Эгей университети Түркиядағы ең абырайлы жоқары оқыў орынларының бири болып, ол 1955-жылы ашылған. Бүгинги күни университет қурамында 15 факультет, 6 колледж, 10 кәсип-техникалық училище, 9 институт ҳәм 36 илимий изертлеў орайлары бар.

Усы Эгей университети Түркий халықлар дүньясы илимий –изертлеў институты профессоры Пинар Фидакар, доцент Сечкин Сарпкая, ассистент-оқытыўшы Амине Сарпкаялар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде хызмет сапары менен болды.

Олар хызмет сапары даўамында университет ректоры, академик А.Реймов пенен ушырасып, сәўбетлесиўлер алып барды.

Сәўбетлесиў барысында ректор А.Реймов Эгей университети менен  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети арасында ҳәзирги ўақытта бирге ислесиўлер жақсы жолға қойылғанлығы, бул бағдардағы жумысларды еле де даўам еттириў, сондай-ақ, еки университет арасында профессор-оқытыўшылардың тәжирийбе алмасыўлары биргеликтеги илимий жойбарларды әмелге асырыў, конференциялар, семинарлар ҳәм лекциялар шөлкемлестириў, қоспа тәлим жойбарлары бойынша биргеликте изертлеў жумысларын алып барыўды раўажландырыў, билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм оны оқыў процесине енгизиў кереклигин айтып өтти.

Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, Эгей университетиндеги Түркий халықлар дүньясы илимий –изертлеў институты илимий-изертлеў орайы болғанлығы себепли, ол жерде магистрантлар менен докторантлар билим алады. Институтта түркий халықлар филологиясы, тили, фольклоры, әдебияттаныўы, сиясий билимлери, тарийхы, этнографиясы бойынша илимий – изертлеў жумыслары алып барылады.

Ең әҳмийетлиси, бул институтда қарақалпақ әдебияты менен фолклоры да белгили илимпазлар тәрепинен изертленип атыр.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги