Бүгин, 2024-жыл 21-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өтип атырған мәжилисте сенаторлар, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барып атырған жалпы мәжилис күн тәртибине онға шамалас нызам ҳәм басқа да мәселелер киргизилген.

Жалпы мәжилисте нызамлардан тысқары Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры лаўазымына талабанды көрип шығыў ҳәм Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң баслығын сайлаў, Судьялар жоқары кеңесиниң қурамына өзгерислер киргизиў мәселелери де көрип шығылады.

Сенаторлар Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў илажларының орынланыўы, Самарқанд ўәлаяты мәҳәллелеринде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша жумыслар жағдайы ҳаққындағы мәселелерди додалайды.

Жалпы мәжилисте көрип шығылатуғын барлық мәселелер ҳаққында сайтымызда сәўлелендирип барамыз. Бизди бақлап барың!

Н.Абдураимова, Носир Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА