Сабыр Камалов атындағы аўыл пуқаралар жыйыны район орайынан еӊ узақта жайласқан аймақлардыӊ бири болып, ондағы 875 хожалықта 5600 ден аслам халық жасайды. Бизлер жақында усы жыйында болып, «Темир…», «Ҳаял-қызлар…» ҳәм «Жаслар …» дәптерлерине киргизилген пуқаралардыӊ бүгинги турмысы менен таныстық.

Жыйын бойынша  «Ҳаял-қызлар дәптери»не 41 пуқара киргизилип, соннан 9 пуқарамызға коммерциялық банклер тәрепинен 14 процентлик жеӊиллетилген кредитлер, биреўине заманагөй тигиў машинасы, бесеўине 20 таўықтан бир айлық жеми менен алып берилди,-дейди бизге жыйын баслығыныӊ шаӊарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-руўхыйлық мәселелери бойынша орынбасары Шайдагүл Аллахова.-Сондай-ақ, 10 ҳаял-қызға «Сақаўат ҳәм көмек» қоры тәрепинен 1млн сумнан жәрдем пуллары пластик карталарына өткерилип берилди.

-Мен Шымбай районынан усы аўылға келин болып түсип отырман,-дейди Үримхан Қайыпова.-Шаӊарағымызда бир перзентимиз бар, күйеўим болса жумыссыз. Бул бойынша жыйын басшыларына мүрәжат еткен едим. Олар маған Жаслар агентлигиниӊ Жаслар фонды есабынан 3 млн 870 мыӊ сум қаржы ажыратып, бир тигиў машинасын сатып әперди. Ҳәзир усы машина менен жыйын орайында ашылған тигиў цехында аўыл халқына хызмет көрсетип киятырман…

Сондай-ақ, бүгинги күни аймақта 324 пуқара «Жаслар дәптери»не киргизилген болса, 75 жасқа «Ҳәр бир жасқа 1 гектар жер» жойбары тийкарында егислик жерлер ажыратылып берилген. Бирақ, аймақта суўдыӊ азлығы себепли, олардыӊ бир қаншалары дийқаншылықларын еле толық жуўмақламаған.

-Мен Айдос Өтеев 2012-жылы Нөкис Олимпиада резервлери колледжин  тамамлап, жақынға шекем  жумыссыз едим. Быйыл аўылымыздан бизлерге 1 гектардан жер ажыратылып берилип, соған ерте писер қаўын туқымын септик. Ҳәзир усы қаўынларымыз тақыя пәлек болды. Несип етсе, бизлер бул палыз өними менен халқымыздыӊ базарын толтырып, өзимизге мол дәрамат табамыз деп режелестирип отырмыз. Биз жасларға көрсетип атырған ғамқорлығы ушын Президентимиз ҳәм район басшыларына өзлеримиздиӊ тереӊ миннетдаршылығымызды билдиремиз,-дейди ол өзлерине қаратылып атырған ғамқорлықтан кеўли толып.

-Сондай-ақ, жыйын бойынша 4 пуқара «Темир дәптер»ге киргизилип, солардан Қуўат Турдыбаев, Улбосын Ҳәкимниязовалардыӊ үйлери район ҳәкимлиги ҳәм аймақ исбилерменлери менен биргеликте оӊлап бериўди режелестирип қойыппыз,-дейди жыйын баслығы Муратбай Абдижамилов.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги