Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасында АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң Пуқаралар қәўипсизлиги, демократия ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша орынбасары Узра Зея басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.  

Делегация ағзаларына Өзбекстанда инсан ҳуқықлаыр менен еркинликлерин, атап айтқанда, гендер теңликти, пуқаралардың пикир ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеў, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, қыйнаўлардың алдын алыў ҳәм миграция мәселелеринде әмелге асырылған жумыслар ҳәм реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Бас прокурор Ниғматилла Йўлдошев мәмлекетимизде пуқаралардың ҳуқықларын кепилликли тәмийинлеў, инсанның қәдир-қымбатын және де көтериўге итибар қаратылып атырғанын атап өтти. Атап айтқанда, ҳаял-қызлар, балалар, мийнет мигрантларына тийиси нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер толық инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылмақта. Демократиялық реформалар избе-из әмелге асырылмақта ҳәм халықаралық бирге ислесиўге айрықша жуўапкершилик пенен қатнас жасамақта.

АҚШ мәмлекетлик хаткериниң орынбасары басшылығындағы делегация ағзаларына мәмлекетте нызам үстинлигин тәмийинлеў, қыйнаў ҳәм басқа қысымлар өткерилиўиниң алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар, инсан ҳуқықларының нәтийжели жүзеге шығарылыўына хызмет ететуғыны ҳаққында айтып берилди.

Ушырасыўда Бас прокуратура менен АҚШ мәмлекетлик департаменти арасында демократиялық мәмлекеттиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, оны халықаралық үлгилерге бейимлестириў ҳәм инсан ҳуқықлары тараўында бирге ислесиўди системалы тийкарда және де жеделлестириў мәселелери де көрип шығылды.

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА хабаршысы