Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы тәрепинен пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине тийисли ҳәм басқа әҳмийетли мәселелер бойынша аймақлар кесиминде жәмийетлик қадағалаўды жүргизиў мақсетинде орынларда тийисли тәртипте үйрениў жумыслары әмелге асырылмақта.

Беруний районында депутатлардан дүзилген жумысшы топар ўәкиллери, атап айтқанда, Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының ағзалары Р.Юлдашева, Л.Хожаниязова ҳәм басқалар денсаўлықты сақлаў тараўында жеке меншик секторды және де раўажландырыў жумысларының орынланыўы бойынша үйрениў жумысларын алып барды.

Олар салық жеңилликлери нәтийжесинде босайтуғын қаржылардың есабынан жеке меншик медицина мәкемелериниң социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларына бийпул медициналық хызметлер көрсетиў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын үйрениў ҳәм қадағалаўға алыў, денсаўлықты сақлаў тараўын раўажландырыўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмин қолланыў нәтийжелери ҳәм мүмкиншиликлери, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылған жумысларды талқылаў бойынша райондағы “DOCTOR HOUSE” ҳәм “SAYAMED KO’ZKLINIKASI” жеке меншик медицина мәкемелеринде болды.

Депутатлардың дәслепки мәнзили район орайында жайласқан исбилермен Ринат Тажибаев басшылық етип атырған “DOCTOR HOUSE” жеке меншик емлеўханасы болды. Бул клиника УЗИ, доплер, ЭКГ, уролог, гинеколог, кардиолог, массаж, лабаратория, лор, эндокринология, невропотолог ҳәм педиатр қәнигеликлери бойынша жумыс алып бармақта. Усы жылдың басынан “DOCTOR HOUSE” жеке меншик емлеўханасында 19 социаллық қорғаўға мүтәж наўқасқа бийпул медициналық хызмет көрсетилген. Соның менен бирге, 30 процентлик шегирмелер менен емлеў жумыслары стационар шараятта әмелге асырылған.

Исбилермен Ринат Тажибаев пенен ушырасыў ўақтында ол Түркия мәмлекети менен өз-ара шәртнама дүзип, жумысын еле де кеңейтиў мақсетинде клиникада туўыў бөлимин шөлкемлестириў ушын қосымша имарат қурыўды қәлейтуғынлығын мәлим етти. Клиникада айырым түрдеги кеселликлер, яғный, ҳаял-қызлар кеселлигин емлеў ушын маммологлар жетиспейтуғынлығы, бул тараў шыпакерлерин Хорезм ўәлаятынан шақырыўды усыныс ететуғынлығын мәлим етти. Жумысшы топар тәрепинен бул мүрәжат қадағалаўға алынды.

Гезектеги мәнзил райондағы Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы “SAYAMED KO’ZKLINIKASI” жеке меншик клиникасы болды. Жумысшы топар тәрепинен бул клиниканың жумысы, пуқаралар ушын жаратылған шараятлар көзден өткерилди. Исбилермен Илёс Салиев тәрепинен клиникада пуқараларға қолайлы шараятлар жаратылғанлығы, адамлар көбинесе усы клиникаға мүрәжат ететуғынлығы, машқалаларын өзлери шешип атырғанлығы, бир жыл даўамында 29 социаллық қорғаўға мүтәж наўқасларға бийпул медициналық хызмет көрсетилгенлиги атап өтилди. Бул жеке меншик клиникада да маман шыпакерлерге мүтәжлик бар екенлиги айтылды.

Ҳәр еки жеке меншик емлеўханаларда жеткиликли дәрежедеги жоқары инталы шыпакерлерге мүтәжлик күшли. Депутатлар талқылыўлар, үйрениўлер процесинде исбилерменлердиң пикир-усынысларын тыңлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги