2021-жыл 29-май күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисте Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Бул жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери және «UzReport» телеканалы арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.

Дәслеп сенаторлар «Транспорт ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.

Бүгин елимиз транспорт системасының ҳәр бир тармағы өз жумысына байланыслы «Автомобиль транспорты ҳаққында», «Темир жол транспорты ҳаққында»ғы нызамлар ҳәм Ҳаўа кодекси сыяқлы нызам ҳүжжетлери менен тәртипке салынып келмекте.

Нәтийжеде транспорт системасының автомобиль, темир жол, авиация, суў транспорты тармақлары өз алдына, өз бағдарынша раўажланып, олардың жумысын муўапықластырыўшы өз алдына нызам жоқ еди.

Көрип шығылып атырған нызам болса тараўдағы бундай кемшиликлерди сапластырыўда тармақтағы нызам ҳүжжетлери менен тең юридикалық күшке ийе болған, ҳәр бир ўақыттың өзинде ислейтуғын, бир-бирин толықтыратуғын нормаларды белгилейди.

Тасыў шәртнамасы ҳәм миннетлемелери бойынша жүзеге келетуғын жуўапкершикликти тәмийинлеў сыяқлы экономикалық мәселелердиң шешилиўи арқалы коммерцияллық транспорт жумысын раўажландырыў да нызамның тийкарғы мақсетлериниң бири.

Шөлкемлестириў-ҳуқықый ҳәм мүлкшилик түрине қарамастан, транспорт жумысы субъектлериниң теңлиги, мәмлекет ҳәм транспорт субъектлери мәплериниң үйлесимлилиги ҳәм жуўапкершилиги сыяқлы принциплер де нызам менен беккемлеп қойылмақта.

Улыўма нызам коммерция тийкарында әмелге асырылатуғын ҳәр қандай транспорт жумысын жүргизиўде жүзеге келетуғын қатнасықларға байланыслы қолланылады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин «Космослық мағлыўматлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызам додаланды.

Глобалласып атырған дүньяда, соның ишинде, геомәлимлеме технологияларын турмысқа енгизиў ҳәм дерлик барлық тараўларда геомәлимлемелик жумыс түрине өсип баратырған талапты тәмийинлеў ушын сиясий ҳәм ҳуқықый қатнасықларды жаңа түрде шөлкемлестириў және Космослық мағлыўматлардың миллий инфраструктурасын табыслы жаратыў ҳәм раўажландырыўды институционаллық қоллап-қуўатлаў зәрүрликке айланды.

Усы мақсетте «Геодезия ҳәм картография ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына қосымша түрде, нызамшылық процеси раўажланыўының жаңа басқышы ҳәм космослық мағлыўматларды жаратыў және олардан пайдаланыў тараўындағы жумыс көрсетиўде ҳуқықый, экономикалық, басқарыў ҳәм шөлкемлестириў тийкарларын юридикалық беккемлеў мақсетинде «Космослық мағлыўматлар ҳаққында»ғы нызам ислеп шығылды.

Бул нызамның тастыйықланыўы менен қосмослық мағлыўматларды жаратыў ҳәм олардан пайдаланыў, қосмослық мағлыўматлардың миллий инфраструктурасын жаратыў, қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў тараўында қатнасықлар тәртипке салынады.

Бул нызамда қосмослық мағлыўматлар, қосмослық мағлыўматларды қайта ислеў, космослық мағлыўматлардың метамағлыўматлары, космослық объектлер сыяқлы түсиниклердиң мазмун-мәниси сәўлелениў, олар ҳаққындағы мәлимлеме социаллық турмысымыз ушын қаншелли зәрүр ҳәм әҳмийетли екенлигин аңлатады.

Нызамның қабыл етилиўи арқалы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң, Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги, Қорғаныў министрлиги және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының қосмослық мағлыўматлар миллий инфраструктурасын жаратыў, әмел етиўи ҳәм раўажландырыў тараўындағы ўәкилликлери белгилеп қойылмақта.

Геодезия ҳәм картография тараўына жаңа мәлимлеме ҳәм инновациялық санлы технологияларды кеңнен енгизиўге итибар қаратылмақта.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилис шеңберинде сенаторлар «Баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын көрип шықты.

Бул нызам Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 18-майдағы «Өзбекстан Республикасында зергерлик тармағын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен белгиленген ўазыйпаларды өз ишине алған.

Нызам бәринен бурын елимиздиң экономикасы ушын үлкен әҳмийетке ийе болған баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар айланысы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған.

Бул болса тараўда жасырын экономиканың алдын алыўда да әҳмийетли фактор болады. Қалаберди, бул ҳүжжет зергерлик буйымларының сынақтан өтиў дәрежесин белгилеў ҳәм тамғалаў системасын, сондай-ақ, олардың сапасын қадағалаў тәртип-қағыйдаларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмин қолланған ҳалда жетилистириўге де қаратылған.

Нызамның қабыл етилиўи баҳалы металлар ҳәм таслар айланысы тараўындағы мәмлекетлик уйымлар, басқа қатнасыўшылардың ўәкилликлери ҳәм жуўапкершилик тараўының анық белгилениўи тармаққа инвестициялар, соның ишинде, сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў, бәсеки орталығын жақсылаў ушын қолайлы шараятлар жаратады.

Атап айтқанда, нызамға бола устав фондында мәмлекетлик үлеси болмаған ямаса 50 проценттен аз мәмлекетлик үлеси болған исбилерменлик субъектлерине баҳалы металлар ҳәм тасларды жумсаў, есапқа алыў ҳәм сақлаў тәртибин еркин белгилеў ҳуқықы берилмекте.

Баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслардан соғылған зергерлик ҳәм басқа да буйымлардың сынақтан өтиў дәрежесин анықлаў ҳәм тамғалаў мәселелери де нызамда толық өз көринисин тапқан.

Нызамды ислеп шығыўда Беларусь, Ҳиндстан, Канада, Қазақстан, Молдова, Россия Федерациясы, Италия ҳәм Түркия және Вена конвенциясын ратификациялаған 19 мәмлекеттиң алдынғы тәжирийбеси үйренип шығылған.

Сондай-ақ, нызам жеке меншик сектордың баҳалы металлар айланысында өз жумысын ашық-айдын алып барыўына имканият жаратады.

Сенаттың сегизинши жалпы мәжилисинде нызамды қайта көрип шығыў ҳаққындағы қарары қабыл етилген еди.

Сенат тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен көрип шығылып нызамда өз сәўлелениўин тапқанын есапқа алған ҳалда нызам жалпы мәжилиске киргизилгени атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, нызамды қабыл етиў зәрүрлиги төмендеги факторлар менен тийкарланады:

бириншиден, 2018-жылдың январь айында шөлкемлестирилген Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң жумысы Өзбекстан Республикасы Президентиниң жабық қарарлары менен тәртипке салынған болып, ашық түрдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жоқ;

екиншиден, Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети арнаўлы ўәкилликли уйым болып есапланып, қорғалыўшы пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик, қорғаў, режим, оператив-излеў, инженерлик-техникалық ҳәм басқа да илажлар комплексин әмелге асырады.

Онда Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети оператив-хызмет жумысының айрықша тәреплери физикалық-юридикалық тәреплердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерине тиккелей тәсир етеди.

Атап айтқанда, Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў процесинде қорғалыўшы пуқаралардың мәплерин гөзлеп, қорғаў илажлары өткерилип атырған орынларда еркин ҳәрекетлениўди, қорғалыўшы пуқаралардың болыў объектлери әтирапында ҳәм ҳәрекетлениў бағдарларында ҳәр қыйлы объектлердиң қурылысы ҳәм реконструкциясын, қорғалыўшы пуқараларға ҳәм олардың болыў объектлеринде хызмет көрсетиўге тиккелей тартылған шөлкемлердиң жумыс ислеўиниң әмелге асырылыўын ҳәм басқа да ҳәрекетлерин шеклейди;

үшиншиден, Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети әскерий хызметкерлери және қорғалыўшы пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге тартылған басқа да ҳуқық қорғаўшы уйым ҳәм күш ислетиўши структуралардың хызметкерлери тәрепинен хызмет ўазыйпаларын атқарыў ўақтында оқ атар қуралын қолланыўдың анық тәртиби белгиленбеген.

Усы мүнәсибет пенен нызамда төмендеги мәселелерди тәртипке салыў нәзерде тутылған. Атап айтқанда:

– қорғалыўшы пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында қолланылатуғын улыўма тән алынған түсиниклер ҳәм атамалар, олардың мазмунын түсиндириў ҳәм дурыс қолланыў мақсетинде бул жумыс түриниң принциплери;

– қорғалыўы белгиленген қорғалыўшы пуқаралардың категориясы;

– Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң статусы, тийкарғы ўазыйпалары, ҳуқық ҳәм миннетлемелери. қорғалыўшы пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында басқа да мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиў мәселелери;

– Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң жеке қурамын комплектлеў тәртиби, әскерий хызметлерлердиң абырайы, ҳуқықлары менен миннетлемелери;

– Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери тәрепинен ҳақыйқый әскерий хызмет өтеўдиң айрықша өзгешеликлери, оларға әскерий атақ бериў ҳәм кәсиплик таярлығын шөлкемлестириў;

– Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлериниң ҳуқықый ҳәм социаллық қорғалыў кепилликлери;

– Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлерин хызмет гүўалықлары, жетонлар ҳәм әскерий кийим-кеншек пенен тәмийинлеў мәселелери;

– Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери тәрепинен физикалық күш ислетиў, арнаўлы қураллар, суўық ямаса оқ атар қурал қолланылыўының толық шәртлери ҳәм тәртиби;

– Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети жумысын қадағалаў тәртиби нәзерде тутылмақта.

Нызам Өзбекстан Республикасы Президент мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге, әмелдеги нызам ҳүжжетлери ҳәм елимизде барлық тараўларда алып барылып атырған реформаларға үйлесиўине хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилистиң күн тәртиби шеңберинде «Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы додаланды.

Елимизди 2017-2021-жыллары раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында мәденият, илим, әдебият, көркем өнер тараўларын жоқарылатыў, социаллық тараўды раўажландырыўдың тийкарғы бағдары сыпатында белгиленген.

Халық, атап айтқанда, жаслардың мәдений дәрежесин арттырыў, оларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық мәдениятының ең жақсы үлгилеринен хабар етиў, сол тийкарда руўхый жетик, бәркамал шахсларды тәрбиялаў, заманагөй мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин қурыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, театр, музыка, сүўретлеў өнери ҳәм басқа да көркем өнер түрлерин раўажландырыў, жас талант ийелериниң қәбилети ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў мәселелери мәмлекетимиздиң тийкарғы ўазыйпаларына айланып бармақта.

Усы мәниде, «Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызам Стратегияда белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалар избе-из әмелге асырылып атырғанлығын және бир рет тастыйылайды.

Мәденият министрлиги, Өзбекстан Республикасы Кинематография агентлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы, Өзбекстан театр ғайраткерлери аўқамы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы және кең жәмийетшиликтиң усыныслары, мәденият ҳәм көркем өнердиң жәмийетимиздиң социаллық-руўхый турмысында тутқан орнын есапқа алып, тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде нызам менен 15-апрель Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни сыпатында белгиленбекте.

Ҳәзирги ўақытта дүньяның көплеген мәмлекетлеринде бул сәне Халықаралық мәденият күни сыпатында бегиленеди. Атап айтқанда, 2008-жылда Италия, Испания, Россия Аргентина, Мексика, Куба, Латвия ҳәм Литва сыяқлы мәмлекетлерде 15-апрель – Халықаралық мәденият күни Тынышлық байрағы астында байрамланады.

Елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў, өзбек миллий мәденияты ҳәм көркем өнери абырайын дүнья көлеминде арттырыў, жас талант ийелериниң қәбилети ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў бойынша пидайы мийнет еткен ҳәм жоқары нәтийжелерге ерискен ўатанласларымыз мине усы байрам күнинде «Маданият ва санъат фидокори» көкирек белгиси менен сыйлықланыўы нәзерде тутылған.

Халық дөретиўшилигин раўажландырыў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы шебер атқарыўшы ҳәм дөретиўшилер, профессионал кадрларды таярлаў системасын жетилистириў, миллий көркем өнеримиз үлгилериниң жәҳән сахнасында тән алыныўы ушын шараятлар жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе болған нызам бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң «Өзбекстан Республикасының сайлаў кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы додаланды.

Елимизде кейинги жыллары Өзбекстан Ресепубликасы Президенти сайлаўы және мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларына сайлаўларды ашық-айдын ҳәм еркинлик принициплери тийкарында өткериўде халық ҳәкимияты ҳәм сиясий плюрализмниң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў ҳәм сайлаў системасын басқышпа-басқыш модернизациялаў бойынша бир қатар әмелий илажлар көрилди.

Ҳәммемизге белгили Сенаттың 12-жалпы мәжилисинде «Сайлаў нызамшылығының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам мақулланған еди, бул халықаралық ҳәм миллий экспертлердиң усынысларына бола қабыл етилип, халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де унамлы баҳаланған еди.

Әмелдеги сайлаў ҳаққындағы нызамшылықтың талланыўы сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў және сайлаў комиссияларының ҳәрекетлери ҳәм қарарлары үстинен шағымлар бериў бойынша айырым машқалалардың бар екенлигин көрсетпекте.

ЕҚБШ сайлаўлар бойынша миссиясы тәрепинен болса сайлаўшылар менен ушырасыўларды өткериў ушын өз алдына руқсатнама талап етилмейтуғынын ҳәм талабанлар олардың өткериў орны ҳәм ўақты ҳаққында тийисли ҳәкимликлерди 3 күн алдын жазба түрде хабар етиўи зәрүр екенлигин белгилеў усыныс етилген.

ЕҚБШ сайлаўлар бойынша миссиясы сайлаў комиссияларының ҳәрекетлери ҳәм қарарлары үстинен берилген шағымларды тек ғана суд көрип шығыўын белгилеўди усыныс еткен.

Додаланған нызам менен сайлаў процесине бирден-бир ашық-айдын ҳәм нәтийжели қатнасларды нәзерде тутқан ҳалда, оның менен миллий экспертлердиң усыныслары тийкарында төмендеги өзгерислер киргизилмекте:

– жоқары турыўшы сайлаў комиссияларының ўәкилликлеринен төмен турыўшы сайлаў комиссияларының ҳәрекетлери ҳәм қарарлары үстинен берилген шағымларды көрип шығыўды шығарып таслаў;

– Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша округлик сайлаў комиссиясының баслығы орынбасары, баслықтың орынбасары, хаткери ҳәм он бир – он сегиз комиссия ағзасынан ибарат қурамда дүзилиўин белгилеў;

– сайлаў бюллетенинде талабанның ийелеп турған лаўазымы (жумыс түри), жумыс орны көрсетилиўи ҳаққындағы норманы шығарып таслаў;

– сайлаўда сиясий партия ямаса талабанларды қоллап-қуўатлап қол қойыўда пуқаралар паспорт пенен бир қатарда идентификация картасы арқалы да шахсын тастыйықлаўы мүмкин екенлигин белгилеў;

– сайлаўшылар менен ушырасыўлар сыяқлы ғалабалық ушырасыўлар, олардың өткерилиў орны ҳәм ўақты ҳаққында район (қала) ҳәкимликлери кеминде үш күн алдын жазба түрде хабардар етилген ҳалда өткерилиўи, онда, бул ғалабалық илажларды өткериў ушын руқсатнама талап етилмейтуғынын белгилеў.

Бул нызамды қабыл етиў миллий сайлаў нызамшылығымызды улыўма тән алынған халықаралық сайлаў стандартлары тийкарында және де жетилистириўге ҳәм бул бағдарда әмелге асырылып атырған демократиялық реформаларды халықаралық жәмийетшиликке жеткериўге хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының пуқаралығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республиксы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 29-декабрьдеги Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында 2005-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағында 15 жыл даўамында турақлы жасаў орны бойынша дизимге турып жасап киятырған пуқараларды Өзбекстан Республикасының пуқарасы деп мақуллаў ҳаққындағы усыныслары пуқарасызлықты қысқартыў бойынша әмелге асырылып атырған түп-тийкарғы реформалардың избе-из даўамы болып есапланады.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан Республикасында пуқаралық нызамшылығындағы өзгерислер оны жетилистириў ҳәм әпиўайыластырыўға, сондай-ақ, пуқаралыққа байланыслы ҳуқықлары менен  еркинликлериниң ҳуқықый механизмлерин беккемлеўге қаратылған.

Соның менен бир қатарда, миллий пуқаралық нызамшылығының раўажланыўы ҳәм турақлы түрде жетилисип барыўы зәрүр екенлиги, елимизде сиясий, экономикалық ҳәм социаллық тараўларда жүз берип атырған реформалар екенлигин атап өтиў зәрүр.

Бүгинги күнде пуқаралық тараўында алып барылып атырған реформаларға қарамастан республикамызда пуқаралығы болмаған шахсларда пуқаралық алыўда айырым қыйыншылықларға ушырасқан.

Енди усы нызам менен қыйыншылықлар сапластырылмақта.

Бул ҳүжжет 2021-жылы Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўына муўапық ислеп шығылған. Нызам менен «Өзбекстан Республикасының пуқаралығы ҳаққында»ғы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта. Нызамның тийкарғы қағыйдалары төмендегилерден ибарат:

атап айтқанда, 2005-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған ҳәм бурын сырт ел пуқаралығына ийе болмаған шахсларды, сондай-ақ, он бес жыл даўамында Өзбекстан Республикасы аймағында пуқаралығы болмаған шахс статусында жасап киятырған шахсларды Өзбекстан Республикасы пуқаралығына мойынлаў механизмлери жаратылады.

Пуқаралықты мойынлаў институты пүткиллей жаңа институт болып, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң нызамшылығында нәзерде тутылмаған, бир сөз бенен айтатуғын болсақ елимиз аймағында  он бес жыл даўамында жасап киятырған пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан Республикасы пуқаралығына мойынлаўды, нызамлы тийкарларға муўапық, тиккелей пуқаралық алыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылатуғыны ҳәм он бес жыл турақлы жасап киятырған пуқаралығы болмаған шахс тәрепинен Өзбекстан Республикасы пуқаралығын улыўмалық тәртипте қабыл етиў ушын өтиниш хаты менен мүрәжат етиў зәрүрлиги қалмайтуғынын атап өтиў зәрүрли.

Нәтийжеде, юридикалық фактти суд тәртибинде тастыйықлаў арқалы, пуқаралық мәселелери бойынша шағым етиўши пуқаралардың наразылықлары азаяды;

пуқарасызлықты қысқартыўды анық әмелге асырыў тийкарында Өзбекстан Республикасының халықаралық имиджи және де беккемленеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар күн тәртибиндеги және бир әҳмийетли «Қурал ҳаққындағы нызамшылықтың жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын додалады.

Атап өтилгениндей, нызамшылық басламасы ҳуқықының субъекти ҳәм нызам жойбарының интакерлери тәрепинен Өзбекстан Республикасында қурал ҳәм оның оқ дәрилер айланысы менен байланыслы қатнасықларды тәртипке салыўшы «Қурал ҳаққында»ғы нызамның әмелдеги орынланыўы, оның нормаларын қолланыўда пайда болған машқалалар талланбаған.

Соның ишинде, орынларда өткерилген үйрениўлерде елимизде «Қурал ҳаққында»ғы нызамның орынланыўы ҳәм оқ ататуғын қуралдың айланысы менен байланыслы бир қатар системалы машқалалар анықланды.

Атап айтқанда ҳәзирги күнге шекем қуралға ийелик етиўге тосқынлық етиўши кеселликлер дизими тастыйықланбаған.

Оқ ататуғын аң қуралына ийелик етиў ушын пуқараға медициналық шеклеўлер бар болса да, оның спиртли ишимликлерге өш болғанлығы, нәшебентликке шатылғанлығы тийисли руқсатнама алыўы ушын тосқынлық етпейди.

Сондай-ақ, қурал ийелерин медициналық шеклеўлер бойынша дәўирлик түрде тексериў, олар менен бирге жасаўшы пуқаралар арасында руўхый кеселликке шатылған, спиртли ишимликке өш болған, нәшебентликке шатылғанларына итибар қаратыў механизмлери жоқ.

Соның менен бирге, оқ ататуғын қураллар және пневматикалық ҳәм өзин-өзи қорғаў қураллары менен кириў қадаған етилген объектлер ушын улыўмалық мәжбүрий тәртип орнатылмаған.

Бул жағдайлар, өз гезегинде ҳәр қыйлы унамсыз ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Оған мысал етип, соңғы жыллары дүнья еллеринде қурал ҳәм оның оқ дәрилериниң айланысы менен  байланыслы жүз берип атырған унамсыз жағдайлар, соның ишинде, күни кеше Россия Федерациясының Қазан қаласында мектепте жүз берген аянышлы жағдайды келтириў мүмкин.

Жоқарыдағыларды инабатқа алып, сенаторлар нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти және нызам жойбарының интакерлери тәрепинен тараўда пайда болған машқалаларды комплексли таллап, соң әмелдеги «Қурал ҳаққында»ғы нызам ҳәм басқа да нызамшылық нормаларын түп-тийкарынан жетилистириў мәселесин үйренип шығыў ҳәм буннан соң ғана Жынаят кодекси, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте жуўапкершилик илажларын белгилеў мақсетке муўапық деп есаплады.

Сенаторлар тәрепинен нызамда тәртипке салынатуғын жәмийетшилик қатнасықларының зәрүрлиги ҳәм әҳмийети итибарға алынып, «Қурал ҳаққында»ғы нызамшылықтың жетилистириўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызамды бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын додалады.

Атап өтилгениндей, елимизде суд-ҳуқық тараўын түп-тийкарынан реформалаўға, нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын жүзеге шығарыўға қаратылған кең қамтылған ҳуқықый-шөлкемлестириў илажлары әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, әмелге асырылып атырған реформалардың ҳуқықый жақтан тәмийинлениўин жетилистириў бойынша бир қатар илажлар көрилмекте.

Бирақ, нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди және де тәртипке салыў шеңберлерин белгилеў, оларда физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын жуўапкершиликти, сондай-ақ, хожалық басқарыў уйымларының ўәкилликлерине киретуғын мәселелерди ҳәм корпоратив қатнасықларды тәртипке салыўды нәзерде тутатуғын ҳуқықый нормаларды анық белгилеўди талап етпекте.

Нызам 14 статьядан ибарат. Оған муўапық 7 кодекс ҳәм 5 нызамға, атап айтқанда Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық, Пуқаралық процессуаллық, Экономикалық процессуаллық, Бюджет, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы кодекслерине, сондай-ақ, «Нотариат ҳаққында»ғы «Транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының Есап палатасы ҳаққында»ғы ҳәм «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, күшли тәсир етиўши қураллар менен нызамға қайшы түрде ҳәрекет еткени ушын жынайый жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте ҳәм бул жынаятларды категориялаў ҳәм ҳуқықты қолланыўда бирден-бир әмелият қәлиплесиўи тәмийинленбекте.

Ҳайўанларға аяўсыз қатнаста болғаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленип, ҳәкимшилик жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте.

Мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын жуўапкершилик күшейтилип Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиң 42-статьясында нәзерде тутылған санкция жаңа редакцияда қабыл етилмекте ҳәм усы статья екинши бөлим менен толықтырылмақта.

Өсимликлер дүньясы объектелерин жыйнаў, таярлаў ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин бузғаны ушын, сондай-ақ, Озон қатламына зыянлы тәсир көрсетиўдиң алдын алыўға байланыслы талапларды бузғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Ишимлик суўынан пайдаланыўды қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги жанындағы Ишимлик суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы сыпатында атап өтилмекте.

Сондай-ақ, «Транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў ҳаққында»ғы нызамға «жол транспорт ҳәдийсеси ҳаққындағы хабарнама» түсиниги, жол-транспорт ҳәдийсеси ҳаққындағы хабарнама дүзиў ушын тийкарлар, транспорт қуралларының ийелери ҳәм қамсызландырыўшылардың жол-транспорт ҳәдийсеси ҳаққындағы хабарнама дүзиў ўақтындағы ҳәрекетлерине байланыслы нормалар киргизилмекте.

«Өзбекстан Республикасының Есап палатасы ҳаққында»ғы нызамының 20-статьясы жаңа редакцияда қабыл етилип, Есап палатасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам жойбары экспертизасын ҳәм орта мүддетли дәўир ушын фискаль стратегия анализин өткериў тараўындағы ўазыйпалары белгиленбекте.

Усы нызамның қабыл етилиўи халықтың саламатлығын қәстерлеп сақлаў, сондай-ақ, күшли тәсир етиўши затлардың нызамсыз айланысына шек қойыўға, бул түрдеги жынаятларды ислеген шахсларға жуўапкершиликтиң анықлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилис даўамында парламент ағзалары ХМШның Мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасына жәрдемлесиў тийкарлары ҳаққындағы 187-санлы конвенциясын көрип шықты ҳәм мақуллады.

Бул Конвенция 2006-жыл 31-май күни ХМШ Бас конференциясының 95-сессиясында қабыл етилгени атап өтилди. Конвенцияның тийкарғы мақсети – өндиристе жарақат алыў, кәсип кеселликлерине шатылыў ҳәм инсан өлиминиң алдын алыў ушын мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасын турақлы түрде жетилистирип барыў болып табылады.

Атап өтилгениндей, ХМШ Конвенциясы тийкарғы конвенциялардан бири есапланады. Конвенцияға муўапық миллий нызамшылықта жумыс бериўшилер ҳәм жумысшылардың ең абырайлы шөлкемлери менен келискен ҳалда миллий сиясат, миллий система ҳәм миллий бағдарламаны ислеп шығыў арқалы кәсип кеселлигине шатылыў, өндиристе жарақат алыў ҳәм инсан өлиминиң алдын алыў мақсетинде мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасын турақлы жетилистириўге жәрдемлесиў нәзерде тутылмақта.

Додалаў шеңберинде сенаторлар Өзбекстанда мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасы талапларына әмел етиў жағдайы, усы бағдардағы тийкарғы машқалалы мәселелер ҳаққында өз пикирлерин билдирди. Сондай-ақ, ХМШның 187-санлы Конвенциясы 49 мәмлекет, соның ишинде, бир қатар ҒМДА мәмлекетлери тәрепинен ратификацияланғанлығы атап өтилди.

Онда мәжилис шеңберинде Конвенцияның көпшилик нормалары менен қағыйдалары миллий нызамшылыққа енгизилмегени айрықша атап өтилди.

Сенаторлардың пикиринше, ХМШның 187-санлы Конвенциясы ратификацияланыўы мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасы тараўындағы халықаралық стандартларды нәтийжели енгизиўге жәрдемлесиўин, жумысшылар ушын қосымша кепилликлер жаратыўын, сондай-ақ, Өзбекстанның мийнеткешлер ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша тийкарғы халықаралық принциплер менен стандартларға садықлығын көрсетеди.

Буннан кейин сенаторлар Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияны көрип шықты ҳәм мақуллады.

Сенаторлар усы Конвенцияның ратификацияланыўы Өзбекстанда майыплардың ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў ушын қосымша кепилликлер жаратыў имканиятын беретуғынын, нызамшылықты буннан былай да жетилистириў ушын бағдарлама болып хызмет ететуғынын, майыпларды социаллық жақтан қорғаў және олар ушын тең имканиятларды тәмийинлеў көзқарасынан мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин күшейтетуғынын атап өтти.

Конвенцияның қабыл етилиўи:

бириншиден, майыпларды социаллық жақтан қорғаў миллий системасын алдынғы халықаралық стандартларға муўапықластырыў;

екиншиден, майыплардың социаллық қорғалыўын күшейтиў ушын халықаралық ҳәм сырт ел грант қаржыларын тартыў имканиятларын жаратыў;

үшиншиден, халықты социаллық қорғаў бағдарында Өзбекстанның халықаралық имиджин жақсылаў имканиятын береди.

Конвенция майыплардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў, олардың кемситилиўин сапластырыў, олардың мийнет етиў, өз денсаўлығын қәстерлеп сақлаў, билим алыў ҳәм жәмийетлик турмыста толық тәризде қатнасыў ҳуқықын тәмийинлеў, әдил судлаўға ерисиў, жеке қолқатылмаслығы, эксплуатацияланыўдан ҳәм немқурайдылықтан қорғалыўын, еркин ҳәрекетлениўин, жеке мобильлигин тәмийинлеўге қаратылған 50 статьядан ибарат.

Сенаторлар Конвенцияны ратификациялаў ҳаққында қабыл етилген нызам жәмийетте майыплыққа социаллық-ҳуқықый қатнасын беккемлеўге хызмет етиў керек екенлигин атап өтти.

Болып өткен додалаўлар даўамында сенаторлар Өзбекстан усы Конвенцияны ратификациялап, майыплар ушын тийисли инфраструктураны жетилистириў (турақ жай ҳәм социаллық имаратларды, транспортты, бир қатар хызметлерди сәйкеслендириў), сондай-ақ, халық арасында алжасық пикирлер менен стереотиплерди жоқ етиўди нәзерде тутатуғын әдеп-икрамлылық инструкцияларын қәлиплестириў бойынша халықаралық миннетлемелерди өзине алатуғынын атап өтти.

Солай етип, бул Конвенцияның қабыл етилиўи Өзбекстан басшыларының пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, сондай-ақ, тең қатнасыў ҳәм ресурслардан пайдаланыў, пуқаралардың сиясий ҳәм пуқаралық ҳуқықларын кемситиўлерсиз әмелге асырыў принциплерине әмел етиўге қатаң садықлығын ҳәм бул бағдарда турақлы ҳәрекет алып барып атырғанын көрсетеди.

Усы ҳүжжет сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилис даўамында Сурхандәрья ўәлаяты Денов районлық Кеңеси қарарының нызамлы екенлиги ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына келип түскен мүрәжатлар тийкарында халық депутатлары Денов районлық Кеңесиниң 2020-жыл 19-ноябрьдеги «Районда шәртнама миннетлемелерин орынламай атырған, жер ижара шәртнамасының бир бөлегине өзгерислер киргизилип атырған, жаңадан шөлкемлестирилип атырған ҳәм қосымша жер майданын алып атырған фермер хожалықларының жумысын көрип шығыў ҳаққында»ғы 123/25-06-санлы қарарының нызамлы екенлиги Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитети тәрепинен үйренип шығылды.

Қарар менен райондағы «DENOV AGRO-PILLA» ЖШЖның Хазарбағ, Ахунбабаев, Ғалаба, Өзбекстан аймақларындағы 114,23 гектар жер майданы район ҳәкимлигине қайтарылған.

Атап айтқанда, қарардың 2-бәнтинде райондағы 9 пахта ҳәм бийдай жетистириў фермер хожалығы менен район ҳәкимлиги арасында дүзилген узақ мүддетли жер ижара шәртнамасы бийкар етилиўи, 5-бәнтинде бир қатар фермер хожалықлары менен дүзилген жер ижарасы шәртнамаларына өзгерислер киргизилип атырған фермер хожалықлары санының тастыйықланыўы нәзерде тутылған.

Бирақ, ҳәрекеттеги нызамшылық ҳүжжетлери тийкарынан халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң фермер хожалықлары, аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм басқа да исбилерменлик субъектлери менен ҳәкимлик арасындағы шәртнамалық ҳуқықый қатнасықларға араласыў ўәкиллиги жоқ.

Буннан тысқары, Пуқаралық кодекстиң 382-статьясына муўапық егер Пуқаралық кодексте, басқа нызамларда ямаса шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, шәртнама тәреплериниң келисимине муўапық өзгериўи ҳәм бийкар етилиўи мүмкин.

Атап өтилгениндей, Жер кодексиниң 24-статьясына ҳәм «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы нызамның 13-статьясына бола жер участкаларын ижараға алыў шәртнамасын мүддетинен алдын бийкар етиў тәреплердиң келисими менен, бундай келисимге ерисилмеген жағдайда болса,  судтың шешиўши қарары менен әмелге асырылады.

Усы мәселе бойынша келтирилген мағлыўматларға тийкарланып Олий Мажлис Сенаты Сурхандәрья ўәлаяты халық депутатлары Денов районлық Кеңесиниң 2020-жыл 19-ноябрьдеги «Районда шәртнама миннетлемелерин орынламай атырған, жер ижара шәртнамасының бир бөлегине өзгерислер киргизилип атырған, жаңадан шөлкемлестирилип атырған ҳәм қосымша жер майданын алып атырған фермер хожалықларының жумысын көрип шығыў ҳаққында»ғы қарарын нызамшылыққа қайшы келетуғын деп есаплап, оны бийкар етиў ҳаққында қарар қабыл етти.

Жалпы мәжилис даўамында сенаторлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеўдеги әҳмийетли машқалалар ҳаққында парламентлик сораўын жибериў мәселесин көрип шықты.

Мәмлекетимизде енгизилген «Жаслар дәптери», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Темир дәптер» сыяқлы жаңа системадан гөзленген тийкарғы мақсет те халық, әсиресе, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўден ибарат.

«Халық бәнтлиги ҳаққында»ғы нызамның 6-статьясында халық бәнтлиги тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири етип жасларды, әсиресе, аўыллық жерлердеги жасларды, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў шөлкемлери, кәсип-өнер мектеплери, кәсип-өнер колледжлери, техникумлар, жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин жумысқа жайластырыўды тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў белгиленген.

Сенаттың Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша комитети тәрепинен билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеў бағдарында өткерилген үйрениўлер ҳәзирги ўақытта тек ғана орта емес, ал жоқары мағлыўматлы жаслар бәнтлиги тәмийинлеўде де шешилиўи зәрүр болған айырым мәселелердиң бар екенлигин көрсетти.

Республикамызда 2021-жыл 1-январь жағдайына бар 19,1 миллион мийнет ресурсының 14,8 миллионы экономикалық белсенди халық есапланады. Соннан 13,2 миллионы өз жумысына ийе, 1,6 миллион халықтың бәнтлигин тәмийинлеў талап етиледи. Олардан 805,2 мың адамнан асламы 16-30 жастағы жумыссызлар болып есапланады.

Сондай-ақ, мийнет базарына 2021-жылы жәми 560 мың питкериўши кирип келеди. Яғный, жоқары билимлендириў мәкемелерин 103,1 мыңнан аслам, улыўма билим бериў мектеплерин 440 мыңға шамалас, академииялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлерин 18 мыңнан аслам жаслар питкереди. Нәтийжеде 2021-жылы жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ушын талап 1 365,2 мыңды қурайды.

Республикада 131 ЖООда бакалавриатта 134 билимлендириў бағдары, магистратурада 147 қәнигелик жаңадан шөлкемлестирилген. Жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 2030-жылға шекем 50 процентке жеткериў белгиленген.

Мәмлекетимизде 2020/2021-оқыў жылынан жумыс баслаған колледж ҳәм техникумларға қабыл етилген дәслепки оқыўшылар 2022-жылы усы мәкемелерди питкереди

Жоқарыдағылардан көринип турыпты, билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў жыл сайын буннан да айрықша әҳмийетке ийе болып барады.

Бирақ ҳәзирги ўақытта республикада тармақлар кесиминде квалификациялық ҳәм жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талапты үйрениў системасы енгизилмеген. Жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталарын белгилеў ҳәм кадрлар таярлаўда мийнет базарының талапларына жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атырғанының ақыбетинде көпшилик питкериўшилер өз кәсиби бойынша жумыс ислемей атыр. «Жаслар дәптери»не киргизилген ул-қызлардың 27,9 мыңы жумыссыз питкериўшилерден ибарат.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен жүргизилетуғын Бирден-бир Миллий Мийнет Системасында кәрхана ҳәм шөлкемлерде кадрларға болған талапқа байланыслы жәми 116 мыңнан аслам бос жумыс орны (Ташкент қаласында 23 417, Ташкент ўәлаятында 21 449, Әндижан ўәлаятында 10 634, Ферғана ўәлаятында 9 460, Самарқанд ўәлаятында 8 644, Бухара ўәлаятында 8 524) атап өтилген. Бирақ, бул системадан жаслар жетерли дәрежеде хабардар емес. Қалаберсе, бос жумыс орынларында усыныс етилип атырған мийнет ҳақы үлкен қаржы жумсап контракт тийкарында билим алған питкериўшилерди қанаатландырмайды. Соның ишинде, ҳәзирги ўақытта жоқары мағлыўмат талап ететуғын 19 177 бос жумыс орны ушын 1 миллион сумға шекем, 26 754 бос жумыс орны ушын 2 миллион сумға шекем мийнет ҳақы усыныс етилип атыр.

2020-жылы республикада жәми бәнт болғанлардың 82 проценти ямаса 11,1 миллион халық жеке меншик секторда мийнет етип атыр. Бул болса исбилерменлик субъектлери ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери арасында мақсетли кадрлар таярлаў, кадрларға буйыртпа бериў системасында тиккелей бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў зәрүр екенлигин аңлатады.

Республикамызда мәмлекетлик грантлар тийкарында билим алып атырған питкериўшилерди жумысқа бөлистириў ЖООны питкериўден бир ай алдын комиссия тәрепинен әмелге асырылады. Бирақ төлем-контракт тийкарында билим алып атырғанларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселеси менен шуғылланыў бойынша анық мақсетли илажлар белгиленбеген.

ЖООда мәмлекетлик грант тийкарында билим алған питкериўшилер диплом алыўы ушын келешекте жумыс алып баратуғын жумыс орнынан үш тәреплеме (студент, ЖОО, жумыс қабыл етиўши) шәртнама алып келиўи талап етилип атырған болып, бул процесс көплеген жағдайларда қәлбеки мағлыўматлардың артыўына хызмет етип атыр.

Сондай-ақ, исбилерменлик жумысы ушын зәрүр нызам ҳәм ҳуқықый кепилликлердиң турмысқа толық енгизилмегени, бюрократизм, жергиликли басшылардың қарсылығы, коррупция, таныс-билислик, социаллық әдиллик принципиниң бузылыўы, дәслепки қаржының жоқ екенлиги, жеңиллетилген кредит қаржыларының өз ўақтында берилмей атырғаны, мүлк объектлерин бузыў жағдайларының бар екенлиги сыяқлы мәселелер жаслар исбилерменлигине тосқынлық етип атырғаны айтып өтилди.

Сенаторлар питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў мәселесинде алдынғы сырт мәмлекетлерде унамлы тәжирийбелерди де үйрениў зәрүр екенлигин атап өтти. Атап айтқанда, АҚШ университетлериндеги «Рекрутинг орайлары», Япониядағы «бир өмирлик бәнтлик системасы», Финляндияның ҳәр бир жоқары билимленириў мәкемеси қурамындағы арнаўлы бәнтлик  хызмети, Қазақстандағы «Диплом менен аўылға» сыяқлы бағдарламаларды да үйрениў мақсетке муўапықлығын атап өтти.

Жоқарыдағыларды инабатқа  алып, билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеў мәселесинде ҳүкиметке Парламентлик сораў жибериў бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң Коронавирус пандемиясынан кейин туризмди тиклеў ҳәм раўажландырыўға қаратылған илажлардың әмелге асырылыўы жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Болып өткен додалаўларда сенаторлар соңғы жылларда Өзбекстан Республикасында экономиканың стратегиялық тараўына айланған туризм тараўы пандемия ўақтында ең көп зыян көргенлигин атап өтти. Атап айтқанда, глобал коронавирус пандемиясынан алдын усы тараў өз раўажланыўында ең жоқары көрсеткишлерге ерискен еди. Соның ишинде, егер  2019-жылдың ақырында мәмлекетте  6,7 миллион сырт елли турист келген болса,  2020-жылы бул көрсеткиш тек  1,5 миллион туристти қурады. Буннан тысқары, көрилген зыянлардың нәтийжесинде исбилерменлердиң үлкен бөлеги өз жумысын тоқтатып турыўға мәжбүр болды.

Туризм тараўының жедел тиклениўин, сырт ел туристлери жергиликли туристлер менен алмастырылыўын тәмийинлеў мақсетинде мәмлекет Президентиниң еки пәрманы ҳәм бир қарары, сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң үш қарары қабыл етилди. Бул нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер шеңберинде мәмлекет тәрепинен тараўды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар тийкарғы илажлар көрилди. Атап айтқанда, туризм тараўында өз жумысын әмелге асыратуғын исбилерменлик субъектлери ушын улыўма  50 ден аслам түрли жеңиллик ҳәм преференциялар белгиленди.

Сондай-ақ, мәмлекеттиң бир қатар аэропотларында «ашық аспан»  режимин орнатыў, пуқаралары Өзбекстанға визасыз келиўи мүмкин болған мәмлекетлердиң дизимин кеңейтиў бойынша илажлар көрилди, туристлер ушын «Uzbekistan/ Safe travel GUARАNTEED» хызмети, биринши мәрте «Fast Track» санитария-эпидемиологиялық қәўипсизлик  системасы енгизилди. Өзбекстан қалалары арасында жаңа авиарейслер ҳәм темир жол қатнаўы жөнелислерин ашыў бойынша илажлар  көрилди, айырым миллий байрамларды белгилеў ўақтында кеминде үш күннен ибарат дем алыс күнлери белгиленеди.

Соның менен бирге, сенаторлардың атап өтиўинше, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыў жағдайын таллаў, Сенатқа юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден түскен мүрәжатларды үйрениў, экспертлер ҳәм исбилерменлик субъектлериниң пикирлерин үйрениў мәмлекетте туризм тараўын тиклеў бойынша илажлардың нәтийжелилигин төменлететуғын бир қатар машқалалар менен кемшиликлердиң бар екенлигин көрсетти.

Соның ишинде, мәмлекет басшысы тәрепинен қабыл етилген ҳуқықый ҳүжжетлердиң қағыйдалары ақырына шекем орынланбаған, туристлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын енгизиў процесси керекли дәрежеде әмелге асырылмаған, авиа ҳәм темир жол арқалы тасыў баҳалары жоқары.

Додалаў ўақтында базарда бәсеки күшейип атырған шараятта туризм тараўын тиклеў мәселелери туристлик хызметлерди кеңейтиўди талап ететуғыны да  атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта халықаралық базарларда усыныс етилип атырған  туризм түрлери төмен диверсификацияланған. Туризмниң бир қатар бағдарлары, мәселен, Luxury туризм, онлайн-туризм, аң туризми бағдарының потенциалы толық иске қосылмаған ҳәм улыўма раўажландырылмаған, медицина туризмин үгит-нәсиятлаў тараўында әҳмийетли жылжыў жоқ. «All inclusive» сыяқлы ғалабалық туристлик хызметлери түрлеринен пайдаланылмайды.

Буннан тысқары,  туризм тараўында кадрлар менен ислесиў сапасын арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. 2019/2020-оқыў жылында  тараўда жоқары  маман кадрлардың кескин жетиспеўшилиги бақланғанына қарамастан, туризм бағдарындағы жоқары оқыў орынларын тамамлаған бакалавриат питкериўшилериниң 37 проценти жумыс пенен тәмийинленбеген.

Сондай-ақ, бизнес ушырасыўлар, реклама ҳәм пресс-турлар сыяқлы белгили форма ҳәм усыллардан пайдаланыўда жүзеге келген шеклеўлер себепли туризмди маркетинг арқалы үгит-нәсиятлаў стратегиясын түп-тийкарынан  қайта көрип шығыў талап етиледи.

Жоқарыдағылардан келип шығып, Министрлер Кабинетине парламентлик сораўды жибериў ҳаққында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Жалпы мәжилис даўамында Министрлер Кабинетине мәмлекетимиздеги автомобиль  жоллары ҳәм жасалма объектлердиң жағдайы және транспорт қуралларының қәўипсиз ҳәрекетлениўин тәмийинлеўге байланыслы нызамшылық  ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша парламентлик сораў жибериў мәселеси көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының усы жыл 12 –март күни өткерилген он үшинши жалпы мәжилисинде сенаторлар тәрепинен көплеген аймақларда автомобиль жолларының бүгинги ҳалаты төмен екенлиги, жолдың асфальт қапламасы жаўыннан соң қанаатланарсыз жағдайға келип қалғанлығы атап өтилген еди.

Усы мүнәсибет пенен Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен мәмлекетимиздеги автомобиль жоллары ҳәм жасалма объектлердиң жағдайы ҳәм транспорт қуралларының қәўипсиз ҳәрекетлениўин тәмийинлеўге байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң   орынланыўы үйренип шығылды.

Мәмлекетимиздиң раўажланыўының жаңа басқышында жол-транспорт инфраструктурасын жақсылаў, жол ҳәрекетиниң қолайлылығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, тараўды түп-тийкарынпн реформалаў бағдарындағы кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтиў зәрүр.

Бирақ, өткерген таллаўлар бул тараўда бир қатар системалы машқала және кемшиликлер бар екенлигин көрсетпекте. Соның ишинде:

бириншиден,  2021-жыл 1-январь жағдайына   республикадағы улыўма  184,8 мың км автомобиль жоллары (соның ишинде, 42,9 мың км улыўма пайдаланыўдағы, 132 мың км ишки хожалықлараралық, 24,8 мың км уйымлық автомобиль жоллары ҳәм 9,9 мың км қала көшелери)ның 77,9 мың км бөлеги ямаса 42,2 проценти оңлаўды талап ететуғын жағдайда.

Айырым автомобиль жолларын қайта қурыў ҳәм оңлаў жумыслары жылдан-жылға өтип, созылып кетпекте ҳәм ақырына шекем жеткерилмеген.

Ақыбетте көпшилик жағдайларда жол қапламасының жоқары қатламы төселмей және тийисли жоллар пайдаланыўға тапсырылмай атыр. Бул болса  усы жолларда сақлаў жумысларын алып барыўға имканият бермей атыр.

Соның ишинде, белгиленген нормаларға  қайшы келетуғын түрде жол қапламасына майда даналы  тығыз асфальт-бетон қапламасын жаймай, ири гранулалы түйиршик асфальт-бетонлы төменги қатлам менен қалдырылмақта.

Бундай жолларда транспорт қуралларының турақлы ҳәрекетлениўи ақыбетинде жол қапламалары оғада тез бузылмақта. Сондай-ақ, жаўын-шашын ҳәм ҳаўа-райы менен байланыслы басқа да факторлар да сапасыз жоллардың қысқа мүддетлерде жарамсыз жағдайға  келиўине себеп болмақта.

Буннан тысқары, ажыратылған қаржылардың мақсетсиз жумсылыўын келтирип атырған бундай себеплер пуқаралардың автомобиль жолларының бүгинги жағдайынан наразылығын да күшейтпекте.

Ең ашынарлысы, автомобиль жолларының оңлаў жумыслары алып барылып атырған  ямаса ақырына шекем жеткерилместен қалып кеткен және оңланыўы зәрүр  болған орынларда пуқаралардың жарақаты ҳәм өлими менен байланыслы жол-транспорт ҳәдийселери жүз бермекте.

Атап айтқанда,  2019-2020-жыллар даўамында жүз берген  556 әне усындай жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде  240 адам қайтыс болған, 481 адам жарақат алған.

Екиншиден, Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2019-жыл 9-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы жол хожалығы системасын терең реформалаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы  менен улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларын, регионаллық автомобиль жолларын, көпирлерди, жол  өткеллерин ҳәм басқа да жасалма объектлерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў, сондай-ақ, оларды жойбарластырыў бойынша жумыслар тек ғана  Автомобиль жоллары комитети қарамағындағы кәрханалар тәрепинен орынланыўы менен байланыслы тәртип бийкар етилген.

Бирақ, бүгинги күнде де бул жумыслардың көпшилиги Автомобиль жоллары комитети қарамағындағы кәрханалар тәрепинен орынланбақта.

Автомобиль жолының қурылысы тараўына байланыслы барлық функциялардың бир шөлкемде жәмлениўи болса автомобиль жолларының сапасына унамсыз тәсир көрсетпекте.

Мысал ушын, Әмирсай таў курортына алып баратуғын автомобиль жолын қурыў бойынша ислеп шығылған жойбарлаў-смета ҳүжжетлери Транспорт министрлиги жанындағы Жол-қурылыс жумысларының сапасын қадағалаў инспекциясы тәрепинен үйренип шығылып, кемшиликлер бар екенлиги себепли  нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына толық ийкемлестирип, қайтадан экспертизадан өткериў зәрүр екенлиги ҳаққында жуўмақ берилген.

Кейин ала және еки мәрте Жол-қурылыс жумысларының сапасын қадағалаў инспекциясы тәрепинен Ташкент ўәлаяты  автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасына Әмирсай таў курортына алып баратуғын автомобиль жолын қурыў бойынша  ислеп шығылған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин қайта экспертизадан өткермей, қурылыс жумысларын алып барыў мүмкин  емес екенлиги  ҳаққында хатлар жиберилген болыўына қарамастан, «Ташкент ўәлаяты регионаллық жолларға буйыртпашы хызмети» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен жол қурылысы даўам еттирилип, ақырына шекем  жеткерилген.

Ақыбетинде быйылғы жылдың март айында әне усы жолда көшки жүз берип, автомобиль жолына үлкен зыян жеткерилген.

Үшиншиден, Автомобиль жоллары комитети қурамындағы кәрхана ҳәм шөлкемлер балансындағы 161 асфальт-бетон ислеп шығарыў цехының  107 си  өткен әсирдиң  90-жылларына шекем иске қосылған ҳәм бүгинги күнде олардың 55 и насаз, 9 ы болса  улыўма жарамсыз. Бар асфальт-бетон ислеп шығарыў цехларының бүгинги күндеги қуўатлылығы тек-ғана 66 процентти қурамақта.

Буннан тысқары, атап өтилген цехлардың тек ғана 25 и сынақ лаборатоиялары бар, тек-ғана биреўи Мәмлекет басшысы тәрепинен қабыл етилген қарар талаплары тийкарында  аккредитацияланған.

Асфальт-бетон өнимлериниң ҳәм соңғы нәтийжеде жол-қурылыс жумысларының сапасызлығы усы факторларға да тиккелей байланыслы.

Төртиншиден, республиканың автомобиль жолларында өткерилген хатлаў нәтийжелерине бола, бүгинги күнде  15 мыңға шамалас  көпир бар болып, соннан  40 процент көпир ҳәм жол өткеллериниң эксплуатациялық жағдайы жарамсыз, қанаатланарсыз ҳәм оңланыў жағдайына  келип қалған.

Буннан тысқары, автомобиль жолларында жайласқан ҳәм ийеси анықланбаған көпирлерди сақлаўшыларға тапсырыў  жумыслары әмелге асырылыўы үйренилгенинде 3477 көпир өз ийелерине берилмегени анықланды.

Өз ҳалына таслап қойылған ҳәм жарамсыз жағдайға келген көпирлер болса пуқаралардың қәўипсиз ҳәрекетлениўине унамсыз тәсир көрсетпекте, олардың хақылы наразылықларына себеп болмақта.

Сенаторлар тәрепинен усы мәселениң бүгинги күндеги әҳмийетлилиги итибарға алынып, Сенат қарарының жойбары бир аўыздан мақулланды.

Буннан соң Мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўи жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери  ҳаққындағы мәселе додаланды.

Атап өтилиўинше, комитет ағзалары тәрепинен Мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўи жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жиберилген парламентлик сораў бойынша усыныс етилген жуўапты аймақлар кесиминде  (Әндижан, Самарқанд, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятларында) үйренип шығылған.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти. Соның ишинде, Министрлер Кабинети тәрепинен Сенат қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша 15 бәнттен ибарат илажлар режеси тастыйықланып,  орынлаўға қаратылған.

Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен парламентлик сораўда көтерилген айырым мәселелер бойынша қосымша илажлар көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Соның ишинде, парламентлик сораўда көрсетилген Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы дәри-дәрмақ ҳәм медициналық буйымлардың  дизимнен өткерилгенлиги ҳаққында гүўалық бериў және арнаўлы  қолланылатуғын биологиялық актив затларды шеттен келтириў ҳәм ислеп шығарыўға руқсатнама бериў хызмети енгизилмеген.

Сондай-ақ, Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжеттиң дубликатын  бериў бойынша хызмет енгизилмеген.

Уйымлараралық электрон  мағлыўматлар алмасыўы (интеграция) жолға қойылмағанлығы ақыбетинде мийрасқорлық ҳәм қәўендерлик уйымлар тәрепинен жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың нызамлы мәплерин тәмийинлеўде судланғанлық және атында турақ жайы бар ямаса жоқлығы ҳаққындағы мағлыўматлар пуқаралардан еле талап етилип келинбекте.

Физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде қолланылатуғын электрон мағлыўматлардың базаларын қәлиплестириў, мәмлекетлик уйымлар тәрепинен мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм олардағы мағлыўматлардың топламларын санластырыў мәселелери ашық қалған.

Додалаўда сенаторлар тәрепинен:

– электрон идентификация системасы және  электрон санлы қолтаңба менен ислесиў системасын жетилистирип, әмелиятқа толық енгизиўди жолға қойыў;

– мәмлекетлик хызметлер  порталының  мобиль қосымшасын раўажландырып, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге қолайлы ҳәм тез мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўин тәмийинлеў;

– уйымлараралық интеграция дәрежесин арттырыў, архив ҳүжжетлерин толық санластырып, мәлимлеме технологиялары системасын және де раўажландырыў және жергиликли Кеңеслерде  мәлимлемелерди бериўди жолға қойыў сыяқлы усыныслар билдирилди.

Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаторлар  2020-жыл Медициналық-мийнет эксперт комиссиялары тәрепинен пуқараларды медициналық тексериўден өткериў ҳәм майыплықты анықлаў мәселелери бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелерин додалады.

Бул парламентлик сораўдың нәтийжелери  2020-жыл  21-октябрьде Сенаттың жалпы мәжилисинде додаланып, Ҳүкимет тәрепинен айырым мәселелерге анық жуўап берилмегенлиги атап өтилген еди.

Атап айтқанда, медициналық-мийнет экспертиза хызметиниң жумысын комплексли тәртипке салатуғын бирден-бир нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жоқ екенлиги, пуқаралардың медициналық-мийнет эксперт комиссияларында медициналық тексериўден  өтиў тәртибиниң қыйын екенлиги, майыплық белгилери анық көринип турған, анатомиялық белгилери болған наўқасларды қосымша медициналық тексериўден өткермей майыплық белгилеў системасы жолға қойылмағанлығы сын көзқараста талланған және Сенат қарары менен қосымша мүддет ҳәм тапсырмалар берилген еди.

Додалаўда Ҳүкимет тәрепинен усы мәселе толық үйренип шығылғанлығы, «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының орынланыўын тәмийинлеў, кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў, социаллық қорғаў ҳәм медициналық-социаллық жәрдемниң заманагөй механизмлерин әмелге асырыўда  жаңа қатнасықларды енгизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2021-жыл  25-марттағы «Кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларды социаллық қоллап-қуўатлаў, «Сақаўат» ҳәм «Мүрийбет» интернат үйлери системасын және де раўажландырыў ҳаққында»ғы ПП-6195-санлы пәрманы қабыл етилгенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, медициналық-социаллық реабилитация хызметиниң сапасын арттырыў, система хызметкерлериниң тәжирийбе ҳәм кәсиплик щеберлигин арттырыўды нәзерде тутатуғын мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын медициналық-социаллық хызметлерди жетилистириў бойынша «Жол картасы» тастыйықланған.

Сенаторлар тәрепинен «Жол картасы»нда майыплықты белгилеўде шахсты «медициналық-мийнет» эксперизадан өткериў системасынан ўаз кешип, «медициналық-социаллық» экспертизадан өткериў системасына өтиў, он сегиз жасқа шекемги балаларды майыплығы болған шахс деп табыў бойынша педиатрия медициналық-социаллық эксперт комиссияларын шөлкемлестириў, майыплықты белгилеўди бирден-бир медициналық-социаллық эксперт комиссиялары системасы тәрепинен әмелге асырыў сыяқлы ўазыйпалар өз әҳмийетине ийе екенлиги атап өтилди.

Мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын медициналық-социаллық хызметлерди жақсылаў бойынша «Жол картасы»ның орынланыўы турақлы қадағалаўда болыўы бойынша Сенат қарары қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте көрилген гезектеги мәселе – Илимий жумысты раўажландырыў  ушын  көрилип атырған илажлардың жағдайы бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери.

Мәжилисте Олий Мажлис Сенатының  2020-жыл 11-сентябрьдеги қарары менен Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери  2020-жыл 5-февральдағы Сенат жалпы мәжилисинде додаланып, сораўда көтерилген мәселелерге жетерлише жуўап берилмегенлиги атап өтилген.

Атап айтқанда, илимге бағдарланатуғын улыўма қаржылардың жалпы ишки өнимге салыстырғанда  2021-жылға үлеси  көрсетилмегенлиги, докторантлар менен ислесиў, олар тәрепинен алып барылып атырған жумысларды мониторинг етиў өз ҳалына таслап қойылғанлығы, еркин изертлеўшилер ҳәм профессор-оқытыўшыларды мақалаларының абырайына қарап материаллық хошаметлеў бағдарында таллаўлар, режелер ҳәм анық усыныслар берилмегенлиги, жоқары билимлендириў мәкемелериниң мәлимлеме-ресурс орайы системасын реформалаў, олардың илимий ҳәм әдебий китап фондын жаңалаў бойынша анық илажлар белгиленбегенлиги сын көз қарастан талланған және Сенат қарары менен қосымша мүддет ҳәм тапсырмалар берилген.

Додалаўда парламентлик сораў Министрлер Кабинети Президиуминиң мәжилисинде додаланып, илим ҳәм илимий жумыс тараўын раўажландырыў бойынша  2021-жылы белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша илажлар режеси  тастыйықланғанлығы және парламентлик  сораўда қойылған мәселелерге жүзеки қараған жуўапкерлердиң жуўапкершилигин арттырыў илажлары көрилгенлиги айрықша атап өтилди.

Парламентлик сораўда көтерилген машқалаларды сапластырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылған. Атап айтқанда, миллий илим ҳәм инновация  системасының социаллық-экономикалық раўажланыўдағы орнын  арттырыў, аймақларда инновациялық жумысты раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман ҳәм қарары қабыл етилген.

Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң илим тараўына Жәҳән банкиниң 50 миллион АҚШ доллары эквивалентиндеги жеңилликли қарыз қаржыларын тартыўға қаратылған 2021-жыл 3-апрельде «Халықаралық раўажланыў ассоциациясының қатнасыўында «Өзбекстан миллий инновациялық системасын модернизациялаў» жойбарын әмелге асырыў  илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген.

Еркин изертлеўши ҳәм профессор-оқытыўшылардың мақалаларының абырайына қарап материаллық хошаметлеў системасы жақсыланған.

Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен докторантлар менен ислесиў, олар тәрепинен алып барылып атырған  жумысларды қадағалаў (мониторинг) илажлары  жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегенлиги, соның ишинде, соңғы төрт жыл ишинде илимий дәрежели  кадрлар таярлаў институтлары бар  125 жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий шөлкемлерде улыўма  1795 изертлеўши  докторантура басқышын тамамлаған болса да, олардың тек ғана  1080 и (60,2 процент) илимий дәрежесин  алыў ушын диссертациясын белгиленген тәртипте қорғанғанлығы (соннан  313 и ямаса  29,0 проценти өз мүддетине қорғаған) сынға алынды.

Мәжилисте парламентлик сораўда белгиленген мәселелер бойынша Ҳүкимет тәрепинен қабыл етилген  илажлар режесиниң орынланыўы Сенат қадағалаўында қалдырылыўы ҳаққында Сенат қарары қабыл етилди.

Қалаберди, жалпы мәжилисте  Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў мәселеси көрип шығылды. Соның ишинде, Сенат қарары менен Жоқарғы суд судьялары  Раҳматилла Салайдинович Орзиқулов және Шуҳрат Эсанбаевич Ражабов басқа  жумысқа өткени мүнәсибети менен Жоқарғы суд судьясы лаўазымынан босатылды.

Сондай-ақ, Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарарлары тастыйықланды.

Жалпы мәжилисте  23 мәселе, соның ишинде, 11 нызам додаланды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының  он бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети