Усы жыл 30-апрельде мәмлекетимиз басшысының “2024-жылда ипотека кредитлерин ажыратыў механизмлерин раўажландырыў ҳәм халықтың турақ жай шараятларын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, усы жыл 15-майдан ипотека кредитине субсидия алыў ушын арзаларды қабыл етиў басланды.

Әдиллик министрлиги системасын мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы қабыл етиў даўам етпекте.

Әдиллик министрлиги мәлимлеме хызметиниң билдириўинше, өткен бир ҳәпте даўамында пуқаралардан субсидия алыў ушын 162 мың 117 арза қабыл етилген.

Еслетип өтемиз, арза бериў еки усылда әмелге асырылады: Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы онлайн, мәмлекетлик хызметлер орайларына барып арза бериледи.

Таллаўлар халықтан онлайн арзалар көбирек түсип атырғанын көрсетти, яғный дерлик 70 процент мүрәжат интернет арқалы жолланған.

Ең көп арзалар саны Самарқанд, Әндижан, Ферғана, Наманган ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы үлесине тең келген.

Келип түсип атырған арзалар район (қала) ҳәкиминиң биринши орынбасары басқарыўындағы комиссиялар тәрепинен көрип шығылады. Көрип шығыў нәтийжеси бойынша субсидия ажыратыў яки оннан бас тартыў ҳаққында пуқаралардың телефон номерлерине смс-хабар жибериледи.

Еслетип өтемиз, арзаларды қабыл етиў 2024-жыл 1-ноябрьге шекем даўам етеди.

Н.Абдураимова, ӨзА