Пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында  27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланған салтанатлы жыйналыс болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўын Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Д.Қурбаниязов оқып еситтирди.

Буннан кейин Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы К.Реймов, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, Қарақалпақстан халық шайыры Г.Аннақлычева, Өзбекистан «Нураный» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри П.Айтмуратов ҳәм тағы басқа да шөлкемлер басшылары шығып сөйлеп, жыйналғанларды кәсиплик байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёевтың басшылығында турмысымыздың барлық тараўларында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ғалаба хабар қураллары хызметкерлеринен және де белсендиликти, инталықты, елимизде болып атырған жаңаланыў процесслерин терең талқылаў тийкарында сәўлелендириўди талап етпекте. Халық пенен ашықтан-ашық пикирлесиў, адамларды ойландырып атырған мәселелерге өз ўақтында шешим табыў, жәмийетлик турмыстың барлық салаларында әмелге асырылып атырған реформаларды мазмун ҳәм сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, ўатанласларымыздың тыныш және абадан, татыў турмыс дәрежесин жаңа мазмун менен байытыў, жаслардың руўхый сана-сезимин арттырыў бағдарында алып барылып атырған ийгиликли ислер баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери алдына жаңа ўазыйпаларды қоймақта.

Президентимиздиң басламасы менен ислеп шығылған 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы мәмлекет ҳәм жәмийеттиң ҳәр тәреплеме, жедел раўажланыўы ушын кең шараятлар жаратыў, елимизди модернизациялаўдың жаңа перспективаларын белгилеп берди.

Усы ўазыйпалар тийкарында жәмийетте ғалаба хабар қуралларының ролин күшейтиў, журналистлердиң жумысын қорғаў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыўшы уйымлардың жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары  менен еркинликлери, сондай-ақ, нызамлы мәплерине байланыслы хабарларды таярлаў және усыныўдың жаңа формалары енгизилмекте. Тараўға заманагөй технологияларды енгизиў, тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, олардың кәсиплик потециалын арттырыў, халқымызды оператив ҳәм реал мәлимлемелер менен тәмийинлеў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Илажда бир топар баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине Ҳүрмет жарлықлары ҳәм сыйлы саўғалар тапсырылды.

Салтанатлы мәжилис республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Н.РЕЙПНАЗАРОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.