Күнлер ысып жаз мәўсиминиӊ кирип келиўи менен көпшиликтиӊ, әсиресе, соныӊ ишинде балаларымыздыӊ жап-салма ҳәм бассейнлерге түсип шомылыўға деген талабы артып барады. 2019-жылдыӊ май айында қурылысы тамамланып, балаларымыздыӊ ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылған Қараөзек районлық Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебине қараслы жүзиў спорт сарайы бүгинги күни район балаларыныӊ еӊ сүйикли орынларыныӊ бирине айланған.
Бақберген Тилеўниязов, Айнура Жарекеева ҳәм Дәўлетмурат Мәтмуратов сыяқлы өз кәсибиниӊ маманлары жумыс жүргизип атырған бул тәлим дәргайында, 100 ден аслам оқыўшы жаслар жүзиў спортыныӊ әлўан түрли сырларын үйренип келмекте. Жоқарыда аты көрсетилген тренерлердиӊ жасларға жалықпастан берген тәлим-тәрбиясыныӊ нәтийжесинде, олар арасынан соӊғы ўақытлары Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан чемпионлары өсип жетилиспекте.
-Атап айтқанда, усы жылдыӊ 5-7-февраль күнлери Нөкис қаласында 2007-2008-жыллары туўылған ер ҳәм қыз балалар арасында өткерилген Қарақалпақстан Республикасы чемпионатында Сәрбиназ Якупова еркин, Зүльфия Сабатдинова комплекс усылда 1-орын, Жансая Муратбаева еркин, Зүльфия Сабатдинова комплекс ҳәм брасс, Малика Таӊжарбаевалар шалқасына жүзиў усылында 3-орынды ийелеўге миясар болды,-дейди тренер Айнура Жарекеева.-Соныӊ менен бирге 7-класс оқыўшысы Улмамбет Азатбаев жүзиў бойынша өткерилген Өзбекстан чемпионатында 2-орынды ийелеўи мектебимиз ушын үлкен мақтаныш болды. Шәкиртлеримиздиӊ бундай жетискенликлерин көрген районымыз жасларыныӊ суў спортына деген қызығыўшылығы артып, олардыӊ саны күннен-күнге көбейип бармақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги