Кеше Германияның 3 қаласында футбол бойынша Европа чемпионатында «B» ҳәм «C» топарларында 2-тур ойынлары болып өтти.
Мюнхенде болып өткен Словения ҳәм Сербия сайланды командалары арасындағы ойында словениялылар 69-минутта Жан Карничник тәрепинен урылған гол есабынан есапта алдыға шыққан болса, төреши тәрепинен екинши таймға қосып берилген минутларда Лука Йович өз командасын жеңилистен қутқарып қалды. Есап 1:1.
Усы топардан орын алған Англия ҳәм Дания сайланды командалары арасындағы ойын да 1:1 есабы менен жуўмақланды.
Ал, чемпионат жеңимпазлығына тийкарғы даўагерлерден есапланған Испания ҳәм Италия сайланды командалары арасындағы ушырасыўдың 55-минутында италиялы Риккардо Калафьори өз дәрўазасына гол урып қойды. Бул гол ойын ақырына шекем сақланып қалды ҳәм Испания сайланды командасы да Германия сыяқлы 6 упай топлап, мүддетинен бурын турнирдиң келеси басқышына жол алды.
Бүгин чемпионатта «Е» ҳәм «Д» топарларында 3 ойын болып өтеди.
Атап айтқанда, Дюссельдорф қаласында Словакия-Украина, Берлин қаласында Польша-Австрия ҳәм Лейпциг қаласында Нидерландия ҳәм Франция сайланды командалары өз- ара ойынға түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы