Өзбекстан Республикасы Президенти Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы мәртебели Мырза,

Мен Сизге өзимниң жеке сәлемимди ҳәм Европа Аўқамы менен Өзбекстан Республикасы арасындағы әжайып бирге ислесиў ушын миннетдаршылығымды жеткермекшимен.

Мәмлекетиңиз  ҳәм регионыңыз COVID-19 кризиси ҳәм оның ақыбетлери мүнәсибети менен қандай қыйыншылықларға ушырасқанына қарамастан, Өзбекстандағы реформалар процеси улыўмалық қәдириятлар тийкарында байланысларымызды және де раўажландырыў ушын имканиятлар жаратыўда даўам етип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтемен. Турақлылық ҳәм абаданлықтың тийкарғы элементлери сыпатында нызам үстинлигин беккемлеў, инсан ҳуқықлары ҳәм тийкарғы еркинликлерин ҳүрмет етиў бойынша итибарыңызды қанаатланыўшылық пенен қабыл етемиз.

Европа Аўқамы Өзбекстан Республикасы менен тығыз қарым-қатнасты даўам еттириўге қатаң қарар еткенин және бир мәрте тастыйықлаўға руқсат еткейсиз. Биз келешекте қатнасықларымызды раўажландырыў ушын беккем тийкар жарататуғын жаңадан кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисим бойынша сөйлесиў процесслерин жуўмақлаўдан мәпдармыз.

Биз де 2021-2027-жылларға мөлшерленген Европа Аўқамының жаңа финанслық механизминиң гезектеги бағдарлама цикли шеңберинде өз бирге ислесиўимизди даўам еттириўге таяр екенимиз тәбийғый. Бизлердиң биргеликтеги ҳәрекетлеримиз елиңиз қоршаған орталықты тиклеў ҳәм жасыл экономикаға өтиўди қоллап-қуўатлаўы мүмкин. Климат өзгериўи, соның ишинде, Арал теңизи регионының машқалаларын шешиў бойынша сизиң басламаларыңызды айрықша қызығыўшылық пенен атап өттим.

Сондай-ақ, регионаллық мәселелерге тоқтап өтсек, кризис дәўиринде регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша Сизиң басламаларыңыз ҳәм басшылығыңыз ушын миннетдаршылығымды билдирмекшимен. Европа Аўқамы Өзбекстанның пүткил Орайлық Азияда, соның ишинде, Аўғанстанда бирге ислесиў, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты раўажландырыўға қаратылған ҳәрекетлерин жыллы күтип алады. Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша стратегиясы регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратады.

Мен Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили, елши Питер Буряннан ҳүкиметиңиз бенен жақында болып өтетуғын Өзбекстанға сапары ўақтында регионаллық ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўимизди раўажландырыў ушын әҳмийетли тараўларды додалаўын сорадым.

Мен келешектеги байланысларымызды  интизарлық пенен күтемен, бул сөзсиз, бирге ислесиўимизди және де беккемлеў бойынша усынысларды додалаў ушын имканият жаратды.

Ҳүрмет пенен,

Шарль Мишель,

Европа Кеңесиниң Президенти

ӨзА