Быйылғы жылғы республикамызда суўдың тамтарыслығын жумсартыў, бар суўдан үнемли пайдаланыў бағдарында жумыслар әмелге асырылмақта.

-Деген менен орынларда суўдан рухсатсыз өзбасымшалық пенен пайдаланыў жағдайлары еле де болса ушырасып келмекте,-дейди Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Беруний районлық бөлиминиң баслығы У.Қаландаров. – Атап айтқанда, Беруний аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Қазақбай Кучкаров 0,3 гектар үй қапталы қыйтақ жерлерин рухсатсыз бастырып суўғарыўға жол қойған. Нәтийжеде суўдан пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 74-статьясы 2 бөлими менен базалық есаплаў муғдарының 1 есеси муғдарында, яғный 245 мың сум жәрийма жазасы тайынланды. Буннан тысқары, өзбасымшалық пенен пайдаланған суўына 88200 сум жәрийма санкциясы қолланылды.

Усы аймақта жасаўшы пуқара Базарбай Матсаитов 0,5 гектар үй қапталы қыйтақ жерлерин бастырып суўғарып, суўдан рухсатсыз пайдаланған. Бул пуқарада суўдан пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодлекстиң тийисли статьясы менен базалық есаплаў муғдарының 1 есеси муғдарында яғный 245 мың сум жәрийма жазасы тайынланды. Оған пайдаланған суўына 147000 сум жәрийма санкциясы қолланылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги