойнақ районындағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими Руфат Ешанов таңлаўда белсене қатнасқаны ушын “Ҳүрмет жарлығы”  менен сыйлықланды.

Таңлаў жуўмағында жеңимпазларға кәсиплик аўқамы басланғыш шөлкеми тәрепинен таярланған саўғалар ҳәм дипломлар салтанатлы түрде тапсырылды.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 2-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги